Өзбекистан Республикасы Президентиниң пәрманы

Заманагөй шараятларда жәҳән илиминиң ҳәм инновациялық жумыстың жетискенликлеринен кеңнен пайдаланыў жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик турмыстың барлық салаларын избе-из ҳәм турақлы раўажландырыўдың, елимиздиң мүнәсип келешегин қурыўдың әҳмийетли факторы болып бармақта.

Өткен дәўирде илим ҳәм технологияларды раўажландырыў саласында зәрүр инфраструктура жаратылды, белгили бир интелектуаллық ҳәм технологиялық потенциал қәлиплестирилди.

Соның менен бирге, төмендеги системалы машқалалардың бар екени, инновациялық идеялар менен технологияларды ислеп шығыў ҳәм енгизиў ушын бар имканиятлар менен потенциалдан толық пайдаланбаў нәзерде тутылған реформалардың нәтийжели әмелге асырылыўына және елимиздиң жедел инновациялық раўажланыўына тосқынлық етпекте, атап айтқанда:

бириншиден, мәмлекетлик бағдарламаларды ислеп шығыўда заманагөй илим ҳәм инновациялық технологиялардың жетискенликлери менен раўажланыў тенденцияларын зәрүр дәрежеде комплексли талқылаў ҳәм үйрениў жолға қойылмаған, соның ақыбетинде бул бағдарламалар көпшилик жағдайларда машқалалардың ақыбетлерин сапластырыўға қаратылған және узақ мүддетли раўажланыў мәселелерин шешпей атыр;

екиншиден, фундаменталь ҳәм әмелий изертлеўлерди шөлкемлестириўдиң ҳәзирги жағдайы инновациялық идеялар менен қоланбаларды толық жүзеге шығарыў ҳәм әмелий енгизиў ушын лазым дәрежедеги шараятларды тәмийинлемей атыр;

үшиншиден, инновациялық идеяларды, қолланбалар менен технологияларды стратегиялық болжаўды, қоллап-қуўатлаўды ҳәм енгизиўди тәмийинлейтуғын бирден-бир уйымның жоқ екени, илимий-изертлеў ҳәм мәлимлеме-талқылаў мәкемелериниң тәртипсиз ҳалда жумыс ислеўи илим, билимлендириў ҳәм өндиристиң толық интеграцияланыўына имканият бермей атыр, бул болса өткерилип атырған излениўлердиң нәтийжелилигин төменлетпекте;

төртиншиден, жоқары технологияларды, ноу-хау ҳәм заманагөй қоланбаларды биринши гезекте енгизиўди талап ететуғын тийкарғы салалар менен тармақларды анықлаў бойынша жумысты шөлкемлестириўдеги кемшиликлер технологиялық қалақлыққа ҳәм инновациялық товар (жумыс,хызмет)ларды ислеп шығарыўдың шеклениўине алып келмекте;

бесиншиден, илимий-изертлеў жумысларын шөлкемлестириў және инновациялық идеялар менен қолланбаларды енгизиўде айрықша жағдайлардағы тар ведомстволық мәплердиң үстинлик етиўи бюджет қаржыларынан ақылсыз түрде пайдаланыўдың себеплеринен бири болып табылады;

алтыншыдан,  инновациялық идеяларды, қолланбалар менен технологияларды әмелге асырыўда мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти енгизиўге, сондай-ақ, инновациялық өнимлерди енгизиў ушын инфраструктураны жетилистириўге толық итибар қаратылмай атыр;

жетиншиден, инновациялық өнимлерди ислеп шығарыў ҳәм енгизиў саласында жоқары тәжирийбе менен потенциалға ийе болған шет ел (халықаралық) шөлкемлери менен бирге ислесиў, сондай-ақ, олардан пүткил елимиздиң илимин, санааты менен экономикасын раўажландырыўдың әҳмийетли машқалаларын шешиўде пайдаланыў төмен дәрежеде болып қалмақта.

Бул жағдайлар инновациялық идеялар менен технологияларды ислеп шығыўды ҳәм енгизиўди шөлкемлестириў саласында мәмлекетлик басқарыўдың институционаллық ҳәм шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый тийкарларын түп-тийкарынан жетилистириўди талап етеди.

Алдынғы шет ел тәжирийбеси, жәҳән илиминиң заманагөй жетискенликлери, инновациялық идеялар, қолланбалар менен технологиялар тийкарында экономиканың барлық тармақларын ҳәм социаллық саланы жедел инновациялық раўажландырыўды тәмийинлеў мақсетинде, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпаларға муўапық:

  1. Төмендегилер Өзбекистан Республикасының инновациялық раўажланыўының тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:

елимиздиң инттелектуаллық ҳәм технологиялық потенциалын арттырыўдың узақ мүддетли сценарийлери тийкарында тийкарғы салалар менен тармақларды инновациялық раўажландырыўдың келешектеги модельлерин қәлиплестириў имканиятын беретуғын стратегиялық режелестириў системасын жаратыў;

мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўдиң тәртип-қағыйдаларын оптималластырыўды ҳәм әпиўайыластырыўды, мәмлекетлик басқарыў уйымларының жумыс нәтийжелилигин арттырыўды тәмийинлейтуғын мәмлекетлик басқарыўдың инновациялық түрлерин енгизиў;

аймақлардың социаллық-экономикалық потенциалының турақлы өсиўи, сондай-ақ, халықтың турмыс дәрежесиниң ҳәм абаданлығының артыўы ушын зәрүр шараятларды тәмийинлей алатуғын илим ҳәм инновациялық жумысты раўажландырыўдың заманагөй инфраструктурасын қәлиплестириў;

инновациялық идеялар менен технологияларды ислеп шығыў ҳәм енгизиў саласына инвестицияларды кеңнен тартыў, олардың буннан былай да раўажланыўын тәмийинлейтуғын нормативлик-ҳуқықый базаны жетилистириў;

илимий-изертлеўди ҳәм инновациялық жумысты, бәринен бурын, жас әўладтың дөретиўшилик идеялары менен қолланбаларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў және хошаметлеў, сондай-ақ, бул жумыста талантлы жаслардың белсене қатнасыўы ушын қолайлы шараятлар жаратыў;

елимиздиң илимий-изертлеў ҳәм инновациялық жумыстың перспективалы табысларын үгит-нәсиятлаўдың ҳәм енгизиўдиң нәтийжели механизмлерин жаратыў, соның ишинде, илимий-эксперименталь қәнигелестирилген лабораторияларды, жоқары технологиялар орайларын, технопарклер менен басқа да инновацияға бағдарланған структураларды, атап айтқанда, шет ел инвесторларының қатнасыўында шөлкемлестириў ҳәм материаллық-техникалық базасын беккемлеў;

қоршаған орталықты қорғаў, ресурсты ҳәм энергияны үнемлейтуғын технологияларды, соның ишинде, альтернатив энергия дәреклерин, суўды тазалаў ҳәм душшыландырыў, оннан ақылға уғрас пайдаланыўдың заманагөй түрлерин кеңнен қолланыў арқалы белсене енгизиў;

денсаўлықты сақлаў саласында кеселликлерди ерте анықлаў ҳәм профилактикалаў, өз ўақтында ҳәм нәтийжели емлеўге имканият беретуғын алдынғы технологияларды кеңнен енгизиў, сондай-ақ, жәмийетте саламат турмыс тәризин қәлиплестириўге ҳәм саламат әўладты тәрбиялаўға қаратылған комплексли системаны жаратыў;

аграр салаға инновациялық идеяларды, қолланбалар менен технологияларды, соның ишинде, өндирис нәтийжелилигин ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўшылардың экспорт потенциалын арттырыўға, елимиздиң азық-аўқат қәўипсизлигин беккемлеўге көмеклесетуғын аўыл хожалығы егинлериниң жаңа селекция сортларын үгит-нәсиятлаў;

экономиканың реал секторы тармақларын ҳәр тәреплеме раўажландырыўды тәмийинлейтуғын заманагөй мәлимлеме-коммуникация, санаат ҳәм басқа да инновациялық технологияларды жедел енгизиў;

инновациялық жумыс саласында алдынғы шет ел (халықаралық) шөлкемлери менен, соның ишинде, оларды ноу-хау, нанотехнологиялар ҳәм жоқары технологиялық товар ( жумыс, хызмет)ларды ислеп шығарыўдың жергиликли базарына тартыў арқалы бирге ислесиўди кеңейтиў.

  1. Төмендегилер:

Өзбекистан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги (кейинги орынларда Министрлик деп жүргизиледи);

инновациялық раўажланыў ҳәм новаторлық идеяларды қоллап-қуўатлаў қоры (кейинги орынларда Қор деп жүргизиледи) шөлкемлестирилсин.

  1. Төмендегилер Министрликтиң тийкарғы жумыс бағдарлары етип белгиленсин:

а) мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылысқа инновацияларды енгизиў саласында:

инновациялық идеяларды, қолланбаларды ҳәм технологияларды ислеп шығыўды, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыў сситемасын раўажландырыў, мәмлекетлик хызметлердиң сапасын арттырыўға қаратылған илимий-изертлеўлерди өткериўди шөлкемлестириў;

мәмлекетлик-жеке меншик шериклик механизмлерин, бәринен бурын, инфраструктура объектлери ҳәм ресурслар ең көп жумсалатуғын тармақларда кеңнен енгизиўге көмеклесиў;

әҳмийетли машқалаларды, бәринен бурын, орынлардағы машқалаларды шешиўде мәмлдекетлик уйымлардың пуқаралық жәмийети институтлары ҳәм халық пенен өз-ара бирге ислесиўиниң инновациялық көз-қарасларын ислеп шығыў;

жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыўдың заманагөй механизмлерин енгизиў бойынша усыныслар ислеп шығыў;

б) экономика тармақларына инновацияларды енгизиў саласында:

елимизде инновациялық идеяларды, қолланбалар менен технологияларды үгит-нәсиятлаўдың ҳәм  олардан әмелий пайдаланыўдың механизмлерин қәлиплестириў, базардың тез өзгериўшең жәҳән конъюнктурасын есапқа ала отырып, миллий экономиканы жедел раўажландырыўға көмеклесиўге қаратылған илимий-изертлеўлер өткериўди шөлкемлестириў;

қоршаған орталықтың патасланыў дәрежесин азайтыў имканиятын беретуғын экологиялық таза технологияларды қолланған ҳалда, өнимдарлықты арттырыўды нәзерде тутатуғын «жасыл экономика» технологияларының принциплерин ислеп шығыўға ҳәм енгизиўге көмеклесиў;

республиканың инновациялық потенциалының, еркин экономикалық ҳәм киши санаат зоналарының, технопарклердиң, сондай-ақ, логистикалық хаблардың жумыс нәтийжелилигиниң өсиўине белсене көмеклесиў;

макроэкономикалық, салық-бюджет, пул-кредит параметрлери, сондай-ақ, интеграция процесслериниң экономикаға тәсирин баҳалаўға өз-ара байланыслылықта экономика тармақларын орта ҳәм узақ мүддетли раўажландырыў сценарийлерин жетилистириўге көмеклесиў;

хызметлер саласын түп-тийкарынан жетилистириў, бәринен бурын, инновациялық қолланбалар менен технологияларды енгизиў есабынан олардың сапасын ҳәм жалпы ишки өнимди қәлиптириўдеги ролин арттырыў;

инновациялық көз-қарасларды ҳәм технологияларды ислеп шығыў ҳәм енгизиў арқалы туризм саласының бәсекиге шыдамлылығын түп-тийкарынан арттырыў бойынша усыныслар киргизиў;

инновацияларды енгизиў ҳәм аймақлардың экономикасын диверсификациялаўдың көлемин кеңейтиў, социаллық-экономикалық жақтан изде қалған районлар менен қалаларды жедел раўажландырыў есабынан аймақлардың экономикалық раўажланыўындағы тең салмақсызлықлардың алдын алыў;

в) аўыл хожалығына инновацияларды енгизиў саласында:

бәринен бурын, жер, суў ҳәм басқа да тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў имканиятын беретуғын «Ақыллы аўыл хожалығы» концепциясына тийкарланған аўыл хожалығы өндирисиниң заманагөй сыналған түрлерин енгизиў бойынша усыныслар киргизиў;

аграр секторда аўыл хожалығы өндирисин максимал дәрежеде автоматластырыў, өнимдарлықты қатаң арттырыў ҳәм қаржы көрсеткишлерин жақсылаў. сондай-ақ, елимиздиң азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў имканиятын беретуғын инновациялық идеяларды, қолланбалар менен технологияларды енгизиўге көмеклесиў;

аўыл хожалығы өнимлериниң дүнья базарындағы бәсекиге шыдамлылығын, соның ишинде, ири ритейлерлер жәрдеминде тәмийинлеў арқалы саўда базарларын ҳәм оларды тиккелей жеткерип бериўди кеңейтиўге көмеклесиў;

г) социаллық раўажланыўға инновацияларды енгизиў саласында:

билимлендириў системасында инновацияларды, соның ишинде, оқытыўдың заманагөй, интерактив ҳәм дөретиўшилик усылларын енгизиў арқалы үгит-нәсиятлаўға көмеклесиў, санлы технологиялардан кеңнен пайдаланыўды нәзерде тутатуғын инновациялық оқыў бағдарламаларын ислеп шығыўды тәмийинлеў;

денсаўлықты сақлаў системасын, соның ишинде, кеселликлерди ерте анықлаў ҳәм профилактикалаўды тәмийинлейтуғын алдынғы технологияларды «Ақыллы медицина» ҳәм «Бирден-бир медицина мәлимлеме орайы» концепцияларын енгизиў арқалы жедел раўажландырыўға, сондай-ақ, халықтың узақ өмир көриўи ушын қосымша шараятлар жаратыўға көмеклесиў;

«Қәўипсиз қала», «Ақыллы қала» концепцияларын енгизиўди, саламат турмыс тәризин ғалаба ен жайдырыў ушын зәрүр шараятларды тәмийинлейтуғын мәдений, спорт ҳәм басқа да объектлерди шөлкемлестириўди де нәзерде тутатуғын алдынғы стандартларды есапқа ала отырып, қала қурылысының тек ғана бас режелер, режелестириў ҳәм қурылыс жойбарларына муўапық избе-из раўажланыўын тәмийинлеўге көмеклесиў;

д) қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбияттан пайдаланыў системасына инновацияларды енгизиў саласында;

қоршаған орталықтың патасланыўын азайтыўға, соның ишинде, атмосфера ҳаўасына шығарылатуғын патасландырыўшы затларды, суў объектлерине тасланатуғын ақаба суўларды азайтыўға, биологиялық ҳәр түрлиликти ҳәм экосистеманы сақлаўға қаратылған инновациялық технологиялық шешимлер ислеп шығыў;

қоршаған орталықты қорғаў, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм оларды қайта ислеп шығарыў бойынша инновациялық идеялар менен қолланбалардың, соның ишинде, альтернатив энергия дәреклеринен пайдаланыў, энергияны үнемлейтуғын, экологиялық таза автотранспорт жанылғысын ислеп шығарыў технологиялары, шаң ҳәм газден тазалайтуғын технологиялардың әмелде қолланыўына көмеклесиў;

суўдан пайдаланыў системасын, соның ишинде, суўды тазалаў, душшыландырыў, ақаба суўлардан қайта пайдаланыў ҳәм суўды үнемлеўдиң инновациялық технологияларын енгизиў арқалы жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығыў;

турмыслық ҳәм санаат шығындыларын қайта ислеў, соның ишинде, энергия ҳәм биотөгинлерди ислеп шығарыў ушын жоқары технологияларды енгизиў боынша илимий тийкарланған усынысларды ислеп шығыў;

экономиканың энергия ҳәм ресурс жумсаўын қысқартыў, энергияны үнемлейтуғын технологияларды өндириске кеңнен енгизиў, қайта тикленетуғын энергия дәреклеинен пайдаланыўды кеңейтиў бойынша бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў;

е) алдынғы технологиялардың енгизилиўин қоллап-қуўатлаў, муўапықластырыў ҳәм хошаметлеў саласында:

инновациялық изертлеўлер, идеялар, қолланбалар менен технологияларды хошаметлеўдиң нәтийжели системасын жаратыў, сондай-ақ, перспективалы фундаменталь ҳәм әмелий изертлеўлер және новаторлық идеяларды, соның ишинде, нормативлик-ҳуқықый базаны жетилистириў арқалы ислеп шығыў;

жеңилликлер менен преференциялар усыныў, көргизбе илажларын шөлкемлестириў, жетекши шет ел илимий-изертлеў мәкемелери менен өз-ара пайдалы жақыннан бирге ислесиўди жолға қойыў арқалы инновациялық илимий-изертлеў ҳәм тәжирийбе-конструкторлық жумысларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў;

жоқары технологиялық өнимлерди ислеп шығыў бойынша билимлендириў, илимий-изертлеў ҳәм басқа да мәкемелер, илимий-эксперименталь қәнигелестирилген лабораториялар, жоқары технологиялар орайлары, технопарклер менен басқа да инновацияға бағдарланған структуралардың жумысын муўапықластырыў (илимий-изертлеў жумыслары бөлегинде), сондай-ақ, олардың материаллық-техникалық ҳәм илимий потенциалын ҳәм беккемлеўге көмеклесиў;

инновациялық идеяларды, қолланбалар менен технологияларды ислеп шығыў ҳәм коммерциялаў бойынша заманагөй илимий-технологиялық комплекслер, бизнес-инкубаторлар, стартап-акселераторларды, соның ишинде, жетекши жәҳән өндирисшилерин тарта отырып шөлкемлестириў, сондай-ақ, 85-инфраструктураны раўажландырыўға көмеклесиў;

узақ мүддетли технологиялық раўажланыў талаплары менен тенденцияларын есапқа алған ҳалда, заманагөй жоқары технологиялық өндиристи, соның ишинде, жаңа әўладтың транспорт қуралларын, робот техникаларын ҳәм жоқары технологиялық өнимлердиң басқа да түрлерин жергиликлилестириў ушын жойбарларды ислеп шығыў ҳәм енгизиў бойынша баслама көрсетиў;

жергиликли инновациялық өнимлерди, соның ишинде, рәсмийлестирилген халықаралық патентлер менен лицензиялар тийкарында енгизиў, ишки дүнья базарларына бағдарлаў имканиятын беретуғын нәтийжели механизмлерди ислеп шығыў.

  1. Министрлик:

Өзбекистан Республикасын инновациялық ҳәм илимий-техникалық раўажландырыў саласында жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик турмысты ҳәр тәреплеме раўажландырыўға, елимиздиң интеллектуаллық ҳәм технологиялық потенциалын арттырыўға қаратылған бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асыратуғыны белгилеп қойылсын;

инновациялық жумысты оның нәтийжелилиги индикаторлары тийкарында баҳалайды, алдынғы технологияларды биринши дәрежеде енгизиў талап етилетуғын тийисли тармақлар менен салаларды раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын белгилейди;

инновациялық идеяларды, қолланбалар менен технологияларды енгизиў мәселелери бойынша мәмлекетлик басқарыў уйымлары, илимий-изертлеў ҳәм мәлимлеме талқылаў мәкемелери және басқа да шөлкемлердиң жумысын муўапықластырады;

илимий-изертлеў, билимлендириў ҳәм басқа да мәкемелер тәрепинен әмелге асырылатуғын мәмлекетлик илимий-техникалық бағдарламалар менен жойбарлардың бирден-бир буйыртпашысы болып табылады;

жүкленген ўазыйпалар шеңберинде мәмлекетлик уйымларда ҳәм басқа да шөлкемилерде жумыслардың жағдайын үйренеди, инновациялық жумысты жетилистириў бойынша усынысларды жыйнаўды ҳәм улыўмаластырыўды әмелге асырады;

Өзбекистан Республикасының Мәмлекетлик бюджети қаржылары ҳәм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да қаржылардың есабынан қаржыландырылады.

  1. Министрликтиң жумыс саласына киретуғын мәселелер бойынша нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарлары Министрлик пенен мәжбүрий тәртипте келисилиўи шәрт екени белгилеп қойылсын.
  2. 2018-жыл 1-январьдан:

Илим ҳәм технологиялар бойынша Мәмлекетлик комиссиясы;

Өзбекистан Республикасы Илим ҳәм технологиялар агентлиги;

Илим ҳәм технологиялар бойынша Мәмлекетлик комиссиясы жанындағы илимий-техникалық жумысты қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў қоры және оның Атқарыўшы дирекциясы сапластырылсын.

Усы бәнтте көрсетилген сапластырылып атырған ведомстволар менен мәкемелердиң босап атырған штат бирликлериниң Министрликке өткерилетуғыны белгилеп қойылсын.

Өзбекистан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги Илимлер академиясы менен биргеликте сапластырылып атырған ведомстволар менен мәкемелердиң хызметкерлерин жумыс пенен тәмийинлеўге көмеклессин.

  1. Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети еки ай мүддетте:

Өзбекистан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Экономика министрлиги, Қаржы министрлиги, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги ҳәм басқа да мәпдар ведомстволар менен биргеликте Илимлер академиясы ҳәм Министрлер Кабинети жанындағы Жоқарғы аттестация комиссиясының жумысын сын көз-қарастан үйрениўди және илимий изертлеў жумысын, оның нәтийжелерин әмелиятқа енгизиў системасын түп-тийкарынан жетилистириў, сондай-ақ, илимий-эксперименталь қәнигелестирилген лабораторияларды, жоқары технологиялар орайларын, жоқары технологиялы өнимлерди ислеп шығарыў бойынша технопарклерди шөлкемлестириў бойынша усыныслар киргизиўди;

Өзбекистан Республикасы Бас прокуратурасы ҳәм басқа да мәплар ведомстволар менен биргеликте усы Пәрманның талапларын есапқа ала отырып, министрликлер менен ведомстволар, илимий-изертлеў ҳәм мәлимлеме-талқылаў мәкемелериниң ўазыйпалары менен функцияларын олардың жумысында бир-бирин қайталаўдың алдын алыў мақсетинде шөлкемлестириўшилик-штат структуралары менен ўәкилликлерин оптималластырыў көз-қарасынан қайта көрип шығыў бойынша сын көз-қарастан үйрениўди ҳәм усыныслар киргизиўди;

усы Пәрманның  6-бәнтинде көрсетилген ведомстволар менен мәкемелердиң сапластырылыўына байланыслы илажларды шөлкемлестириў, сондай-ақ, Министрликти орнаталастырыў, соның ишинде, сапластырылып атырған ведомстволар менен мәкемелердиң имратларын ҳәм материаллық-техникалық базасын өткериў арқалы оның материаллық-техникалық базасын шөлкемлестириў, жумысты нәтийжели шөлкемлестириў ушын зәрүр болған компьютер техникасы, байланыс қураллары менен тәмийинлеўди;

сапластырылып атырған Илим ҳәм технологиялар бойынша Мәмлекетлик комиссиясы жанындағы Илимий-техникалық жумысты қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў қорының қаржыларын Қордың есабына өткериўди;

Министрликти жоқары маманлықтағы кадрлар менен, соның ишинде, сапластырылып атырған ведомстволар менен мәкемелердиң хызметкерлери есабынан толықтырыўды;

илимий ҳәм инновациялық жумысты мәмлекет тәрепинен тәртипке салыў принциплерин ҳәм қоллап-қуўатлаў түрлерин, сондай-ақ, инновациялық идеялардан, қолланбалар менен технологиялардан пайдаланыў имканиятларын кеңейтиўди де белгилейтуғын Өзбекистан Республикасының «Инновациялық жумыс ҳаққында»ғы ҳәм «Илим ҳаққында»ғы нызамларының жойбарлары ислеп шығылыўын ҳәм белгиленген тәртипте Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына киргизилиўин тәмийинлесин.

  1. Өзбекистан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети Қаржы министрлиги, Экономика министрлиги ҳәм басқа да мәпдар ведомстволар менен биргеликте илимий изертлеўлер өткериў, илимий лабораторияларды үскенелеў, илимпазлар менен қәнигелердиң шет елде әмелияттан өтиўин шөлкемлестириў ушын кредитлер менен грантларды тартыў бойынша шет ел (халықаралық) қаржы институтлары ҳәм басқа да шет ел донорлары менен системалы жумысларды алып барсын.
  2. Өзбекистан Республикасы Әдиллик министрлиги Илимлер академиясы ҳәм басқа да мәрдар ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте:

Министрликтиң ҳәм Қордың жумысын шөлкемлестириў бойынша Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарар жойбарын;

нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында усынысларды белгиленген тәртипте Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйлери У.С.Исмаиловқа, О.Б.Мурадовқа ҳәм Өзбекистан Республикасының Бас прокуроры И.Б.Абдуллаевқа жүкленсин.

Өзбекистан Республикасы

          Президенти                                        Ш.МИРЗИЁЕВ        

Ташкент қаласы,

2017-жыл 29-ноябрь

х х х

Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Өзбекистан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлигин шөлкемлестириў ҳаққында»ғы Пәрманына

ТҮСИНИК

Жер жүзилик тәжирийбе барлық салаларда сапалы жетилисиўди тәмийинлейтуғын жаңалықларды үзликсиз тәризде әмелиятқа енгизиў жәмийетлик ҳәм экономикалық раўажланыўдың ҳәрекетке келтириўши күшине айланғанлығын көрсетпекте.

Бүгин раўажланыўдың инновациялық модельлери ҳәм «ақыллы» технологиялар әмелге асырылып атырған еллер ең табыслы және турақлы болып есапланады. Бундай еллердиң турақлы раўажланыўы, олардың жәҳән базарларында бәсекиге шыдамлылығы тәбийғый ресурсларды экспорт етиў ҳәм физикалық мийнеттен пайдаланыўға емес, ал инновациялық идеялар менен қолланбаларға тийкарланады.

Бул еллерде инновациялық идеяларды, қолланбалар менен технологияларды енгизиў бойынша мәмлекетлик стратегияның орынланыўы шәртли түрде «келешек министрликлери» деп аталатуғын арнаўлы ведомстволар тәрепинен әмелге асырылады.

Инновациялық раўажланыў ушын жуўапкер ведомстволардың тийкарғы ўазыйпасы инновация ҳәм илимниң жетискенликлерин кеңнен енгизиў есабынан елдиң экономикалық жетилисиўин ҳәм жәҳән базарларындағы бәсекиге шыдамлылығын тәмийинлеў және экономикада интеллектуаллық үлестиң көбейиўи болып есапланады.

2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында халықтың абаданлығын түп-тийкарынан арттырыў ҳәм турмыс сапасын жақсылаў, жәмийетти ҳәм мәмлекетти ҳәр тәреплеме және жедел раўажландырыў, елди модернизациялаў ҳәм турмыстың барлық салаларын либералластырыў бойынша анық мақсетлер белгилеп алынды.

Басқаша етип айтқанда, биз Өзбекистанды өндиристе инновациялық ҳәм инттеллектуаллық үлестиң жоқары үлеси болған турақлы базар экономикасына, заманагөй ҳәм глобал базарда бәсекиге шыдамлы санаатқа, сондай-ақ, қолайлы инвестициялық ҳәм исшеңлик орталығына ийе жедел раўажланып атырған елге айландырыўымыз зәрүр.

Қойылған мақсетлерге Өзбекистанды раўажланыўдың инновациялық моделине өткермей турып ерисиў мүмкин емес, ол елде инновациялық жумысты мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың ҳәм мәмлекетлик басқарыў, экономиканың тийкарғы тармақларына және социаллық салаға инновациялық идеяларды, қолланбалар менен технологияларды әмелде енгизиўди хошаметлеўдиң нәтийжели системасын жаратыў зәрүрлигин талап етеди.

Бирақ, бай инттеллектуаллық ҳәм инфраструктуралық потенциалға қарамастан, елимизде инновацияларды енгизиў жумыслары системалы тийкарда жолға қойылмаған, оған төмендеги системалы машқалалар бар екенлиги себеп болған:

мәмлекеттиң раўажланыў бағдарламаларын ислеп шығыўда заманагөй илим ҳәм инновациялық технологиялардың жетискенликлери ҳәм раўажланыў тенденциялары зәрүр дәрежеде комплексли талқыланбай ҳәм үйренилмей келген.

инновациялық идеяларды, қолланбалар менен технологияларды стратегиялық болжаўды, қоллап-қуўатлаўды ҳәм енгизиўди, сондай-ақ, елимиздиң илимий-изертлеў ҳәм мәлимлеме-талқылаў мәкемелериниң жумысын муўапықластырыўды тәмийинлейтуғын бирден-бир уйым жоқ;

инновациялық идеяларды, қолланбалар менен технологияларды әмелге асырыўда мәмлекетлик-жеке меншик шериклик имканиятларын кеңнен енгизиўге, сондай-ақ, инновациялық өнимлерди енгизиў ушын инфраструктураны жетилистириўге жетерли итибар қаратылмай атыр;

жоқары технологиялар, ноу-хау ҳәм заманагөй қолланбаларды енгизиўди талап ететуғын тийкарғы салалар менен тармақларды анықлаў бойынша системалы және мақсетке бағдарланған жумыс жолға қойылмаған;

инновациялық идеялар, қолланбалар менен технологиялар саласында жоқары потенциалға ийе болған шет ел (халықаралық) шөлкемлери менен бирге ислесиў төмен дәрежеде сақланып қалмақта.

Бар машқалаларды шешиў, сондай-ақ, инновациялық жумысты қоллап-қуўатлаў, инновациялық идеяларды, қолланбалар менен технологияларды, илимий жетискенликлерди енгизиўди хошаметлеўдиң институциональлық ҳәм шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый тийкарларын түп-тийкарынан жетилистириў мақсетинде Өзбекистан Республикасы Президенти тәрепинен «Өзбекистан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлигин шөлкемлестириў ҳаққында»ғы Пәрман қабыл етилди. Бул пәрманға инновациялық идеяларды, қолланбалар менен технологияларды кеңнен енгизиў бағдарында Ҳәкимшилик реформалар концепциясын әмелде жүзеге шығарыў бойынша әҳмийетли қәдем сыпатында қараў мүмкин.

Пәрман менен стратегиялық режелестириў системасын жаратыў, мәмлекетлик басқарыўдың инновациялық түрлерин әмелге енгизиў, илим ҳәм инновациялық жумысты раўажландырыўдың заманагөй инфраструктурасын қәлиплестириў, инвестицияларды кеңнен тартыў, ҳуқықый базаны жетилистириў, илимий-изертлеўди және инновациялық жумысты қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеў, социаллық ҳәм экономикалық турмыстың әҳмийетли салаларына алдынғы технологияларды жедел енгизиў сыяқлы елимизди инновациялық раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары белгиленди.

Пәрман менен Өзбекистан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги шөлкемлестирилди ҳәм оның мәмлекетлик және жәмийетлик қурылыс, экономика, аўыл хожалығы, социаллық раўажланыў, алдынғы технологияларды енгизиў, сондай-ақ, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбияттан пайдаланыў салаларындағы жумысының тийкарғы бағдарлары нәзерде тутылды.

Соннан келип шығып, Инновациялық раўажланыў министрлиги Өзбекистан Республикасының инновациялық ҳәм илимий-техникалық раўажланыўы саласындағы бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асыратуғын уйым етип белгиленди.

Министрлик мәмлекетлик илимий-техникалық бағдарламалар менен жойбарлардың бирден-бир буйыртпашысы болады, инновациялық идеяларды, қолланбалар менен технологияларды енгизиў бойынша мәмлекетлик басқарыў уйымлары, илимий-изертлеў, мәлимлеме-талқылаў мәкемелери ҳәм басқа да шөлкемлердиң жумысын муўапықластырады.

Инновациялық технологиялардың есабынан раўажланыўдың заманагөй қатнасықларын ислеп шығатуғын, шәртли түрде «келешек министрликлери» деп аталатуғын қәнигелестирилген ведомстволарды шөлкемлестириў бойынша жәҳән тенденциясын атап өтиў зәрүр.

Жумыста бир-бирин қайталаўдан бас тартыў, бирден-бир көз-қарасларды тәмийинлеў мақсетинде 2018-жыл 1-январьдан баслап Илим ҳәм технологиялар бойынша Мәмлекетлик комиссиясы, Илим ҳәм технологиялар бойынша Мәмлекетлик комиссия жанындағы Илимий-техникалық жумысты қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў қоры, сондай-ақ, Илим ҳәм технологиялар агентлиги сапластырылмақта.

Шөлкемлестирилген Инновациялық раўажланыў ҳәм новаторлық идеяларды қоллап-қуўатлаў қоры өткерилип атырған изертлеўлер бойынша есап бериўдиң ашық-айдын системасынан пайдаланған ҳалда инновациялық идеяларды ҳәм оларды ислеп шығыўды қаржыландырыўдың орайластырылған дәреги болып есапланады.

Пәрманды әмелге асырыў шеңберинде жумыста бир-бирин қайталаўдан бас тартыў мақсетинде министрликлер, ведомстволар, илимий-изертлеў ҳәм мәлимлеме-талқылаў мәкемелериниң ўазыйпалары менен функциялары қайта көрип шығылады, олардың шөлкемлестириўшилик-штат структуралары ҳәм ўәкилликлери оптималластырылады.

Соның менен бир қатарда, илимий-изертлеў жумысын түп-тийкарынан жетилистириў ҳәм оның нәтийжелерин әмелиятқа енгизиў, сондай-ақ, илимий-эксперименталь қәнигелестирилген лабораторияларды, жоқары технологиялар орайларын, жоқары технологиялы өнимлерди ислеп шығарыў бойынша технопарклерди шөлкемлестириў мақсетинде Илимлер академиясы ҳәм Жоқарғы аттестация комиссиясының жумысын сын көз-қарастан үйрениў тапсырылды.

Пәрманда инновацияларды енгизиўдиң нызамлы тийкарларын жаратыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Усы мүнәсибет пенен, илимий ҳәм инновациялық жумысты мәмлекет тәрепинен тәртипке салыў принциплерин ҳәм қоллап-қуўатлаў түрлерин, инновациялық идеялар, қолланбалар менен технологиялардан пайдаланыў имканиятларын кеңейтиўди белгилейтуғын «Инновациялық жумыс ҳаққында»ғы ҳәм «Илим ҳаққында»ғы нызамлардың жойбарлары ислеп шығылады.

Инновациялық раўажланыў министрлигиниң шөлкемлестирилиўи инновациялық ҳәм илимий-техникалық раўажланыў саласында бирден-бир мәмлекетлик сиясаттың әмелге асырылыўын тәмийинлеўге қаратылған. Жаңа ведомство инновациялық идеяларды, қолланбалар менен технологияларды жүзеге шығарыў ушын бюджет қаржыларынан ақылға уғрас пайдаланған ҳалда бар ресурслар менен қаржылардың жумсалыўын тәмийинлейди.

Нәтийжеде, Өзбекистанды раўажландырыўдың инновациялық жолы экономикалық жетилисиўдиң ҳәрекетке келтириўши күши, елимиздиң турақлылығын ҳәм халықтың абаданлығын тәмийинлеўдиң факторы болыўы зәрүр.