Сайлаўшылардың қоллап-қуўатлайтуғынына исенемиз

Сайлаў – 2024
27-октябрь күни болып өтетуғын Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли кеңеслердиң депутатлары сайлаўына таярлық көриў жумыслары жедел баслап жиберилди. Сиясий партиялардың ўәкиликли ўәкиллери Орайлық сайлаў комиссиясынан сайлаўшылардың қолтаңбасын топлаў ушын белгиленген үлгидеги қолтаңба бетлерин қабыл етип алғанынан кейин пүткил мәмлекетимиз бойынша қолтаңба жыйнаў жумысларына старт берилди.
Партиялардың бул сайлаўдағы қатнасыўы ҳәм қолтаңба жыйнаўы ҳаққында олардың ўәкилликли ўәкиллери өз пикири ҳәм мүнәсибетин билдирди.
Бахтиёр Якубов, ӨзЛиДеП Сиясий Кеңеси Атқарыў комитети баслығының орынбасары, партияның ўәкилликли ўәкили:
– Усы жылғы сайлаўда қатнасыў ушын қолтаңба жыйнаў жумысларына айырықша итибар қаратамыз. Cайлаўшылардың қолтаңбасын жыйнаў ӨзЛиДеПтиң 15 мыңға шамалас басланғыш шөлкемлери, жумыс, хызмет, оқыў ҳәм жасаў орынларында, сайлаўалды илажларда, сондай-ақ, үгит-нәсиятлаў ҳәм қолтаңба жыйнаў нызам менен қадаған етилмеген басқа орынларда әмелге асырылады.
Усы жерде, быйылғы сайлаўда партиямыз өзиниң пүткиллей жаңа стратегиясы менен қатнасып атырғанын айрықша атап өтпекшимен. Атап айтқанда, үйме-үй жүрип, 3 миллионнан аслам шаңараққа кирип барыўды, ҳәр бир сайлаўшыға партия идеяларын жеткериўди, олардың усыныс-пикирлерин алыўды мақсет етип қойған.
Абдукамол Раҳмонов, Өзбекстан «Адолат» СДП Сиясий Кеңеси баслығының орынбасары, партияның ўәкилликли ўәкили:
– Усы жылы болып өтетуғын сайлаў мүнәсибети менен Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен партиялардың сайлаўда қатнасыўын қоллап-қуўатлайтуғын сайлаўшылардың қолтаңбасын жыйнаў ушын белгиленген үлгидеги қолтаңба бетлери тапсырылды.
Усы сайлаўда «Адолат» социал-демократиялық партиясы да өз талабанлары менен мүнәсип қатнасыўды мақсет еткен. Сол себепли, партия сайлаўды шөлкемлестириў басқышының әҳмийетли қурам бөлеги болған қолтаңба жыйнаў процесин барлық аймақлық Кеңеслер, басланғыш партия шөлкемлери жәрдеминде мәмлекетимиздиң барлық халық тығыз жайласқан орынларда баслап жиберди. Әлбетте, социаллық әдиллик, нызам үстинлиги, аўызбиршиликке қаратылған идеяларымыз пуқараларды бийпәрўа қалдырмайды ҳәм бул бағдарда партиямызды қоллап-қуўатлайтуғынына исенемиз.
Фирдавс Шарипов, Халық демократиялық партиясы Орайлық кеңеси баслығының орынбасары, партияның ўәкилликли ўәкили:
– Қолтаңба жыйнаў – сайлаўда қатнасыўдың ең әҳмийетли талапларынан бири, сайлаў кампаниясының қызғын процеси. Бул процессте Халық демократиялық партиясы мүнәсип қатнасады. Буның ушын партия Пленумында аймақлық партия шөлкемлеримиз ҳәм депутатларымыз, белсендилеримиз бенен келисип, илажларымызды белгилеп алғанбыз.
Халық тығыз жайласқан орынларда, базар аймақларында, басланғыш партия шөлкемлеримизде қолтаңба жыйнаўдың әҳмийети түсиндирилип, қолтаңба бетлери толтырылмақта. Партия Орайлық кеңеси ҳәм аймақлық кеңеслеримизде дүзилген сайлаў штаблары бул процессти өз ўақтында, сапалы әмелге асырыў жумысларын бақлап барады. Қолтаңба бетлерин толтырыўда қадаған етилген жағдайларға жол қойылмайды. Бул бағдарда Халық демократиялық партиясы үлкен тәжирийбеге ийе, көплеген сайлаўларда қатнасқан. Партиямызды қоллап-қуўатлаўшылардың жетерли қолтаңбасын жыйнаўда машқала болмайды.
Баҳодир Маматхонов, «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Орайлық кеңеси баслығының орынбасары, партияның ўәкилликли ўәкили:
– Партиямыз тәрепинен быйылғы сайлаўда мүнәсип қатнасыў ушын әҳмийетли илажлар белгилеп алынған. 800 мыңға шамалас ағзаларға ийе, халық арасында белгили болған партиямыз ушын белгиленген муғдардағы қолтаңбаларды жыйнаўда машқала болмайды.
Дәслепки мәрте мәмлекетимизде аралас сайлаў системасы әмелияты енгизилмекте. Бул сайлаўдың жоқары бәсеки орталығында өтиўине хызмет етеди, сиясий партиялар арасындағы бәсеки және де күшейеди. Алдымызда турған сайлаўда партиямыз ең жоқары нәтийжелерди қолға киргизеди деп ойлайман.
Ойбек Раҳимов, Өзбекстан Экологиялық партиясы Орайлық кеңеси баслығының орынбасары, партияның ўәкиликли ўәкили:
– Өзбекстан Экологиялық партиясы Орайлық сайлаў комиссиясынан белгиленген үлгидеги қолтаңба бетлерин алганынан кейин барлық дәрежедаги партия шөлкемлеримизге жеткерилди. Партия шөлкемлеримиз қолтаңба жыйнаў жумысларын қызғын баслап жиберди.
Айтыўымыз мүмкин, Өзбекстан Экологиялық партиясы жерлеслеримиз, халық ўәкиллери тәрепинен кеңнен қоллап-қуўатланбақта, идея ҳәм мақсетлеримиз тән алынбақта. Партиямыз сайлаўшылардың қолтаңбаларын өз ўақтында жыйнап, Орайлық сайлаў комиссиясына усыныў имканиятына ийе.
ӨзА хабаршысы Муҳтарама КОМИЛОВА
жазып алды.