Нилуфархан Өзбекстан чемпионы

7

Ташкент қаласында бокс бойынша жас өспирим ҳәм жаслар  арасында Өзбекстан чемпионаты болып өтти.

Онда республикамыздың жас боксшилери де табыслы қатнасып, бир неше медальларды қолға киргизиўге миясар болды.

Атап айтқанда, жас өспиримлер арасында Нилуфархан Фаррухова өз салмақ категориясында барлық қарсыласларын жеңип шығып, Өзбекстан чемпионы атағын қолға киргизген болса, жаслар арасында Ажар Нуратдинова  ҳәм Улбосын Джолдасбаевалар сыйлы орынды ийелеўге еристи.

Ал, Гүлназ Батырбаева, Гүлчеҳра Қолдасбаева, Айдана Қалбаева ҳәм Ақмарал Султанғалиеваларға қола медалы несип етти.

Жеңимпаз қызларымызды бул жарысқа Қарабек Генжемуратов, Мақсет Жумабаев, Мир Бекбаўлиев ҳәм Азамат Маткаримовлар таярлады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы