Өзбекстан Президенти Ҳиндстан менен парламентлераралық бирге ислесиўди жеделлестириўге шақырды

501

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 7-апрель күни Парламентлераралық аўқамның 150-юбилей Ассамблеясы шеңберинде Ҳиндстан Республикасы парламентиниң төменги палатасы – Лок Сабҳа Спикери Ом Бирла басшылығындағы делегацияны қабыллады.

Ушырасыў басында спикер мәмлектимиз басшысына Ҳиндистан Бас министри Нарендра Модидиң сәлемин ҳәм ең жыллы тилеклерин билдирди.

Өзбекстан-Ҳиндстан стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Көп тәреплемели бирге ислесиў избе-из раўажалынып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Кейинги жылларда товар алмасыўда турақлы өсим бақланбақта, табыслы кооперациялық жойбарлар көбеймекте, авиақатнаўлар кеңеймекте.

Энергетика, денсаўлықты сақлаў, фармацевтика, IT, аўыл хожалығы сыяқлы тараўларда жойбарлар әмелге асырылмақта.

Өзбекстанда Ҳиндстанның 4 университетиниң филиаллары жумыс алып бармақта.

Сөйлесиўде тығыз парламентлераралық алмасыўларды, тараўлық комитетлер дәрежесинде жедел байланысларды жолға қойыў, дослық топарлары ҳәм жаслар платформаларын шөлкемлестириў, сондай-ақ, еки мәмлекет аймақларының потенциалын нәтийжели иске қосыў зәрүрлиги атап өтилди.