Таңлаў жеңимпазлары мүнәсип түрде хошаметленди

124

Дүньядағы ҳәр бир мәмлекеттиң миллий суверенитети ҳәм ғәрезсизлиги бул мәмлекеттиң халықаралық майданда дүнья жәмийетшилигинен мүнәсип орын ийелеўинде айрықша орын тутады.
Әйне ғәрезсизлик, барлық сиясий-ҳуқықый кепилликлерди өзинде жәмлеген ҳалда, «Өзбекстан – 2030» стратегиясын әмелге асырыў, жәмийетимизде тынышлық, дослық ҳәм аўызбиршилик орталығын беккемлеў, инсан қәдири, ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў, регионымызда жақсы қоңсышылық байланысларын буннан былай да раўажландырыў, дүнья мәмлекетлери менен жедел бирге ислесиў, Ўатанымыздың халықаралық көлемдеги абырайын арттырыўда айрықша тирек болып хызмет етпекте.


Нөкис қаласындағы Өзбекстан көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң көргизбелер сарайында ең уллы әййям – Ғәрезсизлик байрамы алдында дәстүрий түрде өткерилип киятырған «Ең уллы, ең әзиз» таңлаўының жеңимпазларын салтанатлы сыйлықлаў мәресими болып өтти.
Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 34 жыллығына бағышлап «Ўатан ушын, миллет ушын, халық ушын!» сүрени астында өткерилген «Ең уллы, ең әзиз» таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышында 30 дан аслам дөретиўшилер өзлериниң 200 ге шамалас дөретиўшилик жумыслары менен белсене қатнасты.


Таңлаў Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси, Өзбекстан Журналистлер аўқамының Қарақалпақстан бөлими, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы ҳәм бир қатар шөлкемлер менен биргеликте шөлкемлестирилип, онда бир топар белсенди журналист ҳәм дөретиўшилердиң мийнети айрықша тән алынды ҳәм таңлаў комиссиясының жуўмағына бола, 7 бағдар бойынша жеңимпазлар анықланды.
– Бул таңлаўға республикамыздың социаллық-экономикалық тараўында әмелге асырылып атырған реформалар, халқымыз турмысында жүз берип атырған жаңаланыў ҳәм өзгерислер бойынша таярлаған материалларымды усынған едим, – дейди жеңимпазлардан бири Қарақалпақстан телеканалы журналисти Арзыхан Ибрайымова.- Онда дөретиўшилик жумысларымның айрықша тән алынғанынан қуўанышлыман. Бул итибар, әлбетте, бизлерди жаңа дөретиўшилик ислерге қарай бағдарлайды. Пурсаттан пайдаланып, барлық халқымызды Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 34 жыллық байрамы менен қызғын қутлықлайман.


Илажда барлық жеңимпазлар мүнәсип түрде хошаметленип, олар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.
Салтанатлы мәресимде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Ш.Өтемисов, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы баслығы К.Каримов, Өзбекстан Журналистлер аўқамы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Д.Абибуллаев, Қарақалпақстан хабар агентлиги директоры Б.Нурабуллаевлар шығып сөйлеп, илаж қатнасыўшыларын байрам менен қутлықлады ҳәм таңлаў жеңимпазларына арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғаларды тапсырды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги
М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери.