Өзбекстан ҳәм ЕА жетекшилери экономикалық бирге ислесиўди пүткиллей кеңейтиў зәрүр екенлигин атап өтти

436

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 3-апрель күни Самарқанд саммити шеңберинде мәмлекетимизде сапар менен болып турған Европа кеңеси Президенти Антониу Кошта ҳәм Европа комиссиясы Президенти Урсула фон дер Ляйен менен ушырасыў өткерди.

Өзбекстан менен Европа Аўқамы арасындағы көп тәреплемели бирге ислесиўди, бәринен бурын, саўда-экономика ҳәм инвестиция тараўларында және де раўажландырыў ҳәм беккемлеў мәселелери ҳәр тәреплеме көрип шығылды.

Ҳәр қыйлы дәрежелердеги жедел сөйлесиўлер ҳәм нәтийжели алмасыўлар, әмелий бирге ислесиўдиң институционаллық механизмлери шеңберинде нәтийжели жумыслар алып барылып атырғаны айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Кеңейтилген шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге қол қойылыўына таярланбақта.

Өзбекстанның Европа Аўқамы мәмлекетлери менен товар алмасыў көлеми артып бармақта. Европаның жетекши компанияларының қатнасыўындағы инвестиция жойбарларының портфели 30 миллиард евродан асламды қурамақта. Мәмлекетимиз Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң ири бенефициары болып есапланады, Ташкент қаласында Европа инвестиция банкиниң регионаллық ўәкилханасы ашылмақта.

ЕАның бас институтларының басшылары Жаңа Өзбекстанды қурыў бойынша әмелге асырылып атырған экономикалық реформалар бағдарламасын, сондай-ақ, Орайлық Азияда жақсы қоңсышылық, исеним ҳәм шерикликти беккемлеў бағдарындағы сиясатты жоқары баҳалады ҳәм исенимли қоллап-қуўатлайтуғынын билдирди.

Сөйлесиўлерде тийкарғы итибар инновациялар, «жасыл» энергетика, таў-кән тармағы, аўыл хожалығы, транспорт, логистика, санластырыў ҳәм басқа бағдарларда биргеликтеги бағдарлама ҳәм кооперациялық жойбарларды әмелге асырыўға қаратылды.

Туризм, мәденият, илим, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўларындағы жедел алмасыўларды даўам еттириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Болажақ «Орайлық Азия – Европа Аўқамы» форматындағы биринши жоқары дәрежедеги саммит күн тәртибиндеги мәселелер ҳәм Европаның «Глобал дәрўаза» стратегиясы шеңберинде еки регионның өз-ара байланыслылығын күшейтиў перспективалары додаланды.

Халықаралық ҳәм регионаллық сиясаттың әҳмийетли тәреплери, соның ишинде, Аўғанстанның социаллық-экономикалық раўажланыўына жәрдемлесиў мәселелери бойынша да пикир алысылды.

ӨзА