Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Пүткил мусылман халқы ушын муқаддес әййям – мүбәрек Рамазан ҳайытының халқымыз турмысындағы бийбаҳа орнын, жәмийетимизде өз-ара ҳүрмет, мийрим-шәпәәт, сақаўат ҳәм шүкиршилик сыяқлы уллы қәдириятларды қәлиплестириўдеги үлкен әҳмийетин инабатқа алып ҳәм миллий-диний дәстүрлеримизди қәстерлеп сақлаў ҳәм улығлаў мақсетинде:
- Өзбекстан мусылманлары мәкемесиниң 2019-жылда Рамазан ҳайытының биринши күни 5-июнь – сәршемби күнине туўра келетуғыны ҳаққында қабыл еткен қарарын инабатқа алып, елимизде 2019-жыл 5-июнь Рамазан ҳайыты байрамы сыпатында кеңнен белгиленсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 2-ноябрьдеги «2019-жылда рәсмий сәнелерди белгилеў дәўиринде қосымша исленбейтуғын күнлерди белгилеў ҳәм дем алыс күнлерин көшириў ҳаққында»ғы ПП-5574-санлы Пәрманына муўапық 1-июнь-шемби күни 6-июнь – пийшемби күнине көширилгени мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Өзбекстан ветеранларының социаллық жумысын қоллап-қуўатлаў «Нураний» қоры, Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысын муўапықластырыў бойынша Республикалық кеңеси ҳәм басқа да жәмийетлик шөлкемлер менен биргеликте Рамазан ҳайытының орынларда тәртипли және халқымыздың миллий ҳәм диний дәстүрлерине мүнәсип түрде, жоқары дәрежеде өтиўи ушын тийисли илажларды әмелге асырсын.
- Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына Рамазан ҳайытын белгилеўге байланыслы илажларды кеңнен сәўлелендириў усыныс етилсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2019-жыл 30-май