USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Сийшемби, 23 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

Әзербайжан Республикасының бир топар пуқараларын сыйлықлаў ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Өзбекстан Республикасы ҳәм Әзербайжан Республикасы арасындағы әзелий дослық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын раўажландырыў, көп қырлы ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў, атап айтқанда, илим ҳәм мәдений-гуманитарлық байланысларды әмелий мазмун және жаңа басламалар менен байытыў, еки мәмлекеттиң туўысқан халықлары арасындағы дослық қатнасықларын беккемлеўге қосып атырған мүнәсип үлеси ушын төмендегилер сыйлықлансын:

 

«Өзбекстан Республикасы халық артисти» ҳүрметли атағы менен

Маммадова Гулянақ Закир қызы – Р.Бейбутов атындағы Әзербайжан мәмлекетлик музыкалы театрының вокалисти

«Дўстлик» ордени менен

Мустафаев Шаҳин Мажид улы – Әзербайжан Миллий академиясының академик З.М.Бунядов атындағы шығыстаныў институтының бөлим баслығы, академик

Аскаров Рамиз Бахшали улы – Баку мәмлекетлик университети тюркология кафедрасының баслығы, профессор

Биннатова Алмас Қасым қызы – Әзербайжан Миллий илимлер академиясының Нызамий атындағы Әдебият институты «Әзербайжан – Түркменстан -Өзбекстан әдебий байланыслары» бөлиминиң баслығы

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти   Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 30-август