Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Соңғы жылларда республикада исбилерменликти раўажландырыў, инвестицияларды тартыў ҳәм бизнес жүргизиў ушын қолайлы орталық жаратыў, исбилерменлердиң нызамлы мәплерин қорғаўдың ҳуқықый кепилликлерин беккемлеў тараўында кең көлемли жумыслар әмелге асырылды.

Соның ишинде, салық системасы түп-тийкарынан реформаланды, рухсат бериўши ҳүжжетлерди алыў тәртиби сезилерли дәрежеде әпиўайыластырылды, исбилерменлик субъектлериниң финанс-хожалық жумысына байланыслы болмаған жобалы тексериўлер бийкарланды.

2019-жылдың 8 шерегиниң жуўмақлары бойынша жойбарларды әмелге асырыўға 16,4 триллион сум көлеминде кредитлер ажыратылды, экономикада инвестицияларды өзлестириў көлемлери 1,3 есеге, жаңадан шөлкемлестирилген исбилерменлик субъектлериниң саны 2,3 есеге өсти.

Соның менен бирге, таллаў ҳәзирги ўақытта халықты исбилерменлик жумысына кеңнен ҳәм жедел тартыўға тосқынлық ететуғын, биринше гезекте мәмлекетлик уйымлардың исбилерменлер менен сөйлесиўдиң әмелий ҳәм ашық-айдын системасы жоқ екенлигине байланыслы болған бир неше унамсыз факторлар сақланып атырғанлығын көрсетеди. Атап айтқанда:

бириншиден, исбилерменлерди қабыл етиў ҳәм мүрәжатларын көрип шығыўдың бирден-бир системасы жоқ, бул болса жүзеге келип атырған мәселелерди толық қамтып алыў ҳәм жеделлик пенен шешиў имканиятын бермей атыр, исбилерменлердиң машқалалары және мүрәжатларын шешиўге жүзеки қатнаста болыў жағдайлары бар;

екиншиден, бар системалы машқалаларды таллаў бойынша жумыслардың нәтийжели әмелге асырылмағанлығы халықтың исбилерменлик белсендилигин арттырыў ҳәм исбилерменлик орталығын жақсылаў мәселелерин сапалы шешиў имканиятын бермей атыр;

үшиншиден, исбилерменликти раўажландырыўға ҳәм қолайлы инвестициялық орталықты қәлиплестириўге тосқынлық етип атырған әҳмийетли машқалаларды анықлаў ҳәм шешиў бойынша министрликлер, уйымлар, жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымларының жумысын муўапықластырыўдың тәсиршен механизми жоқ;

төртиншиден, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларының басшылары тәрепинен исбилерменлер менен тиккелей сөйлесиўге, сондай-ақ, олардың нызамлы талапларын анықлаў ҳәм оперативлилик пенен шешиўге және машқалаларды сапластырыўға жетерли дәрежеде итибар қаратылмай атыр;

бесиншиден,  исбилерменлердиң мүрәжатлары менен ислесиўде, әсиресе, орынларда бюрократлық тосқынлықлар ушырасып атыр, «Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен» бағдарламасы ҳәм исбилерменлердиң киши ҳәм орта бизнести раўажландырыўға бағдарланған басламаларын өз ўақтында әмелге асырыў, бул процесске жаслар ҳәм ҳаял-қызларды тартыў, турақлы жаңа жумыс орынларын жаратыў, халықтың түрли қатламларының материаллық абаданлығын  арттырыў барлық дәрежедеги ҳәкимликлер ҳәм олардың басшылары тәрепинен зәрүр дәрежеде қоллап-қуўатланбай атыр.

Исбилерменлердиң, соның ишинде, сырт ел инвесторларының мүрәжатлары менен ислесиўди шөлкемлестириў сапасын ҳәм оперативлилигин арттырыў, олар менен ашық-айдын ҳәм тиккелей сөйлесиўди тәмийинлеў, олардың нызамлы талапларын әмелий және нәтийжели әмелге асырыў ҳәм машқалалы мәселелерди шешиў, аймақлардың социаллық-экономикалық раўажланыўына реал үлесин көбейтиў, халықтың жумыс пенен бәнтлигин арттырыў және оның материаллық абаданлығын арттырыў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықларын ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Әдиллик министрлиги, Мәмлекетлик салық комитети, Саўда-санаат палатасының Өзбекстан Республикасы Бас министриниң Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханаларын (кейинги орынларда – Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханалары) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.
  2. Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханалары жумысының тийкарғы бағдарлары етип төмендегилер белгиленсин:

исбилерменлик субъектлерин ҳәм сырт ел инвесторларын қабыл етиў, соның ишинде, видеоконференцбайланыс қуралында да көшпели қабыллаў өткериў;

исбилерменлик субъектлериниң, соның ишинде, сырт ел инвесторларының ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерине әмел етилиўин тәмийинлеў;

исбилерменликти раўажландырыўға тосқынлық етип атырған машқалалы мәселелерди көрип шығыў ҳәм бар бюрократлық, соның ишинде, жер участкалары ҳәм имаратлар, кредитлер ажыратыў, рухсат бериўши ҳүжжетлерди алыў мәселелериндеги тосқынлықларды сапластырыў;

исбилерменликти раўажландырыўға ҳәм сырт ел инвестицияларын тартыўға тосқынлық етип атырған системалы машқалаларды мониторинг етиў, улыўмаластырыў ҳәм таллаў, сондай-ақ, бул тараўдағы нызам ҳүжжетлерин жетилистириў бойынша усыныслар таярлаў;

исбилерменлердиң машқалаларын шешиў мақсетинде оларды қабыл етиў, улыўмаластырыў, мониторинг алып барыў ҳәм қадағалаў ушын нәтийжели платформа енгизилиўин нәзерде тутатуғын «business.gov.uz» бирден-бир интерактив порталының жумыс алып барыўын тәмийинлеў.

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети структурасында Өзбекстан Республикасы Бас министриниң Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханаларының жумысын шөлкемлестириў ҳәм муўапықластырыў секретариаты (кейинги орынларда – Секретариат) 1-қосымшаға муўапық шөлкемлестирилсин.
  2. Төмендегилер:

Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы Өзбекстан Республикасы Бас министриниң Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханаларының үлги структурасы 2-қосымшаға муўапық;

районлар ҳәм қалалардағы Өзбекстан Республикасы Бас министриниң Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханаларының үлги структурасы 3-қосымшаға муўапық;

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханаларының жумысын шөлкемлестириў схемасы 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханаларында исбилерменлерди, соның ишинде, сырт ел инвесторларын қабыл етиў ҳәкимликлер, Саўда-санаат палатасының исблерменликке жәрдемлесиў орайлары, инвестициялар ҳәм саўда, әдиллик, салық инспекциясы, қурылыс, мәмлекетлик кадастр уйымлары, банк ҳәм басқа да шөлкемлердиң аймақлық уйымларының ўәкиллери қатнасыўында тастыйықланған кесте бойынша ҳәр күни әмелге асырылады;

мүрәжатта көрсетилген нызамлы талаплар ҳәм усынысларды район ҳәм қала дәрежесинде қанаатландырыў имканияты болмаса, олар Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханаларына жибериледи;

республика дәрежесинде шешилиўи керек болған исбилерменлердиң, соның ишинде, сырт ел инвесторларының мүрәжатлары кейин ала Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Саўда-санаат палатасының басшылары ҳәм басқа да ўәкилликли уйымлардың қатнасыўында көрип шығыў ушын Секретариатқа жибериледи;

Өзбекстан Республикасының Бас министри мүрәжатлары ўәкилликли уйымлар тәрепинен шешилмеген исбилерменлик субъектлерин, соның ишинде, сырт ел инвесторларын турақлы түрде жеке қабыл етеди;

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң қарары талап етилетуғын исбилерменлердиң, соның ишинде, сырт ел инвесторларының мүрәжатлары Секретариат тәрепинен оны көрип шығыў ҳәм тийисли қарар қабыл етиў ушын киргизиледи;

исбилерменлердиң мүрәжатларында көрсетилген мәселелерди тәртипке салыўшы нормалар болмаған жағдайда, Секретариат тәрепинен нызам ҳүжжетлерин жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығылады ҳәм Өзбекстан Республикасының Бас министрине белгиленген тәртипте көрип шығыў ушын киргизиледи;

Секретариат Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил менен биргеликте исбилерменликти раўажландырыўға тосқынлық етип атырған себеплер ҳәм шараятларды аймақлар және тараўлар кесиминде турақлы түрде таллайды ҳәм системаластырады, Өзбекстан Республикасының Бас министрине исбилерменлик орталығын жақсылаў бойынша ҳәр шеректе анық усыныслар киргизеди.

  1. Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханаларында исбилерменлердиң мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, қадағалаўшы ҳәм ҳуқықты қорғаўшы структуралар, сондай-ақ, басқа да шөлкемлердиң лаўазымлы шахсларының ҳәрекети (ҳәрекетсизлиги) бойынша мүрәжатлары көрип шығылатуғыны;

қарары ямаса ҳәрекети (ҳәрекетсизилиги) үстинен шағым етип атырған шөлкемлердиң лаўазымлы шахсларына мүрәжатларды көрип шығыў ушын тийкарсыз тапсырыў қадаған етилетуғыны;

Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханалары өз жумысын Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы, районлар ҳәм қалалардағы Исбилерменликке жәрдемлесиў орайлары, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметлер агентлиги ҳәм оның аймақлық орайлары менен биргеликте әмелге асыратуғыны;

Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханалары аймақларды комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў секторлары (кейинги орынларда – секторлар), мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер менен биргеликте исбилерменлик субъектлериниң машқалаларын анықлайтуғыны ҳәм оларды шешиўин тәмийинлейтуғыны;

Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы, районлар ҳәм қалалардағы Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханалары секторлар ҳәм аймақлық шөлкемлер басшыларының исбилерменлердиң ҳуқықларын ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеў бойынша жумысы ҳаққындағы мәлимлемени ҳәр шеректе тийисли халық депутатлары Кеңеси мәжилислеринде додалаў ушын киргизилетуғыны, усы мәлимлеме бойынша жуўапкер шөлкемлердиң басшыларының есаплары тыңланатуғыны белгиленсин.

7 Төмендеги есап системасы әмелиятқа енгизилсин, оған муўапық:

а) районлар ҳәм қалалардағы Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханалары ҳәр айдың 5-сәнесине шекем Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, Ташкент қаласындағы Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханаларына әмелге асырылған жумыслар ҳаққындағы есапты ҳәм исбилерменликти раўажландырыўға және инвестицияларды тартыўға тосқынлық етип атырған системалы кемшиликлер ҳаққындағы мәлимлемени киргизеди;

Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханаларының басшылары ҳәр айдың 7-сәнесине шекем  Секретариатқа әмелге асырылған жумыслар ҳаққындағы таллаўлардың жыйнағы ҳаққында мағлыўмат ҳәм исбилерменликти раўажландырыўға және инвестицияларды тартыўға тосқынлық етип атырған системалы машқалаларды сапластырыў бойынша тийкарланған усынысларды киргизеди;

Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханалырының жумысының нәтийжелери ҳәр шеректе Өзбекстан Республикасы Бас министриниң басшылығында айрықша мәжилислерде, соның ишинде, видеоконференцбайланыс арқалы көрип шығылады;

б) Секретариат Өзбекстан Республикасының Бас министрине исбилерменлерден, соның ишинде, сырт ел инвесторларынан Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханаларына келип түскен мүрәжатлардың көрилиў процеси  ҳаққында ҳәр ҳәптеде мағлыўмат киргизеди;

в) Өзбекстан Республикасының Бас министри ҳәр шеректе Өзбекстан Республикасының Президентин:

Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханаларының жумыс нәтийжелери, исбилерменлер ҳәм олардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў, сондай-ақ, мәмлекетте кемшиликлерди сапластырыў бойынша көрилип атырған илажлар ҳаққында;

қабыл етилген қарарлар ямаса лаўазымлы шахсларды хошаметлеў яки оларды исбилерменлик субъектлериниң, соның ишинде, сырт ел инвесторларының мүрәжатларын жүзеки көрип шыққанлығы ямаса көрип шығыўында ҳәрекетсизлиги ушын жеке жуўапкершиликке тартыў бойынша усыныслар ҳаққында хабардар етеди.

8.Төмендегилерге:

әдиллик министрлиги Р.Давлетовқа – Мәмлекетлик хызметлер агентлиги бөлимлериниң Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханалары менен нәтийжели өз-ара бирге ислесиўи, нызам ҳүжжетлериндеги бослықларды ҳәм кемшиликлерди шешиў бойынша нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларының өз ўақтында ҳәм сапалы ислеп шығылыўы, исбилерменлик жумысының еркинлик кепилликлери тәмийинлениўи бойынша илажлар көрилиўи ушын;

Саўда-санаат палатасының баслығы А.Икромовқа – Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханалары тәрепинен исбилерменлердиң қабыл етилиўин шөлкемлестириўде жәрдем бериў, аймақлар ҳәм басқарыў уйымлары кесиминде исбилерменликти раўажландырыўға тосқынлық етип атырған системалы машқалаларды анықлаў, нызам ҳүжжетлерин жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығылыўы ушын;

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил Д.Қосимовқа – Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханаларына мүрәжат еткен исбилерменлерге жәрдем бериў бойынша әмелий илажлар көрилиўи ҳәм олардың ҳуқықлары және нызамлы мәплери бузылғанлығы ушын қадағалаўшы ҳәм басқа да уйымлардың айыпкер лаўазымлы шахсларының жуўапкершиликке тартылыўы ушын;

инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министри С.Умурзоқовқа – Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханаларына сырт ел инвестицияларын тартыў ҳәм олардың қатнасыўындағы жойбарларды әмелге асырыўға байланыслы машқалаларды шешиўде, сондай-ақ, сыртқы саўда жумысын әмелге асырыў ҳәм ислеп шығарылып атырған өнимлердиң сыртқы базарларға кириўине жәрдемлесиў ушын;

Есап палатасының баслығына – Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханаларына келип түскен исбилерменлер мүрәжатларының ўәкилликли уйымлар тәрепинен өз ўақтында көрип шығылыўын қадағалаў, олардың мүрәжатлары бойынша көрилип атырған илажлардың сапасы ҳәм Министрлер Кабинетине айыпкер лаўазымлы шахсларды белгиленген тәртипте жуўапкершиликке тартыў бойынша усыныслар киргизилиўи ушын;

министрликлер, уйымлар, жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымларының басшыларына – Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханалары менен нәтийжели өз-ара бирге ислесиўи, исбилерменлердиң машқалаларының қалыс ҳәм әдил түрде шешилиўи, мүрәжатларды көрип шығыў нәтийжелери ҳаққында тийисли Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханаларына, соның ишинде, «business.gov.uz» бирден-бир интерактив порталынан пайдаланған ҳалда хабар берилиўи ушын жеке жуўапкершилик жүкленсин.

  1. Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханаларының штат бирлиги тийисли Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери аппаратларының, Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги, Мәмлекетлик салық комитети ҳәм Әдиллик министрлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметлер агентлиги аймақлық бөлимлериниң штат бирликлерин 5-қосымшаға муўапық кысқартыў есабынан қәлиплестирилетуғыны;

Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы. сондай-ақ, районлар ҳәм қалалардағы Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханалары хызметкерлериниң Бирден-бир тариф сеткасы бойынша разрядлары ҳәм оларға мийнетке ҳақы төлеў фондының структурасы 6 ҳәм 6а-қосымшаларға муўапық белгиленетуғыны;

Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы. сондай-ақ, районлар ҳәм қалалардағы Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханалары хызметкерлерине алдын жумыс ислеген орнында көп жыллық мийнети ушын берилген үстемелер ҳәм қосымша ҳақы, әскерий (арнаўлы) атақлар ҳәм мәртебе дәрежелери сақланып қалынатуғыны;

Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханаларының басқарыў хызметкерлери Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң тийисли қарары менен белгиленген тәртипте лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм лаўазымнан азат етилетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы, районлар ҳәм қалалардағы Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханаларын тийисли мәмлекетлик хызметлер орайларының имаратларында жайластырыў бойынша бир ҳәпте мүддетте Өзбекстан Республикасының Бас министрине көрип шығыў ушын усыныслар киргизсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы, районлар ҳәм қалалардағы Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханаларын зәрүр мебель ҳәм инвентарьлар, мәлимлеме-коммуникация қураллары (компьютер, принтер, көширме көширетуғын аппарат, интернет), байланыс қураллары (телефон, факс) менен тәмийинлеў бойынша он күнлик мүддетте Өзбекстан Республикасының Бас министрине көрип шығыў ушын тийкарланған усыныслар киргизсин.

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги:

Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханаларын қаржыландырыў, соның ишинде, олардың хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеў, материаллық-техникалық тәмийнаты ҳәм олардың жумысына байланыслы басқа да қәрежетлерди қаплаў ушын Өзбекстан Республикасы  Мәмлекетлик бюджетиниң қаржылары есабынан зәрүр қаржылар;

Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханалары ушын 14 автотранспорт қуралын сақлаў ушын лимит ажыратсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте «business.gov.uz»  бирден-бир интерактив порталын ислеп шықсын ҳәм иске түсирсин, онда төмендеги тийкарғы имканиятлардың бар болыўы нәзерде тутылсын:

исбилерменлер тәрепинен аймақлар, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары ҳәм басқа да параметрлердиң кесиминде машқала келип шыққан анық бизнес-процести сәўлелендиретуғын мүрәжат етилиўи;

арза бериўши тәрепинен өзиниң жеке кабинети арқалы мүрәжаттын көрип шығылыў процесиниң реал ўақыт режиминде бақлап барылыўы;

қолайлы исбилерменлик орталығын қәлиплестириўге тосқынлық етип атырған системалы машқалаларды автоматластырылған режимде анықлаў имканиятын беретуғын исбилерменлер мүрәжатларының системаластырылған бирден-бир мағлыўматлар базасы жаратылыўы.

  1. Министрлер Кабинети еки ҳәпте мүддетте:

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханаларының жумысын шөлкемлестириў ҳәм муўапықластырыў секретариаты ҳаққындағы режени;

Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы Өзбекстан Республикасы Бас министриниң Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханалары ҳаққындағы режени;

районлар ҳәм қалалардағы Өзбекстан Республикасы Бас министриниң Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханалары ҳаққындағы режени тастыйықласын.

  1. Өзбекстан Республикасы Бас министриниң биринши орынбасары – А.Ж.Раматов Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил Д.С.Қосимов, Әдиллик министрлиги (Р.К.Давлетов), Мәмлекетлик салық комитети (Б.А.Мусаев), Саўда-санаат палатасы (А.И.Икромов) ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте он күн мүддетте Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханаларын оларға жүкленген ўазыйпаларды жоқары профессионаллық дәрежеде шешиўди тәмийинлей алатуғын жоқары қәнигели кадрлар менен тәмийинлеўге байланыслы усынысларды Министрлер Кабинетине көрип шығыў ушын киргизсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Әддиллик министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында еки ай мүддетте Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  3. Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ғалаба хабар қуралларында Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханаларының мақсет ҳәм ўазыйпаларын, сондай-ақ, олардың жумыс нәтийжелерин сәўлелендириў бойынша мақалалар, темаға байланыслы көрсетиўлер ҳәм еситтириўлерди шөлкемлестирсин.

«Uzbekistan Airports» АЖ Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханалары ҳаққындағы мағлыўмат баннерлерин аэропортлардың терминалларында жайластырылыўын тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Арипов усы Пәрманда белгиленген талаплар ҳәм ўазыйпаларды өз ўақтында әмелге асырыў бойынша анық илажлардың комплекси – «Жол картасын» бир ҳәпте мүддетте ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.
  2. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2019-жыл 14-май