Президенттиң аўыл хожалығы тараўы хызметкерлери менен сөйлесиўи басланды

23

Президент Шавкат Мирзиёев Аўыл хожалығы тараўы хызметкерлери күни мүнәсибети менен тараў ўәкиллери менен сөйлесиў өткермекте.

Сөзиниң алдында мәмлекетимиз басшысы пидәкерлик ҳәм машақатлы мийнети менен зүрәәт жетистирип, ел дастурханына қут-берекет алып кирип атырған барлық дийқан, фермер, бағман, шарўа, суўшы, агроном ҳәм механизаторларға өзиниң терең ҳүрмет-иззетин билдирди.

“Сизлердиң тек ғана аўыл хожалығы емес, ал экономиканы раўажландырыў, халықтың турмысын жақсылаў, азық-аўқат қәўипсизлиги бағдарындағы шексиз ислериңиз ҳәр қанша мақтаўға ылайық”, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Быйыл экономиканың барлық тармақларында жетискенликлерге бай ҳәм берекетли жыл болғаны атап өтилди. Әсиресе, халқымыздың 3,5 миллионнан аслам ўәкили мийнет етип атырған аўыл хожалығында үлкен шеклерге ерисилди.