Өзбекстан U23 сайланды командасы Азия кубоги жолламасы ушын беллесиўге түседи

154

Футбол бойынша U23 жас категориясындағы Азия кубоги 2026-жылдың 7-25-январь күнлери Саудия Арабстанында болып өтеди. Ҳәзирги ўақытта континентимиздиң 11 мәмлекетинде усы Азия кубоги финал басқышына жоллама беретуғын сайлап алыў беллесиўлери басланды.

Биз ушын әҳмийетли болғаны, Өзбекстан U23 сайланды командасы “Е” топарында Қырғызстан, Шри-Ланка ҳәм Палестина сайланды командаларына қарсы ойын өткереди. Бул топар беллесиўлери Қырғыз Республикасында болып өтеди.

Бүгин, 3-сентябрь күни Равшан Ҳайдаров басшылығындағы Өзбекстан U23 сайланды командасы биринши турда Шри-Ланкаға қарсы ойын өткереди. Ушырасыў Ташкент ўақты менен саат 15:00 де басланады.

Ойынлар шегиниң барлық нәтийжелери менен төменде танысасыз: Топарда биринши болып есапқа кирген сайланды командалар сайлап алыў беллесиўлерин өз майданында өткереди.

“A” топары: Иордания, Бутан, Қытай Тайпеи, Түркменстан.

“B” топары: Мьянма, Аўғанстан, Кувейт, Япония.

“С” топары: Ветьнам, Бангладеш, Сингапур, Яман.

“D” топары: Қытай, Арқа Мариана атаўлары, Тимор Лесте, Австралия.

“E” топары: Қырғызстан, Шри-Ланка, Палестина, Өзбекстан.

“F” топары: Таиланд, Монголия, Ливан, Малайзия.

“G” топары: Камбоджа, Пакистан, Оман, Ирак.

“H” топары: Қатар, Бруней, Ҳиндстан, Бахрейн.

“I” топары: БАӘ, Гуам, Гонконг, Иран.

“J” топары: Индонезия, Макао, Лаос, Корея Республикасы.

“К” топары: Тәжикстан, Непал, Филиппин, Сирия.

Мағлыўмат орнында: Бул сайлап алыў беллесиўлеринде 11 топарда биринши болған ҳәм 4 топарда екинши орынды алған командалар финал басқышына жоллама алады.

Жавоҳир Тошхўжаев, ӨзА