Бюджет ҳәм орынлаў тәртибин беккемлеў мәселелери көрип шығылды

540

Президент Шавкат Мирзиёев 23-июль күни Есап палатасының жумысы ҳәм орынлаў системасын жетилистириў илажларына байланыслы презентация менен танысты.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 10-июльдеги “Бюджет қаржыларынан пайдаланыў үстинен финанслық қадағалаўды күшейтиў бойынша қосымша илажлар ҳаққында”ғы пәрманына муўапық, Есап палатасының жумыс усылы өзгерди, оның ўәкилликлери кеңейтилди. Ескише тексериўлерден ўаз кешилип, финанслық, муўапықлық, нәтийжелилик ҳәм стратегиялық аудит системасы енгизилди.

Енди бул палата тек ғана қадағалаўшы емес, ал бюджет тәртибин қоллап-қуўатлаўшы бирге ислесиўши уйым болып есапланады. Сол себепли тийкарғы итибар финанслық тәртип бузылыўының алдын алыў, оның факторларын таллаўға қаратылмақта.

Мәселен, усы жылдың 6 айында өткерилген аудит илажлары нәтийжесинде 5 триллион 600 миллиард сум нәтийжесиз бюджет қәрежетлери қысқартылған, бюджетке 5 триллион сум қосымша түсим түсиў имканияты анықланған.

Мәмлекетимиздиң экономикасы избе-из өсип бармақта. Бул, өз гезегинде, финанслық қадағалаў көлеми ҳәм жумыс көлемин де арттырады. Буны қамтып алыўдың нәтийжели жолы – санластырыў. Усы мақсетте “Рәсмий аудит” мәлимлеме системасы иске қосылған. Ҳәзирге шекем ол арқалы 4 триллион сумлық кемшиликлер сапластырылған.

Презентацияда енди системаға жасалма интеллектти енгизип, кемшиликлерди келтирип шығарып атырған факторларды сапластырыў ўазыйпасы қойылды.

Өткен жылы 12 министрликте финанслық қадағалаў бойынша шөлкемлестирилген ситуациялық орайлардың көрсеткишлери атап өтилип, бул система усы жылы және 10 министрлик ҳәм уйымға кеңейтилетуғыны белгиленди. Соның менен бирге, бюджет шөлкемлеринде ишки аудит ҳәм ишки қадағалаў системаларын жетилистирип, Есап палатасы менен мәлимлеме алмасыўды күшейтиў бойынша тапсырма берилди.

Президент пәрманына тийкарланып, мәмлекетлик аудит халықаралық стандартлар дәрежесине шығарылмақта. Есап палатасының хызметкерлери бир жыл даўамында халықаралық аудиторлар менен биргеликте ислеп, тәжирийбе арттырды. Нәтийжеде сыртқы қарыз есабынан болып атырған жойбарлар халықаралық критериялар тийкарында аудиттен өткерилмекте. Бундай тәртипти жойбарлардың дәслепки басқышларынан баслаў әҳмийетли екенлиги көрсетип өтилди.

Быйыл 16-июнь күни реформалардың нәтийжелилигин таллаў бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде Есап палатасына “Халық қадағалаўы” платформасын барлық аймақларда жолға қойыў тапсырылған еди. Презентацияда жуўапкерлер бул бағдарда басланған жумыслар ҳәм зәрүр илажлар ҳаққында мәлимлеме берди.

Бул система арқалы қурылыс, инфраструктура, коммуналлық хызметлер, энергия тәмийнаты, транспорт, жол, экология сыяқлы тараўлардағы машқалалар бойынша хабар бериледи. Оларды шешиў ушын порталға барлық министрлик, уйым ҳәм ҳәкимликлер жалғанады.

Ҳәзирги күнде бул бағдарламаны жасалма интеллект тийкарында жетилистириў, вертикал қадағалаў системасын жолға қойыў, колл-орайлар шөлкемлестириў бойынша жумыслар алып барылмақта.

Мәмлекетимиз басшысы жуўапкерлерге орынлаў тәртибин беккемлеў, бюджет қаржыларынан мақсетли пайдаланыў ҳәм үнемлиликти тәмийинлеў бойынша көрсетпелер берди.

ӨзА