Өзбекстан-Италия қатнасықлары жедел раўажланбақта

749

Самарқанд қаласындағы Конгресс орайында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Италия Республикасы Бас министри Жоржа Мелонидиң жүзбе-жүз ҳәм рәсмий делегациялар қатнасыўындағы сөйлесиўлери болып өтти.

Еки тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў ҳәм көп тәреплемели бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

2023-жыл июнь айында Рим қаласында болып өткен жоқары дәрежедеги ушырасыўларда ерисилген келисимлер избе-из әмелге асырылып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Кейинги жыллары товар алмасыў көлеми, соның ишинде, жеткерип берилип атырған өнимлердиң түриниң кеңейиўи есабынан дерлик 3 есеге артты.

Биргеликтеги кәрхана ҳәм жойбарлардың саны 2 есеге көбейди. Италияның жетекши компаниялары менен металлургия, электротехника, аўыл хожалығы, шарўашылық, туризм ҳәм басқа да тараўларда өз-ара пайдалы кооперация жолға қойылған.

Өзбекстан делегациясы Венециядағы биенналеде белсене қатнасты, Флоренцияда көргизбе өткерилди. Өткен жылы декабрь айында Рим ҳәм Виарежо қалаларында Өзбекстан мәденияты күнлери болып өтти.

Мәмлекетимизде Турин ҳәм Пиза университетлериниң филиаллары табыслы жумыс алып бармақта. Апрель айында ректорлардың екинши форумы нәтийжели өтти.

Тәреплер жедел сиясий алмасыўды даўам еттириўди қоллап-қуўатлады.

Усы жылдың апрель айында Самарқандта болып өткен нәтийжели саммитке муўапық Европа Аўқамының институтлары менен жедел бирге ислесиў даўам еттириледи. Әмелий нәтийжелерге итибар қаратқан ҳалда “Орайлық Азия – Италия” саммитин өткериў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Саўда тараўында бизнеске техникалық жәрдем бағдарламаларын кеңейтиўге келисип алынды. Европа Аўқамы базарына шығыў ушын өзбекстанлы экспортёрларды оқытыў, Ташкентте биргеликтеги Сертификациялаў орайын шөлкемлестириў, Муўапықлықты баҳалаў ҳаққындағы келисимди қабыл етиўди жеделлестириў усылардың қатарына киреди.

Мәмлекетимиз басшысы Италияның жетекши компаниялары менен Технологиялық шериклик бағдарламасын иске қосыўды усыныс етти.

Жеке меншик исбилерменликтиң инновациялық жойбарлары, оғада әҳмийетли минераллар ҳәм аўыл хожалығы шийки затын терең қайта ислеў, автомобиль қурылысы ушын комплектлеўши бөлеклер, электротехника, энергетика, азық-аўқат, фармацевтика, қурылыс санаатында жоқары технологиялық өнимлер ислеп шығарыў, тоқымашылық, былғары, мебель қурылысы ҳәм басқа да тармақлар ушын дизайн орайларын шөлкемлестириў тийкарғы бағдарлар сыпатында атап өтилди.

Бундай жойбарлар Европа операторы басқарыўында Ташкент ўәлаятында шөлкемлестирилетуғын санаат паркине жайластырылыўы мүмкин.

Жойбарларды қоллап-қуўатлаўдың жаңа механизмлерин иске қосыў ушын биргеликтеги инвестициялық фондты шөлкемлестириў, сондай-ақ, Италияның “SACE” ҳәм “SIMEST” мәмлекетлик агентликлерин тартыў мәселеси көрип шығылады.

Комплексли “жол картасы” тийкарында аўыл хожалығында кең көлемли илимий-технологиялық бирге ислесиўди раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды. Жүзим, зайтун, шафран, спаржа жетистириў, агролабораториялар шөлкемлестириў, биотехнологияларды раўажландырыў ҳәм агроқамсызландырыўды енгизиў бойынша кооперациялық перспективалар атап өтилди.

Жаңа жойбарларды алға қойыў мақсетинде Ҳүкиметлераралық топар жумысын қайта тиклеў ҳәм оның мәжилисин бизнес форум менен бирге өткериўге келисип алынды.

Өзбекстан ҳәм Италия аймақлары арасындағы шериклик қатнасықларын кеңейтиў шеңберинде Ломбардия губернаторы Аттилио Фонтананың сапары ҳәм биринши Аймақлар форумы шеңберинде әмелий нәтийжелерге ерисиў әҳмийетли екени атап өтилди.

Билимлендириў тараўында мәмлекетимизде Тушия университетиниң филиалын, Пиза, Тренто, Рома Тре ҳәм Ка-Фоскари университетлери менен еки тәреплеме диплом бағдарламаларын иске қосыў режелери қоллап-қуўатланды.

Өзбекстанда Италия мәденияты күнлерин өткериўге келисип алынды.

Сапар шеңберинде мийнет миграциясы тараўында системалы бирге ислесиўди жолға қойыўға қаратылған келисимге қол қойылғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Ушырасыў жуўмағында ерисилген келисимлерди әмелге асырыў бойынша комплексли “жол картасы”н таярлаў ҳаққында қарар қабыл етилди.

ӨзА