Өзбекистан Республикасы Президентиниң пәрманы

Елимиз жаслары халқымыздың мийнетсүйгишлик, билим ҳәм ағартыўшылыққа умтылыў, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет, кеңпейиллик сыяқлы уллы пазыйлетлерди өзине жәмлеп, Ўатанымыздың мәплерин қорғай алатуғын бәркамал әўлад сыпатында жәмийетимизде мүнәсип орын ийелемекте.

Өзбек халқының үлкен потенциалы бүгинги күнде шешиўши күш болып турмысқа кирип атырған, заманагөй билим ҳәм кәсип-өнер сырларын тыянақлы ийелеген, сабырлы, нәўқыран жасларымыз тымсалында айқын көринбекте.

Елимиздиң өндирис, илим-пән, тәлим-тәрбия, медицина, мәденият, әдебият, көркем-өнер, спорт ҳәм басқа да салаларда белсендилик көрсетип,  елимиздиң раўажланыўына, оның дүнья жүзинде абыройын арттырыўға мүнәсип үлес қосып атырған ўатанды сүйетуғын ҳәм пидайы жасларымыздың ийгиликли умтылысларын қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеў мақсетинде төмендегилер елимиздиң  орден ҳәм медальлары менен сыйлықлансын:

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

 «Шуҳрат» медалы менен

 

Жумамуратов Рахат

Тлеумуратович

– Өзбекистан жаслар аўқамының Қарақалпақстан Республикасы Шымбай районы Кеңесиниң баслығы
Шразов Анвар

Асаматдинович

– Өзбекистан жаслар аўқамының Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси жанындағы «Жаслар орайы»ның шөлкемлестириў-кадрлар бөлиминиң баслығы

Өзбекистан Республикасы

           Президенти                       Ш.МИРЗИЁЕВ

 

Ташкент қаласы,

2017-жыл 26-август