Өзбекистан Республикасы Президентиниң пәрманы

&атанымыздың ғәрезсизлигин беккемлеў, миллий идеяны раўажландырыў, руўхыйлығымызды тиклеў, өзлигимизди аңлаў жолында үлкен үлес қосқан, жарқын таланты менен дөретиўшилиги, илимий жумысы, ҳадал хызмети, жасларды ана-Ўатанға муҳаббат, ғәрезсизлик идеяларына садықлық руўхында саламат ҳәм бәркамал етип тәрбиялаў және жәмийетлик жумысларда белсене қатнасқаны ушын төмендегилер ҳүрметли атақлар ҳәм орденлер менен сыйлықлансын:

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

«Өзбекистан Республикасына хызмет көрсеткен мәденият хызметкери»

Генжемуратов Бахтияр Алламбергенович – Өзбекистан Жазыўшылар аўқамының ағзасы, шайыр
Сапаев Сададдин Мамбетович – Елликқала районы мәденият бөлимине қараслы «Бостан» қосық ҳәм аяқ ойын халық ансамблиниң көркемлик жақтан басшысы

 

«Өзбекистан Республикасына хызмет көрсеткен денсаўлықты сақлаў хызметкери»

Омарбаева Шәригүл – Қараөзек районы медицина бирлеспесиниң неонатолог шыпакери

 

«Өзбекистан Республикасына хызмет көрсеткен спортшы»

 

Жаңабаев Рустам Кәмилжан улы – Аўыр атлетика бойынша Өзбекистан миллий сайланды командасының ағзасы

 

«Өзбекистан Республикасына хызмет көрсеткен халық билимлендириў хызметкери»

Байманова Тамара Аллияровна – Қараөзек районындағы 31-санлы қәнигелестирилген улыўма орта билим бериў мектебиниң химия пәни оқытыўшысы

 

«Меҳнат шуҳрати» ордени менен

Ходжанов Муратбай Турдымуратович – Қарақалпақстан Республикасы телерадиокомпаниясы Қарақалпақстан телеканалының режиссёры

 

Елимизде ҳәр тәреплеме саламат ҳәм бәркамал әўладты тәрбиялаў жумысына қосқан үлкен үлеси және жасларды Ўатанға муҳаббат, ғәрезсизлик идеяларына садықлық, саламат турмыс тәризиниң принциплери руўхында тәрбиялаўдағы хызметлери ушын төмендегилер сыйлықлансын:

 

«Дослық» ордени менен

Палуаниязова Улмекен Жолдасбаевна – Қарақалпақстан Республикасы телерадиокомпаниясы Қарақалпақстан радиоканалы бас редакторының орынбасары

 

Елимизде әмелге асырылып атырған руўхый-ағартыўшылық ҳәм социаллық реформалардағы белсене қатнасы, нәтийжели мийнети, жас әўладты ана-Ўатанға муҳаббат, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдриятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў жумысына қосқан үлеси ушын төмендегилер сыйлықлансын:

 

«Шуҳрат» медалы менен

Дәўлетмуратова Гүлнара Бегдуллаевна – Тахтакөпир районы «Тахтакөпир таңы» газетасының редакторы
Сейтмуратов Матеке Мухаматдинович – Өзбекистан Миллий телерадиокомпаниясы Нөкис телерадиоорайы көшпели техника қураллары топарының аға элетромеханиги
Уразбаев Дарменбек Турдыбекович – «Тасвирий ойина» дөретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы

 

Өзбекистан Республикасы

           Президенти                       Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2017-жыл 25-август