Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Бизнес жүргизиў шараятларын буннан былай да жақсылаў, исбилерменликти раўажландырыўға байланыслы реформаларды избе-из даўам еттириў, исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў механизмлерин кеңейтиў, оларды зәрүр финанслық ҳәм инфраструктуралық  ресурслар менен тәмийинлеў мақсетинде:

  1. 2021-жыл 1-майдан баслап исбилерменлик субъектлерин мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың төмендеги қосымша илажлары енгизилсин:

а) Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры тәрепинен:

Орайлық банктиң тийкарғы ставкасының 1,75 есесинен артпаған муғдардағы  процент ставкасы менен киши исбилерменлик субъектлерине миллий валютада берилетуғын  кредитлер бойынша процент қәрежетлерин қаплаў ушын   компенсация,  оның белгиленген  муғдарларын  сақлап қалған ҳалда, усыныс бериледи;

«Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» мәлимлеме системасында дизимге алынған пуқараларға исбилерменлик басламаларын әмелге асырыў ушын кредит муғдарларын 75 процентке шекем,  бирақ базалық есаплаў муғдарының  150 есесинен аслам болмаған коммерциялық банклердиң кредитлери бойынша  кепиллик бериледи;

исбилерменлик субъектлерине банк кредитлери бойынша компенсация ҳәм кепилликлер   кредит шәртнамаларының санына қарамастан  бериледи. Онда, компенсациялар  берилип атырған кредитлердиң улыўма суммасы 10 миллиард сумнан,  кепилликлердиң улыўма суммасы болса  8 миллиард сумнан, бирақ улыўма кредит суммасының  50 процентинен артпаўы зәрүр;

б) Экспортты хошаметлеў агентлиги экспорт етиўшилер тәрепинен товарлар олар бойынша төлемлерди кешиктирип төлеў шәрти менен экспорт етилгенде, олардың айланыс қаржыларын  толықтырыў ушын  револьер кредитлерди қаржыландырыўға  коммерциялық банклерге финанслық ресурслар усыныс етиледи.  Онда, усы ресурслар есабынан кредитлер төлемлер кешиктирилген мүддетке ҳәм экспорт етилип атырған өнимлердиң баҳасы муғдарында, бирақ 3 миллион АҚШ доллары  эквивалентинен көп болмаған  муғдарда, жыллық 4 процентлик ставка (соннан, 2 проценти банк маржасы) менен  ажыратылады.

  1. Жеке тәртиптеги исбилерменлер Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қорының кепилликлери ҳәм компенсацияларынан пайдаланыў ҳуқықына ийе екенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде ажыратылып атырған кредитлердиң 70 проценти киши бизнес жойбарларына, 30 проценти тийкарғы түрде өзин-өзи бәнт етиўге (қыйтақ жерден өнимли пайдаланыў, үй  шараятында өнерментшиликти ҳәм жумысты үйде ислеўди раўажландырыў) қаратылсын. Онда,  ажыратылатуғын қаржылардың кеминде 15 проценти орынларда, әсиресе, қалаларда хызмет көрсетиў  тараўында киши жойбарларды қаржыландырыўға қаратылады.
  3. Төмендегилерге:

халық депутатлары район (қала)лық Кеңеслерине узақ ҳәм шетки аймақларда жайласқан жер участкасынан турақлы пайдаланыў ҳуқықын аукционға қойыўда олардың  басланғыш баҳасын  50 процентке шекем азайтыў  ўәкиллиги;

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм халық депутатлары ўәлаятлық  Кеңесилерине жер участкасынан турақлы пайдаланыў ҳуқықын аукционға қойыўда басланғыш баҳаға шегирме белгиленетуғын узақ ҳәм шетки  аймақлардың шегараларын белгилеў ўәкиллиги берилсин.

  1. 2021-жыл 1-июньнан баслап инфраструктураға жақын жерлерде, соның ишинде, республикалық әҳмийеттеги жолларға тутас болған, белгиленген тәртипте тастыйықланған дизим бойынша өнимдарлығы төмен, пайдаланыўда болмаған аўыл хожалығы жерлерин санаат ҳәм хызмет көрсетиў объектлерин қурыў ушын жойбар тийкарында инвесторларға «E-IJRO AUKSION» саўда майданшасында электрон онлайн-аукцион арқалы ажыратыўға руқсат берилсин.
  2. Бас министрдиң орынбасарлары Ж.Қўчқоров  ҳәм Ш.Ғаниев  Аўыл хожалығы министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар  ҳәкимликлери менен биргеликте  2021-жыл  15-майға шекем аўыл хожалығы жерлерин хатлаўдан өткерген ҳалда санаат ҳәм хызмет көрсетиў объектлерин қурыў ушын  ажыратылатуғын өнимдарлығы төмен, пайдаланыўда болмаған аўыл хожалығы жерлериниң дизимин қәлиплестирсин және олардың  анық шегарасы ҳәм майданын көрсеткен ҳалда ҳәр бир район кесиминде  тастыйықланыўын тәмийинлесин.
  3. Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Әндижан, Наманган, Ферғана, Самарқанд ҳәм Бухара ўәлаятларының ҳәкимликлери менен биргеликте бир ай мүддетте Әндижан, Наманган, Ферғана, Самарқанд қалалары, Ургут ҳәм Ғиждувон районларында заманагөй саўда ҳәм санаат аймақларын шөлкемлестириў,  оларда саўда-өндирис объектлерин қурыў ҳәм  сатыў ушын инфраструктура бар болған  кеминде  20 гектар  майданнан жер участкаларын исбилерменлик субъектлерине аукцион арқалы (соның ишинде, төлемди бөлип-бөлип төлеў шәрти менен және аукционды бирден-бир қатнасыўшы менен өткериўге руқсат берген ҳалда) ажыратыў бойынша Министрлер  Кабинетине усыныслар киргизсин.

Онда, саўда ҳәм санаат аймақларын шөлкемлестириўдиң тийкарғы шәрти имаратлардың биринши қабатында саўда ҳәм хызмет көрсетиў объектлери, жоқары қабатларында өндирис объектлерин жайластырыў есапланады.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери 2021-2022-жыллар даўамында кеминде 500 мәкән пуқаралар жыйынларының ески имаратларын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында  заманагөй көринисте қайта қурыў бойынша исбилерменлик субъектлери менен келисимге ерисилиўин тәмийинлесин.

Онда, 1 қабатлы имараттың орнына  2-3 қабатлы имарат қурылыўы, оның 2 ҳәм 3-қабатларында киши өндирис, саўда ҳәм турмыслық хызмет көрсетиў объектлери, жумыссыз ҳаял-қызлар ҳәм жасларды кәсип-өнерге оқытыў орайларын шөлкемлестириў ушын  бийпул пайдаланыў тийкарында  30 жылға исбилерменлик субъектиниң қарамағында қалдыратуғынын нәзерде тутсын.

  1. 2021-жыл 1-июньнан баслап:

үш жылдан  аслам ўақыттан берли жумыс ислеп атырған және есапланған салықларды мүддетинде төлеп келген, бирақ финанслық жағдайына  бола салық қарызын төлеў имканиятына ийе болмай атырған исбилерменлик субъектлерине  салықларды бөлип-бөлип төлейтуғыны;

үш жылдан аслам ўакыттан берли товарларды импорт  етиў менен шуғылланып атырған,  бажыхана төлемлери бойынша миннетлемелерин орынлап келген, бирақ финанслық жағдайына  бола төлемлерди белгиленген мүддеттте төлеў имканиятына ийе болмай атырған сыртқы экономикалық  жумыс қатнасыўшыларына  бажыхана төлемлерин бөлип-бөлип төлеў ҳуқықы  берилетуғыны белгилеп қойылысын.

Онда, усы тәртип бойынша  гиреўсиз  бөлип-бөлип төленетуғын салық ямаса төлемлердиң суммасы исбилерменлик субъекти тәрепинен соңғы үш жыл даўамында төленген салық ямаса бажыхана төлемлери суммасының  50 процентинен артпаўы зәрүр.

Қаржы министрлиги Мәмлекетлик салық комитети ҳәм Мәмлекетлик бажыхана комитети  менен биргеликте бир ай мүддетте усы бәнттен келип шыққан ҳалда салықлар және бажыхана төлемлерин бөлип-бөлип төлеўдиң ўақтынша  тәртибин тастыйықласын.

  1. 2021-жыл 1-майдан баслап сырт елден сырт ел валютасындағы түсим түсиўи кешиктирилиўине жол қойған экспорт етиўшилер  ҳәм «еркин айланысқа шығарыў» бажыхана режиминде товарларды республикаға алып кириў ҳәм рәсмийлестириўди, жумысларды орынлаў ямаса хызметлер көрсетиўди өз ўақтында тәмийинлемеген  импорт етиўшилер  ушын нызамшылықта  белгиленген жәрийма муғдарлары  еки есеге азайтылсын.

2021-жыл 1-май жағдайына қәлиплескен сыртқы саўда операциялары бойынша  мүддети өткен дебитор қарыздарлық ушын хожалық жүргизиўши субъектлерге жәриймалар қолланыў тоқтатылсын ҳәм дебитор қарыздарлық  жүзеге келиў мүддетлери  2021-жыл 1-майдан баслап жаңадан есаплансын.

  1. 2021-жыл 1-октябрьден баслап орынлаў жумысын жүргизиў шеңберинде қарыздардан өнидирилген  пул суммалары  орынлаў ҳүжжетлери бойынша барлық талапларды қанаатландырыў ушын жетерли болмаған жағдайда,  бюджетке төлемлер бойынша талаплар, кредиторлардың қарыздар мүлки менен тәмийинленбеген талаплары, соның ишинде, қарыздардың миннетлемелери орынланыўының тәмийнаты сыпатында турған мүлкин реализациялаўдан түскен сумма жетерли болмағанлығы себепли қанаатландырылмаған талаплары  бир гезекте (төртинши гезекте) қанаатландыратуғыны белгиленсин.

Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил Министрлер Кабинети ҳәм мәпдар уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте усы бәнттен келип шығатуғын өзгерислерди нәзерде тутатуғын реже жойбарын Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасына киргизилиўин тәмийинлесин.

  1. Министрлер Кабинетиниң Ташкент қаласында инвестиция орталығын жақсылаў бойынша эксперимент өткерилиўин муўапықластырыў бойынша жумысшы топардың жумысын тоқтатыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.

Инвесторға жер участкасын дәслепки резервлеў ҳаққында Ташкент қаласы ҳәкиминиң қарары қабыл етилмеген инвестициялық жойбарлар бойынша Жумысшы топардың қарарлары бийкар етилсин.

  1. Қурылыс министрлиги, Суў хожалығы, Энергетика министрлиги, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети, Автомобиль жоллары комитети үш ай мүддетте транспорт мақсетлерине мөлшерленген жерлер, суў объектлери, гидротехника комплекслери, магистрал қубырлар, электр тармақлары объектлериниң қорғаў зонасының шегараларын белгилеў параметрлерин олардың оптималластырылыўын нәзерде тутқан ҳалда қайта көрип шықсын ҳәм Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.
  2. Кадастр агентлиги 2021-жыл 1-сентябрьге шекем  физикалық ҳәм юридикалық  тәреплерге «YERELEKTRON» автоматластырылған мәлимлеме системасына жер участкасы  ҳәм  режелестирилип атырған қурылыс объекти ҳаққындағы мағлыўматларды кейин ала оларды электрон онлайн-аукционға қойыў мәселесин белгиленген тәртипте көрип шығыў ушын жайластырыў бойынша усынысларды киргизиў, сондай-ақ, жер участкасын таңлаў материалларын  келисиў процесин бақлаў имканиятын бериўши  мобиль қосымша иске қосылыўын тәмийинлесин.
  3. Қурылыс министрлиги Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги және басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте  көп қабатлы жайлардың подвалларынан исбилерменлик мақсетинде пайдаланыў,  турақ жайды турақ жай емес жер категориясына өткериўге руқсат бериў тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў бойынша усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.
  4. Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте:

еки ай мүддетте  жеңил конструкциялық хызмет көрсетиў шақапшаларын  аукцион  саўдалары арқалы жайластырыў тәртибин енгизиў;

бир ай  мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында усынысларды Министрлер Кабинетине  киргизсин.

  1. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер  етип Бас министрдиң орынбасарлары Ж.А.Қўчқаров, С.Ў.Умурзаков ҳәм Ш.М.Ғаниев, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимлери белгиленсин.

Қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.

Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша  2021-жыл 1-сентябрьге шекем Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме берилсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти   Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл, 21-апрель