Өзбекистан Республикасы Президентиниң пәрманы

Елимиздиң экономикалық потенциалын арттырыў ҳәм реформаларды табыслы әмелге асырыў бағдарындағы үлкен хызметлери, көп жыллық нәтийжели мийнети менен аўыл ҳәм суў хожалығы, санаат, транспорт, байланыс ҳәм қурылыс салаларын раўажландырыў, жумыс ислеп атырған тармақларды заман талаплары тийкарында жетилистириў, алдынғы ҳәм инновациялық технологияларды енгизиў, салаға байланыслы мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўын тәмийинлеў жумысларына қосқан салмақлы үлеси және жәмийетлик турмыстағы белсене қатнасқаны ушын төмендегилерге ҳүрметли атақлар берилсин:

 

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

 

«Өзбекистан Республикасына хызмет көрсеткен ирригатор»

 

Матназаров Узақберген Аяпбергенович – «Төменги Әмиўдәрья» ирригация системалары бассейн басқармасының «Сүўенли» ирригация системасы басқармасының инженер-гидротехниги

 

Елимиздиң ғәрезсизлигин беккемлеў, оның экономикалық қүдиретин арттырыў жумысларына қосқан мүнәсип үлеси, елимизде барлық салаларда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардағы белсене қатнасы, Ўатанымыздың раўажланыўын ҳәм абаданлығын тәмийинлеў бағдарындағы көп жыллық пидакерлик мийнети, жәмийетимизде миллетлераралық дослық пенен татыўлықты тәмийинлеў және жас әўладты ўатанды сүйиўшилик ҳәм ғәрезсизлик идеяларына садықлық руўхында тәрбиялаўдағы үлкен хызметлери ушын төмендегилер сыйлықлансын:

 

 

«Эл-юрт ҳурмати» ордени менен

 

Камалов Қәллибек – Мийнет ветераны

 

«Фидокорона хизматлари учун» ордени менен

 

Сейтов Ниетбай Узақбаевич – «Қоңырат сода заводы» унитар кәрханасының компрессия цехының смена баслығы

 

«Меҳнат шуҳрати» ордени менен

 

Реимов Теңелбай Базарбаевич – «Тақыятас ыссылық электр станциясы» акционерлик жәмийетиниң 1-санлы қазан турбина цехының аға машинисти

 

«Дўстлик» ордени менен

 

Машенов Азамат Самендерович – «Өзбекгеофизика» акционерлик жәмийетиниң «Үстирт геофизика экспедициясы» филиалы «Арқа Өзбекистан» кән геофизика партиясының инженери
Саманов Бердибай – «Нураний» қорының Кегейли районы бөлиминиң баслығы

 

«Шуҳрат» медалы менен

(100 жастан асқанлар)

 

Аллияров Тәжигүл – Қанлыкөл районы

 

«Шуҳрат» медалы менен

 

Абдуллаев Бахытлыбай Саметович – Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысын муўапықластырыў бойынша Шымбай районы Кеңеси баслығының биринши орынбасары
Аннабаев Нарбай Асаматдинович – «Өз-Кор Газ Кемикал» қоспа кәрханасы басқарма баслығының орынбасары
Дәўлетова Гүлнара Хожабаевна – Нөкис қаласындағы «Нөкис Шымбай гүзары екинши коммуналлық» жеке меншик турақ жай мүлк ийелери ширкетиниң баслығы
Жарылқасынова Сулыў Тәңирбергеновна – «Саламат әўлад ушын» халықаралық қайырқомлық фондының Қанлыкөл районы таяныш пунктиниң директоры
Жумамуратова Гүлмира Хожамуратовна – Қоңырат районындағы өнермент-тигиўши

 

 

 

Өзбекистан Республикасы

           Президенти                       Ш.МИРЗИЁЕВ

 

Ташкент қаласы,

2017-жыл 26-август