Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Соңғы жылларда мәмлекетимиз турмысының барлық тараўлары менен тармақларын XXI әсирдиң жоқары демократиялық талаплары тийкарында жаңалаў, инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлери, мәплерин тәмийинлеў, дүнья жүзи жәмийетшилиги менен үйлесикли болып жасаў, миллий тиклениўден миллий раўажланыўға ерисиў жолында үлкен жумыслар әмелге асырылмақта.

Мине, усындай стратегиялық мақсетлердиң ең әҳмийетли ажыралмас бөлеги болған илим ҳәм тәлим-тәрбия системасын, соның ишинде, жоқары билимлендириўдиң раўажланыўын жаңа басқышқа көтериў тийкарғы мәселе сыпатында күн тәртибине қойылмақта.

Мине, усы тийкарда инсанның фундаменталлық ҳуқықларынан бири болған билим алыў, заманагөй кәсип өнерлер, маманлық дәрежелерин ийелеў бойынша үлкен имканиятлар жаратылмақта.

Қысқа мүддетте республикамызда жоқары билимлендириў мәкемелериниң саны дерлик еки есеге артқаны, базар экономикасы талапларынан келип шыққан ҳалда, жаңа жоқары оқыў орынлары, атап айтқанда абырайлы сырт ел университетлериниң филиаллары ашылып атырғаны, системада оқыўдың күндизги түри менен бирге кешки ҳәм сыртқы бөлимлердиң жумысы жолға қойылғаны, мектеп питкериўшилериниң жоқары билимлендириў мәкемелерине қамтып алыныўы 2016 жылдағы 9 проценттен бүгинги күнге келип 28 процентке жеткенин айрықша атап өтиў керек.

Соның менен бирге, бүгинги күнде биз өз алдымызға қойған, ҳәр тәреплеме раўажланған жаңа Өзбекстан мәмлекети ҳәм жәмийетин қурыў, Үшинши Ренессанстың тырнағын жаратыў сыяқлы үлкен ўазыйпалар елимизде жоқары интеллектуаллық потенциалға ийе болған, жәҳән мийнет базары, илим ҳәм технологиялар дүньясында бәсекилес, заманагөй билим және көнликпелерди терең өзлестирген, жоқары маман, еркин пикирлейтуғын, ўатанын сүйиўши кадрлар таярлаўдың улыўма тән алынған халықаралық стандартлар тийкарындағы инновациялық системасын қәлиплестириў бағдарындағы жумысларымызды сапа жағынан және де күшейтиўди талап етпекте.

Онда, әлбетте, мәмлекетимиздеги жоқары билимлендириў системасының жол баслаўшысы – флагманы сыпатында республикамыз ҳәм дүнья жүзи тәжирийбесиниң ең алдынғы жетискенликлерин өзинде жәмлейтуғын, барлық институт ҳәм университетлеримизге үлги модель болып хызмет ететуғын жаңа заманагөй университтети шөлкемлестириў айрықша әҳмийетке ийе болып есапланады.

Халқымыз, бәринен бурын, жасларымыздың талап ҳәм тилеклерин есапқа алып және мәмлекетимиздиң жоқары билимлендириў тараўындағы кадрлар таярлаў потенциалын арттырыў, бул бағдарда перзентлеримиз ушын және де кең имканиятлар менен шараятлар жаратыў мақсетинде:

  1. Мәмлекетимиз пайтахты Ташкент қаласында «Жаңа Өзбекстан» университети (кейинги орынларда – Университет) шөлкемлестирилсин.

Университет мәмлекетлик жоқары оқыў орны есапланатуғыны;

Университетте билимлендириў процеси абырайлы сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелери менен биргеликте шөлкемлестирилетуғыны;

Университетти тамамлаған Өзбекстан Республикасы пуқаралары Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги тәрепинен Миллий кадрлар резервине алынатуғыны ҳәм 5 жыллық жумыс тәжирийбесинен кейин басшы лаўазымына тайынланатуғын перспективалы талабанлар дизимине киргизилетуғыны;

Университет Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик гербиниң сүўрети ҳәм мәмлекетлик тилде атамасы түсирилген мөр, банк есап-бетлери, штамп ҳәм басқа да реквизитлерге ийе болатуғыны белгиленсин.

  1. Төмендегилер Университеттиң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

абырайлы сырт ел оқыў орынларының билимлендириў бағдарламалары тийкарында жоқары заманагөй кәсиплик билим ҳәм маманлыққа ийе болған, халықаралық көлемде бәсекиге шыдамлы перспективалы кадрларды таярлаў;

оқыў-тәрбия процесин алдынғы педагогикалық ҳәм заманагөй мәлимлеме технологияларын қолланған ҳалда дүнья жүзиниң жетекши университетлеринде енгизилген билимлендириў технологиялары менен усыллары тийкарында шөлкемлестириў;

студентлердиң интеллектуаллық қәбилетин раўажландырыў, билимин әмелий тәжирийбелер арқалы беккемлеўге, оқыў материалларын нәтийжели ҳәм пуқта өзлестириўге хызмет ететуғын ҳәр тәреплеме қолайлы система орталығын қәлиплестириў;

социаллық-экономикалық тараўлардағы талаплардан келип шығып, илимий-изертлеў жумысларын алып барыў, сондай-ақ, сырт еллердеги абырайлы, тән алынған илимий орайлар менен тығыз бирге ислесиў, студентлерди илимий ҳәм инновациялық жумысқа кеңнен тартыў;

билимлендириўдиң үзликсизлигин ҳәм сапасын тәмийинлеў бағдарында Президент мектеплери, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплерге методикалық жәрдем көрсетиў.

  1. а) Университет төмендегилерди еркин түрде әмелге асыратуғыны:

Университтетиң структурасын ҳәм штатлар кестесин тастыйықлаў, сондай-ақ, бакалавриат ҳәм магистратурада оқыў тәртибин белгилеў;

сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелери менен дүзилген келисимлер тийкарында билимлендириў бағдарларын белгилеў, оқыў режелери ҳәм бағдарламаларын тастыйықлаў ҳәм педагог хызметкерлердиң мийнетин нормалластырыў;

жоқары маман, соның ишинде, сырт мәмлекетлердеги жетик қәнигелерди тартыў, оларға мийнет базарының әмелдеги конъюнктурасын есапқа алған ҳалда Университет хызметкерлериниң мийнет ҳақысы ҳәм басқа да төлемлердиң муғдарын белгилеў;

бакалавриат, магистратура ҳәм докторантураға қабыллаў шәртлерин, сондай-ақ, студентлерди қабыллаўда тест сынақларының пәнлер комплексин ҳәм оқыў ушын төлем муғдарын белгилеў;

инновациялық ҳәм илимий жумысты алып барыў, илимниң жетискенликлерин коммерцияластырыў ҳәм финанслық ресурсларды тартыў ушын коммерциялық ҳәм коммерциялық емес шөлкемлер (стартап, қор ҳәм басқалар) дүзиў;

сырт ел билимлендириў ҳәм илимий шөлкемлери менен тиккелей сөйлесиўлер алып барыў ҳәм өз жумысына байланыслы финанслық-экономикалық және административлик басқарыў бойынша қарарларын қабыл етиў;

б) Университетте тәлим-тәрбия процесслери миллий ҳәм улыўма инсанийлық қәдириятлар тийкарында алып барылатуғыны ҳәм студентлерде жоқары руўхый ҳәм әдеп-икрамлылық пазыйлетлерин раўажландырыў, Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық, халық мәплери ушын хызмет етиў сезими менен жасайтуғын бәркамал әўлад сыпатында тәрбиялаўға хызмет ететуғыны;

в) Университетте билимлендириў процеси 2021/2022-оқыў жылынан басланатуғыны ҳәм мәмлекетлик және инглис тиллеринде, кредит-модуль системасы тийкарында алып барылатуғыны;

г) Университетте билимлендириў процеси мәмлекетлик грант ҳәм төлемли-контракт тийкарында әмелге асырылатуғыны;

д) студентлерди қабыллаў параметрлери Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплерди раўажландырыў агентлиги (кейинги орынларда – Агентлик) менен келисилген ҳалда Университет тәрепинен орнатылатуғыны;

е) Университетте оның илимий потенциалынан келип шығып, илимий ҳәм илимий-педагогикалық кадрлар таярлаў жолға қойылатуғыны;

ж) Университетте билимлендириў процеси «илим – билимлендириў – өндирис интеграциясы» принципи тийкарында шөлкемлестирилип, студентлер 1-курстан өндирис ҳәм илимий-изертлеў орайларына бириктирилетуғыны ҳәм питкериўши курс студентлери ушын «Эл-юрт умиди» қорының есабынан жетекши сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелеринде оқытыўды даўам еттириў ҳәм питкериў алды әмелиятын абырайлы сырт ел компанияларында өтеў имканияты жаратылатуғыны;

з) Агентлик Университетке маман профессор-оқытыўшыларды, соның ишинде, сырт мәмлекетлердиң қәнигелерин тартыўға жақыннан жәрдем беретуғыны;

и) Университет питкериўшилерине Өзбекстан Республикасында жоқары мағлыўмат ҳаққындағы ҳүжжет сыпатында тән алынатуғын Университет тәрепинен белгиленген үлгидеги диплом берилетуғыны;

к) Университетте студентлер бос ўақтын мазмунлы өткериў ушын спорт дөгереклери, көркем өнер студиялары, китапхана ҳәм экскурсиялар шөлкемлестирилетуғыны, түрли тренинг және  мәдений ушырасыўлар өткерилетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Университетте қәбилетли студентлердиң билим алыўын қоллап-қуўатлаў ушын мәмлекетлик грант төмендегилерге енгизилетуғыны:

халықаралық дәрежедеги тийисли бағдарламалар (International Baccalaureate, Advanced Placement, International Advanced Levels) дипломы ямаса сертификатына ийе Президент меткплериниң питкериўшилерине;

Агентлик системасындағы дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплер ушын ажыратылатуғын қабыллаў параметрлерине муўапық кириў имтиханлары тийкарында усы мектеплердиң питкериўшилерине;

Университетке кириў имтиханларынан табыслы өткен Халықаралық математика олимпиадасы (IMO), Халықаралық физика олимпиадасы (IPhO), Халықаралық химия олимпиадасы (IChO), Халықаралық биология олимпиадасы (IBO), Халықаралық информатика олимпиадасы (IOI) жеңимпазларына;

Университетке кириў имтиханларында жоқары балл топлаған Өзбекстан Республикасы пуқараларына;

Университетке кириў имтиханларынан табыслы өткен «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри»не киргизилген шаңарақлардың перзентлерине.

Агентлик бир ай мүддетте мәмлекетлик грантты бериў тәртибин нәзерде тутатуғын Ҳүкимет қарары жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. «Жаңа Өзбекстан» университетиниң жумысын жолға қойыў бойынша «жол картасы» қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Агентлик тәрепинен Университетте билимлендириў процесслерин халықаралық стандартлар тийкарында шөлкемлестириў бойынша Америка Қурама Штатларының Массачусетс технология институты, Стенфорд университети, Уллы Британияның Кембридж университети, Германияның Мюнхен техника университети ҳәм басқа да абырайлы сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелери менен сөйлесиўлер алып барылып атырғаны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Агентлик:

а) бир ай мүддетте:

Университет уставының тастыйықланыўы ҳәм оның мәмлекетлик дизимнен өткерилиўин тәмийинлесин;

сөйлесиўлердиң жуўмағы бойынша бирге ислесиўши сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелери менен узақ мүддетли келисимге ерисиў илажларын көрсин;

2021/2022-оқыў жылынан баслап енгизилетуғын билимлендириў бағдарларын белгилесин;

б) еки ай мүддетте Университетти терең билим, жоқары кәсипке ийе, тәжирийбели басшы ҳәм педагог кадрлар және маман қәнигелер менен толықтырыў илажларын көрсин;

в) факультетлер ҳәм билимлендириў бағдарларының ашылыўынан келип шығып, оқыў режелери ҳәм пән бағдарламаларын енгизиў ушын Университетти зәрүр материаллық-техникалық қураллар, сабақлықлар, оқыў ҳәм методикалық әдебиятлар, лабораториялық әсбап-үскенелер, жумсалатуғын лабораториялық материаллар менен комплектлеў илажларын көрсин ҳәм алдынғы электрон мағлыўматлар базаларына турақлы жалғаныўын тәмийинлесин;

г) Университетке қәўендерлик, грант ҳәм бюджеттен тысқары қаржыларды, техникалық жәрдем және нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да қаржыларды тартыўға жәрдемлессин.

  1. Төмендегилер Университеттиң жумысын қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин:

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет қаржылары;

Агентлик жанындағы Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплерди раўажландырыў қорының қаржылары;

студентлерди төлемли-контракт тийкарында оқытыўдан түсетуғын қаржылар;

хожалық жумысы ҳәм шәртнама тийкарында хызметлер көрсетиўден түсетуғын қаржылар;

юридикалық ҳәм физикалық тәреплердиң қәўендерлик қайырқомлықлары;

халықаралық финанс шөлкемлериниң грантлары;

нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

Министрлер Кабинети бир ай мүддетте Университетте билимлендириў процесин 2021/2022-оқыў жылынан шөлкемлестириў ушын зәрүр қаржылардың ажыратылыўын тәмийинлесин.

  1. 2024-жыл 1-июньге шекем Агентлик ҳәм Университет тәрепинен алып келинетуғын оқыў ҳәм илимий лаборатория үскенелери, жумсалатуғын лаборатория материаллары, оқыў ҳәм илимий-методикалық әдебиятлар, қурылыс материаллары, инвентарь ҳәм материаллық-техникалық ресурслар бажыхана бажысынан азат етилсин.
  2. Ишки ислер министрлиги Университеттиң буйыртпаларына бола Университеттиң сырт ел профессор-оқытыўшылары ҳәм ҳәкимшилик хызметкерлерине және олардың шаңарақ ағзаларына мәмлекетлик бажылар төлеўден азат еткен ҳалда көп мәртелик визалардың берилиўи ҳәм созылыўын, сондай-ақ, ўақтынша жасаў орнында дизимнен өткерилиўи және дизимнен өткериў мүддетиниң созылыўын тәмийинлесин.
  3. Министрлер Кабинети:

Университет кампусын қурыў ушын Ташкент қаласында зәрүр жер майданын турақлы пайдаланыў ҳуқықы менен ажыратыў илажларын көрсин;

сырт елли жойбарлаў ҳәм жумысты бөлип алып ислеўши компанияларды тартқан ҳалда Университет ушын заманагөй оқыў кампусы жойбарының ислеп шығылыўы ҳәм халықаралық стандартлар тийкарында қурылыўын тәмийинлесин;

жаңа имарат қурылғанға шекем Университетти Жәҳән экономика ҳәм дипломатия университетиниң бос майданларында ўақтынша жайластырсын.

  1. Агентлик мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

Ташкент қаласы,

2021-жыл 23-июн