Нызам ҳүжжетлериниң орынланыўы тәмийинленбекте

184

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигинде 2025-жылдың биринши ярым жыллығында әмелге асырылған жумысларға бағышланған баспасөз әнжуманы болып өтти.

Әнжуманға министрликтиң жуўапкер басшылары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илажды Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министриниң биринши орынбасары А.Пренов кирис сөз бенен ашты ҳәм министрлик тәрепинен өткен 6 ай даўамында исленген жумыслар бойынша кең түрде баянат жасады.

Баянатта атап өтилгениндей, министрликке ҳәм оның районлық бөлимлерине физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден 3125 мүрәжат келип түсип, соннан 1700 мүрәжат қанаатландырылған. Судларға 4 млрд 17 млн сумнан аслам 579 даўа арзалар киргизилип, пуқаралардың ҳуқықлары суд тәрепинен тиклениўине ерисилген.

Өзбекстан Республикасы Президенти ҳүжжетлери орынланыўын қадағалаў тараўында уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен 24153 жағдайда нызам бузылыўына жол қойылғаны анықланып, оларды сапластырыў бойынша 561 усыныс ҳәм 106 ескертиўлер киргизилген. 354 мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлерде үйрениўлер өткерилип, лаўазымлы ҳәм жуўапкер хызметкерлерден 346 шахс ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылған. Усыныснамаларға тийкарланып пуқаралардың 17 млрд 451 млн сумлық қаржылары қайтарылып, төлеп берилген.

Сондай-ақ, усы өткен дәўир ишинде юридикалық хызмет көрсетиў орайларына ҳуқықый экспертизадан өткериў ушын 507 141 ҳүжжет жойбарлары келип түсип, соннан 502 050 ҳүжжетке нызамшылық ҳүжжетлерине муўапықлығы бойынша унамлы жуўмақлар берилген болса, 571 ҳүжжетке  нызамшылық ҳүжжетлерине муўапық болмағаны ушын унамсыз жуўмақлар берилген ҳәм 2590 ҳүжжетте қәте-кемшиликлер болғанлығы себепли, нызамшылықта белгиленген тәртипте қайтарылған.

Республикамыздағы мәмлекетлик хызметлер орайлары ҳәм  олардың алыс аймақларда жайласқан 8 филиалы тәрепинен халқымызға 548 мыңнан аслам мәмлекетлик хызметлер көрсетилген болса, соның 41 мыңнан асламы көшпели тәртипте район (қала) орайларынан алыс аймақларға барған ҳалда көрсетилген. Соның ишинде, 5275 исбилерменлик субъектлери мәмлекетлик дизимнен өткерилген.

Пуқаралық ҳалатларын актлестирип жазыў уйымларының жумысларын муўапықластырыў тараўында 30 мың 176 акт жазыўлары рәсмийлестирилген. Архивлерде қағаз көринисинде сақланып атырған 3 млн 700 мыңнан артық акт жазыўлары «ПҲАЖдың бирден-бир электрон архиви» мәлимлеме системасына киргизилип, сапластырылыўы тәмийинленген.

Өткерилген баспасөз әнжуманында журналистлер тәрепинен бүгинги күни кең жәмийетшиликти қызықтырып жүрген мәселелер бойынша сораўлар берилип, оларға тийисли жуўап алды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.