18-декабрь – Халықаралық мигрантлар күни

Бүгинги күнде дүнья көлеминде миллионлаған инсанлар мийнет мигранты сыпатында жумыс алып бармақта. Олардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў мәселеси халықаралық көлемде үлкен әҳмийетке ийе.
Усы мүнәсибет пенен 2000-жылы Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 55/93-санлы резолюциясына муўапық, 18-декабрь – Халықаралық мигрантлар күни етип белгиленген. Бул сәне мийнет миграциясы тараўын жетилистириў, мигрантлардың ҳуқықларын тәмийинлеў, сондай-ақ, мәмлекетлердиң бул бағдардағы жуўапкершилигин арттырыўға қаратылған.
Бизге белгили, өзбекстанлы пуқаралар да бир қатар сырт еллерде мийнет етиўди әмелге асырмақта. Өзбекстан Республикасы Орайлық банки Төлем балансы департаменти директорының орынбасары Азизбек Ҳайитовтың мәлим етиўинше, 2025-жылдың январь-сентябрь айларында Өзбекстаннан 2 миллион 360 мың мийнет мигранты сырт елге шыққан. Бул көрсеткиш 2024-жылдың усы дәўирине салыстырғанда 4 процентке жоқары.
Кейинги жыллары мәмлекетимизде халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, сол арқалы мийнет миграциясын қысқартыўға қаратылған кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Соның менен бирге, сырт елде мийнет етип атырған ўатанласларымыздың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў мақсетинде бир қатар мәмлекетлер менен бирге ислесиў байланыслары беккемленбекте.
Шербек Исломов, ӨзА