Медицина институтын питкериўшилер ушын жаӊа бағдарда 1 жыллық резидентура енгизиледи
280

Мәмлекетимизде басланғыш системадағы медицина хызметкерлери мийнетиниӊ нәтийжелилигин хошаметлеў арқалы шаӊарақлық шыпакер статусын көтериў режелестирилмекте.
Атап айтқанда, “Халық саламатлығы —2030” миллий стратегиясы жойбарыныӊ 2024-2026-жылларға мөлшерленген әмелий илажлар режесине бола, медицина институты питкериўшилери ушын шаӊарақлық шыпакерлик бағдары бойынща 1 жыллық резидентура енгизиў нәзерде тутылмақта.
Буннан тысқары, резидентураны тамамлағанлығы ҳаққында сертификат яки лицензияға ийе шаӊарақлық шыпакерлердиӊ айлық мийнет ҳақысын 2 есеге арттырыў мөлшерленбекте.
Бул жумысларды республика ҳәм жергиликли бюджет қаржылары есабынан әмелге асырыў режелестирилген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги