Жумысларды жетилистириў ўазыйпалары белгилеп алынды

144

Пайтахтымыздағы Жаслар орайының мәжилислер залында Мәҳәлле жетилиги”ниң жоқары турыўшы уйымлары жуўапкерлери, район (қала)лық бөлими баслықларының қатнасыўында Президентимиз тәрепинен Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы ҳәм “мәҳәлле жетилиги”не жүкленген ўазыйпалардың орынланыўын додалаў ҳәм алдағы тийкарғы ўазыйпаларды белгилеп алыўға бағышланған мәжилис болып өтти.

Онда Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы С.Турманов, Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясының бөлим баслығы Б.Кушбаковлар шығып сөйлеп, өткен дәўирде басқарма тәрепинен “мәҳәлле жетилик”лериниң жумысын нәтийжели шөлкемлестириў бойынша алып барылған әмелий жумысларға тоқтап өтти. Пикир-усыныслар билдирилип, алдағы ўазыйпалар белгиленди.

Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының орынбасары А.Примбетов “Мәҳәлле жетилиги” тәрепинен өткен 6 ай даўамында әмелге асырылған жумыслар ҳаққында кең түрде мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, мәҳәллелердиң материаллық-техникалық базасын беккемлеўде өткен 6 айда 4 жаңа мәҳәлле имараты пайдаланыўға тапсырылып, 100 ден аслам мәҳәлле заманагөй компьютер қурылмалары менен тәмийинленди. Жыл жуўмағына шекем және 29 мәҳәллениң жаңа имаратын пайдаланыўға тапсырыў илажлары көрилмекте. Сондай-ақ, 452 мәҳәлле шеңберинде мәҳәллелердиң бирден-бир платформасы – “Санлы мәҳәлле” системасы енгизилип, платформаға барлық мағлыўматлар киргизилди.

Мәҳәллелерди абаданластырыў бағдарында Өзбекстан Республикасы Президентиниң
2023-жылдың 13-июлиндеги ПҚ-228-санлы қарарына тийкарланып ажыратылған 226 млрд. сум есабынан барлық мәҳәллелерде 2372 жойбар және “Абат шаңарақ, абат көше ҳәм абадан мәҳәлле” критериясы тийкарында кең көлемли қурылыс-абаданластырыў жумыслары әмелге асырылды.

Президент пәрманы ҳәм қарарының және бир әҳмийетли тәрепи “Мәҳәлле жетилик”леринде “Мәҳәлле бюджети”ниң енгизилгени. Бүгинги күнде салық хызметкерлери тәрепинен мәҳәлле бюджетине жәми 13 млрд. 194 млн. сумнан аслам қаржы бағдарланды. Алдағы ўақытлары бул қаржылар да мәҳәллелердеги машқалаларды сапластырыў, әҳмийетлиси, кең тәмийинленген шаңарақларды социаллық қоллап-қуўатлаўға жумсалады.

Сондай-ақ, Президентимиздиң усы жыл 25-июнь күнги ПҚ-234-санлы қарары тийкарында Қарақалпақстан Республикасындағы ҳәр бир район (қала)да 1 мәҳәлледен жәми 17 мəҳәлледе “Мəҳәлле сервис компаниясы”ның жумысы шөлкемлестирилди.

“Қағазсыз жумыс алып барыў”ды шөлкемлестириў мақсетинде басқарма, 17 район (қала)лық бөлимлер ҳәм 452  мәҳәлледе ҳүжжетлер электрон формаға өткерилди.

Басқарма баслығы тәрепинен жыйналғанларға усы сыяқлы ең тийкарғы мағлыўмат берилиўи менен бирге, “Мәҳәлле жетилиги”ниң жумыс нәтийжелилигин буннан былай да дурыс жолға қойыўда анықланған кемшиликлер сынға алынды.

Атап өтилгениндей,  бүгинги күндеги ең әҳмийетли мәселелердиң бири “мәҳәлле жетилиги”не жуўапкер болған жоқары турыўшы уйым басшылары менен “мәҳәлле жетилиги” ағзаларының арасында тығыз бирге ислесиўди жолға қойыўдан ибарат болмақта.

Өйткени, өткен дәўирге итибар беретуғын болсақ, бул бағдарда бираз кемшиликлердиң бар екени бақланған.

Нәтийжеде мəҳәлле “жетилиги” ағзалары шын мәнисиндеги еркин жумыс алып барыўшы мәкемеге айланбай атыр. Айырым мәҳәллелерде жетилик ағзаларының жумыс барысы бурынғысынша, яғный олар бир “команда” сыпатында мәҳәлле баслығының дөгерегине жыйналмай атыр.

Басқарма баслығы анық фактлер тийкарында мысаллар келтирип, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети, Ишки ислер министрлиги, Салық басқармасы, сондай-ақ, Мәҳәле кесиминде ислесиў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў агентлиги, Социаллық қорғаў агентлиги ҳәм Жаслар ислери агентлигиниң  Қарақалпақстан Республикасы басқармасы жуўапкерлерин бул бағдарда тығыз бирге ислесиўге шақырды.

Буннан соң “Мәҳәлле жетилиги”ниң атап өтилген жоқары турыўшы уйым жуўапкерлери де шығып сөйлеп, келтирилген мысаллар бойынша өз пикир-усынысларын билдирди.

– Мойнақ районында 12 пуқаралар жыйыны жумыс алып бармақта. Өткен ярым жыл даўамында Мәҳәллелер ассоциациясы Мойнақ районлық бөлими тәрепинен 12 мәҳәллениң халқы менен мәмлекет арасындағы «көпир» ўазыйпасын әмелге асырыўшы еркин ҳәм халықшыл структураға айланыўына жәрдемлесиў, мәҳәлле жетилигиниң жумысларын нәтийжели шөлкемлестириўде сезилерли дәрежедеги жумыслар әмелге асырылды. Бөлимимизге өткен 6 ай даўамында жәми 88 арза келип түсти. Соннан, 31, 8 проценти унамлы шешилди, 57,9 процент арза бойынша түсиник жумыслары алып барылды. Ҳәзирги ўақытта 11 арза көрип шығыў процесинде. Бүгинги күнде Мойнақ районындағы 12 пуқаралар жыйынының тоғызы өз хызмет имаратына ийе. Мойнақ районында мәҳәлле баслықлары тәрепинен ҳәр бир мәҳәлледеги ҳәким жәрдемшиси, ҳаял-қызлар белсендиси, жаслар жетекшиси, профилатика инспекторы менен тығыз бирге ислесиў жумыслары жолға қойылған. Мәжилисте көрилген мәселелер усы байланысты еле де беккемлеў, жумыслардың сапасын ҳәм нәтийжелилигин арттырыў бағдарында болып, бир қатар ўазыйпалар белгиленди,-дейди Өзбекстан Мәҳәллелер ассоциациясы Мойнақ районлық бөлиминиң баслығы С.Расбергенов.

Мәжилисте билдирилген пикир-усыныслар ҳәр тәреплеме додаланып, “мәҳәлле жетилиги” басқарыўын буннан былай да нәтийжели жолға қойыўға келисип алынды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.