Өзбекистан Республикасы Президентиниң пәрманы

Елимиз Қураллы Күшлериниң жаўынгерлик таярлығын арттырыўдағы хызметлери, миллий мәплеримизди қорғаў ҳәм тынышлықты тәмийинлеў, турақлылықты және жәмийетлик тәртипти беккемлеў бағдарындағы хызмет ўазыйпасын орынлаў ўақтында мәртлик, ерлик ҳәм пидайылық көрсеткени ушын төмендегилер сыйлықлансын:

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

«Дослық» ордени менен

Нурабуллаев Кеңесбай Зарипбаевич-Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги ҳуқықбузарлықлар профилактикасы басқармасының баслығы

«Садық хызметлери ушын» медалы менен

Ермашев Жеңис Маратович-Өзбекистан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы

«Шуҳрат» медалы менен

Жаметов Рашид Қдирбаевич-Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қалалық мәмлекетлик салық инспекциясының бөлим баслығы

Иматов Савид Базарбаевич– Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы ишки ислер уйымларында нызамшылықтың орынланыўы үстинен қадағалаў бөлиминиң үлкен прокуроры

Мирзамуратов Муратбек Баймуратович-Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы Қутқарыў отрядының инструктор-қутқарыўшысы

Өзбекистан Республикасы Президенти                        Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2017-жыл 26-август