USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Пийшемби, 28 Март

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

2020-ЖЫЛДА РӘСМИЙ СӘНЕЛЕРДИ БЕЛГИЛЕЎ ДӘЎИРИНДЕ ҚОСЫМША ИСЛЕМЕЙТУҒЫН КҮНЛЕРДИ БЕЛГИЛЕЎ ҲӘМ ДЕМ АЛЫС КҮНЛЕРИН КӨШИРИЎ ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң

пәрманы

2020-жылда пуқаралардың рәсмий сәнелерди белгилеў дәўиринде толық дем алыўы ушын шараятлар жаратыў, дем алыс ҳәм байрам күнлеринен ақылға уғрас пайдаланыўын тәмийинлеў мақсетинде:

1. 2020-жылда 23-март – дүйшемби қосымша дем алыс күни етип белгиленсин.

2. 2020-жылда төмендеги дем алыс күнлери көширилсин:

4-январь – шемби 2-январь – пийшембиге;

29-август – шемби 31-август – дүйшембиге.

3. 2020-жыл 2-январь пийшемби ҳәм 2020-жыл 31-август дүйшемби күни барлық хызметкерлер ушын жумыс ҳәптесиниң түрине қарамастан, дем алыс күни есапланатуғыны;

бюджет шөлкемлеринде усы Пәрманның 1-бәнтинде белгиленген қосымша дем алыс күни ҳәр жылғы мийнет дем алысының даўамлылығын бир жумыс күнине қысқартыў есабынан қапланатуғыны;

ҳәр жылғы мийнет дем алысы дәўиринде сақланатуғын орташа айлық мийнет ҳақы муғдарын есаплаўда мийнет дем алысының әмелдеги даўамлылығы есапқа алынады, оған усы Пәрманда белгиленген қосымша дем алыс күни қосылатуғыны;

ҳәр жыллық мийнет дем алысының даўамлылығы қысқартыў есапқа алынған ҳалда он бес күн жумыс күнинен кем болмаўы керек екенлиги;

бюджет шөлкеми есапланбаған шөлкемлерде усы Пәрманның 1-бәнтине муўапық қосымша дем алыс күни мийнет дем алысына қосымша басқа күнлер менен бир қатарда финанслық имканиятлардан келип шыққан ҳалда, жәмәәтлик шәртнамалар ямаса жумыс бериўшилер тәрепинен кәсиплик аўқамлары комитетлери менен келисип қабыл етилетуғын басқа да локал нормативлик ҳүжжетлерде белгиленетуғыны белгилеп қойылсын.

4. Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети Өзбекстан жаслар аўқамы, Кәсиплик аўқамлар федерациясы кеңеси, «Uzbekistan Airways» АЖ ҳәм «Өзбекстан темир жоллары» АЖ, Қарақалпақстан Республикасы Минисрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте байрам (ислемейтуғын) күнлердиң созылыўын есапқа алған ҳалда, республика халқы ушын ишки туризм ушын шегирмелердиң берилиўин және акциялардың өткерилиўин шөлкемлестирсин.

5. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар, қалалар ҳәм районлардың ҳәкимликлери:

халықтың созылған байрам (ислемейтуғын) күнлеринде жақсы ҳәм пайдалы дем алыўын шөлкемлестириў бойынша системалы илажларды көрсин;

Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы менен биргеликте байрам күнлеринде өткерилетуғын илажлар ҳаққында халықты кеңнен хабардар етиўди тәмийинлесин.

6. Өзбекстан кәсиплик аўқамлары федерациясына:

мийнет жәмәәтлери арасында усы Пәрманның мақсети, мазмуны ҳәм мәниси ҳаққында түсиник жумысларын шөлкемлестириў;

созылған байрам күнлеринде хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзаларының кеўилли дем алыўын тәмийинлеў бойынша кәсиплик аўқамлар шөлкемлериниң жумысын жеделлестириў усыныс етилсин.

7. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                           Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2019-жыл 14-ноябрь

 

ӨзА