Өзбекистан Республикасы Президентиниң пәрманы

Елимизде социаллық турақлылықты беккемлеўдиң әҳмийетли шәрти ҳәм гиреўи болған орта класс – мүлк ийелери класын қәлиплестириў, исбилерменлик орталығын жақсылаў, өзиниң жемисли мийнети, билим және тәжирийбеси менен республикамыздың экономикалық қүдиретин, оның экспорт потенциалын арттырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, халықты социаллық қоллап-қуўатлаў, қала ҳәм аўылларымызды абат етиў жумысларына үлкен үлес қосып киятырған елимиздиң исбилермен ҳәм фермерлериниң түмендеги мүнәсип ўәкиллери мәмлекетимиздиң орден ҳәм медальлары менен сыйлықлансын:

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

 «Шуҳрат» медалы менен

 

Панаев Утемурат

Бердимуратович

 

– Нөкис қаласындағы «Титан цемент» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң бас директоры

 

Өзбекистан Республикасы

           Президенти                       Ш.МИРЗИЁЕВ

 

Ташкент қаласы,

2017-жыл 26-август