Президент қарары ҳәрекетте

247

Президентимиздиң 465-санлы қарары тийкарында А-380 “Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў” автомобиль жолының Қараөзек районы аймағынан өтиўши 753-километринде заманөгой автоматластырылған салмақ ҳәм габарит өлшеў пунктин қурыў белгиленген еди.

Бүгинги күнде қурылыс кәрханасы тәрепинен тәрези үскенеси орнатылған  жерде  электрон платформаны байланыстырыў ҳәм қуяш панельлерин орнатыў жумыслары әмелге асырылмақта.

Бул қурылысқа улыўма 13,8 млрд. сум қаржы ажыратылған болып, объект усы жылдың үшинши шерегинде пайдаланыўға тапсырылыўы режелестирилген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги