«Аўыл хожалығы, ветеренария ҳәм шарўашылық тараўлары кадрларының маманлығын арттырыў ҳәм қайта таярлаў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилди.
Қарарға бола, төмендегилер шөлкемлестириледи:
Аўыл хожалығы тараўы кадрларының маманлығын арттырыў ҳәм қайта таярлаў институты;
Ветеринария ҳәм шарўашылық тараўында педагог ҳәм қәниге кадрларды қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў институты;
Оларда қайта таярлаў ҳәм маманлық арттырыў курсларын табыслы тамамлаған тыңлаўшыларға исенимли есапта туратуғын мәмлекетлик үлгидеги ҳүжжет есапланатуғын сертификат бериледи.
2025-жыл 1-январьға шекем оларға абырайлы сырт ел жоқары билимлендириў шөлкемлерин питкерген ўатанласлар ҳәм сырт елли қәнигелер тартылады.
Сондай-ақ, «Ел-журт үмити» қоры институтларының жергиликли профессор-оқытыўшыларын қор қаржылары есабынан сырт ел жетекши жоқары билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў мәкемелерине маманлық арттырыў, стажировкаға ҳәм оқыўға жибериў илажларын көреди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги