Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар шеңберинде халықтың тыныш турмысын тәмийинлеў ҳәм жәмийетимизде нызамға бойсыныў ҳәм жәмийетлик қәўипсизлик мәдениятын қәлиплестириўге айрықша итибар қаратылмақта.

Соның ишинде, жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў бағдарындағы жумысларды «Халық мәплерине хызмет етиў» принципи тийкарында шөлкемлестириўдиң пүткиллей жаңа механизм ҳәм тәртиплери енгизилип, мәмлекетлик уйымлардың жәмийетшилик структуралары менен өз-ара мақсетли бирге ислесиўи жолға қойылды.

Соның менен бирге, жәҳәнде күшейип баратырған ҳәр қыйлы қәўип-қәтерлер ҳәм келиспеўшиликлер, ел-халық тынышлығына қәўиплер, пандемия, тәбийғый ҳәм техноген апатшылық жуўапкер мәмлекетлик структураларға өз жумысын «Барлық ҳәрекетлер инсан қәдири ушын» деген тийкарғы идея тийкарында буннан былай да жетилистириў ўазыйпасын жүклемекте.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 26-марттағы «Жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў тараўында ишки ислер уйымларының жумысын сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў илажлары ҳаққында»ғы ПП-6196-санлы Пәрманына муўапық, сондай-ақ, елимизде жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў системасын буннан былай да раўажландырыў және бул тараўдағы мәмлекетлик сиясаттың перспективалы бағдарларын белгилеў мақсетинде:

  1. Жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеўдеги алдыңғы сырт ел ҳәм миллий тәжирийбелер тийкарында ислеп шығылған және халықты ҳәр қандай қәўиплерден кепилликли қорғаўға қаратылған:

Өзбекстан Республикасы жәмийетлик қәўипсизлик концепциясы (кейинги орынларда – Концепция) 1-қосымшаға муўапық;

2022-2025-жыллары Өзбекстан Республикасында жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў системасын раўажландырыў стратегиясы (кейинги орынларда – Стратегия) 2-қосымшаға муўапық;

2022-2025-жыллары Өзбекстан Республикасында жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў системасын раўажландырыў стратегиясын 2022-жылы әмелге асырыў бойынша «жол картасы» (кейинги орынларда – «Жол картасы») 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Концепция, Стратегия ҳәм «Жол картасы»нда белгиленген илажлардың өз ўақтында ҳәм нәтийжели әмелге асырылыўын тәмийинлеў бойынша жуўапкершилик жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлейтуғын мәмлекетлик уйымлардың жеке биринши басшыларына жүкленсин.

  1. Концепция ҳәм Стратегияны басқышпа-басқыш әмелге асырыўдың төмендеги тәртиби орнатылсын:

Министрлер Кабинети (А.Н.Арипов) – 2023-2025-жыллары ҳәр жылы жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеўдиң нәтийжели системасын енгизиў бойынша анық механизмлерди нәзерде тутыўшы мәнзилли илажлар бағдарламасын тастыйықласын ҳәм орынланыўын қатаң қадағалаўға алсын;

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңеси (В.В.Махмудов) – ҳәр ярым жылда мәмлекетлик уйымлар басшыларының «Жол картасы» ҳәм Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланатуғын мәнзилли илажлар бағдарламаларының орынланыўы, соның ишинде, усы бағдарламалардың аймақлар кесиминде әмелге асырылыўы бойынша есабатларды тыңлаў ҳәм сын көзқарастан додалаў әмелиятын жолға қойсын.

  1. Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар орайлары ҳәм Ташкент қаласында ғалабалық илажларды өткериўде және дем алыў бағлары, парклер ҳәм базарларда жәмийетлик тәртипти сақлаўды шөлкемлестириў тиккелей Миллий гвардия бөлимлери тәрепинен әмелге асырылатуғыны;

2022-2023-жыллары районлық ишки ислер уйымларының қурамындағы конвой бөлимлери басқышпа-басқыш ўәлаятлық ишки ислер уйымларының тиккелей бойсыныўына өткерилип, бирден-бир басқарыў системасы тийкарында районлараралық хызмет өтеў принципине муўапық қайта шөлкемлестирилетуғыны белгиленсин.

Миллий гвардия (Р.М.Жўраев):

Әдиллик министрлиги (Р.Қ.Давлетов) менен биргеликте бир ай мүддетте жәмийетлик тәртипти сақлаў тараўында жүз берген ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы жумысларды толық көрип шығыў ўәкиллиги ишки ислер уйымлары менен бир қатарда Миллий гвардияға берилиўи бойынша нызам жойбарын киргизсин;

бир ай мүддетте аймақлардың өзгешеликлеринен келип шыққан ҳалда жәмийетлик тәртипти сақлаў жымысын нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде 2022-жылы Наманган, Ферғана, Әндижан ҳәм Сурхандәрья ўәлаятларындағы, 2023-жылы Қарақалпақстан Республикасы, Самарқанд ҳәм Қашқадәрья ўәлаятларындағы Миллий гвардияның әскерий бөлимлеринде мүддетли әскерий хызметти кеңейтиў бойынша тийкарланған усыныслар киргизсин.

Ишки ислер министрлиги (П.Р.Бобожонов, Б.Т.Абдуллаев):

Қаржы министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте аймақлардың криминоген жағдайы ҳәм халық тығызлығынан келип шыққан ҳалда районлараралық патруль-пост хызмети бөлимлерин шөлкемлестириў нормаларын ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын;

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери менен биргеликте 2022-жыл 1-мартқа шекем тастыйықланған нормаларға тийкарланып жергиликли бюджет есабынан кеминде бир районлараралық патруль-пост хызмети бөлимлерин шөлкемлестириў илажларын көрсин;

2022-жыл 1-майға шекем бюджеттен тысқары қаржылар есабынан ишки ислер уйымларының конвой астындағы шахсларды электрон браслетлер арқалы қадағалаў системасын енгизсин.

  1. Ишки ислер министрлиги структурасында Жәмийетлик қәўипсизлик департаменти (кейинги орынларда – Департамент) шөлкемлестирилгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Төмендегилер Департаменттиң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

ишки ислер уйымлары жәмийетлик қәўипсизлик бөлимлериниң жумысын муўапықластырыў, комплекслли таллаў және оларға әмелий-методикалық жәрдем көрсетиў;

жәмийетлик тәртипти сақлаў жумысын шөлкемлестириў, жәмийетлик орынларда халықтың қәўипсизлигин тәмийинлеўде ишки ислер уйымларының күш ҳәм қуралларын нәтийжели басқарыў илажларын көриў;

ишки ислер уйымларының ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бағдарындағы жумысын тәмийинлеў, профилактикалық есап ҳәм ҳәкимшилик қадағалаўдағы шахсларды социаллық бейимлестириў жумысларын шөлкемлестириў;

жас өспиримлер ҳәм жаслар, әсиресе, олардың жәмлеспеген бөлеги менен мәнзилли тәрбиялық ҳәм профилактикалық илажларды нәтийжели шөлкемлестириў арқалы олар арасында ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў;

жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў жолын шөлкемлестириў, жол-транспорт ҳәдийселериниң ерте алдын алыў, транспорт қуралын басқарыўға байланыслы шеклеўлерге әмел етилиўин қадағалаў;

еркинен айырыў менен байланыслы болмаған жазаларды орынлаўды тәмийинлеў, пробация қадағалаўындағы шахслардың минез-қулқын бақлаў, социаллық бейимлесиў ҳәм қайта жынаят ислеўдиң алдын алыў жумысларын шөлкемлестириў.

Ишки ислер министриниң орынбасары Б.Т.Абдуллаевқа жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша жаңадан енгизилип атырған басқарыў системасын нәтийжели жолға қойыў ҳәм Департаменттиң тийкарғы ўазыйпаларының өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырылыўын шөлкемлестириў бойынша жеке жуўапкершилик жүкленсин.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық Департамент Стратегия, «Жол картасы» ҳәм Министрлер Кабинети тәрепинен ҳәр жылы тастыйықланатуғын мәмлекетте жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеўге байланыслы илажлар бағдарламаларын әмелге асырылыўы шеңберинде:

турақлы мониторинг алып барып, белгиленген илажлардың сапалы ҳәм өз ўақтында орынланыўы бойынша пикир-усынысларды тийисли мәмлекетлик уйымларға киргизеди;

жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў тараўында ерисилген нәтийжелер ҳәм анық көрсеткишлер сәўлелендирилген толық мәлимлемени турақлы түрде кең жәмийетликке жеткерип барады;

ҳәр шеректе улыўмаластырылған есабатты Министрлер Кабинетине киргизеди және ҳәр ярым жылда Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңесиниң додалаўына береди.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңеси, халық депутатлары ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы Кеңеслериниң мәжилислеринде аймақлық ишки ислер уйымлары басшыларының орынбасарлары – жәмийетлик қәўипсизлик хызметиниң баслықлары тәрепинен ҳәр шеректе жәмийетлик қәўипсизлик бойынша есабат бериў, сондай-ақ, бул бағдарда көрилип атырған илажлардың нәтийжелерин сын көзқарастан додалап, олардың нәтийжелилигин арттырыў бойынша усыныслар ислеп шығыў әмелиятының енгизилетуғыны;

республикамызда жәмийетлик тәртипти ғалаба бузыў менен байланыслы жағдайлар пайда болғанда ўәкилликли уйымлардың ҳәрекетлерин улыўмалық муўапықластырыў  ўазыйпасы Департаментке жүкленетуғыны және оның жанында  бирден-бир уйымлараралық басқарыў штабының  шөлкемлестирилетуғыны;

Департамент баслығы ишки ислер уйымлары тәрепинен әмелге асырылатуғын жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў илажларының  бирден-бир муўапықластырыўшысы болып есапланатуғыны;

Департамент ҳәм оның аймақлық бөлимлериниң қурамына жәмийетлик тәртипти сақлаў, ҳуқықбузарлықлар профилактикасы, жол ҳәрекети қәўипсизлиги ҳәм пробация хызметлери киргизилетуғыны белгиленсин.

Ишки ислер министрлиги (П.Р.Бобожонов, Б.Т.Абдуллаев):

ўәкилликли мәмлекетлик уйымлар менен биргеликте  еки ай мүддетте өз алдына шараятларда жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша күш ҳәм қуралларды  оператив ҳәм бирден-бир уйымлараралық басқарыў тәртибин ислеп шықсын және тастыйықласын;

ишки ислер уйымлары профилактика ҳәм пробация инспекторлары, патруль-пост ҳәм жол патруль хызмети хызметкерлериниң жумысын баҳалаў тәртибин сын көзқарастан қайта көрип шықсын ҳәм нәтийжелилик индикаторларын өз ишине алатуғын рейтинг системасын енгизсин.

  1. Мәҳәлледе жәмийетлик қәўипсизликти нәтийжели тәмийинлеў мақсетинде ишки ислер уйымлары профилактика инспекторларына жүкленген ўазыйпалар оптималластырылсын ҳәм олардың бирден-бир дизими 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

профилактика инспекторларын олардың ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарлары менен байланыслы болмаған илажларға тартыў және жумысына тийкарсыз араласыў  қадаған етиледи;

2024-жыл 1-сентябрьден баслап Ташкент қаласы ишки ислер уйымлары, 2025-жыл 1-сентябрьден баслап қалған аймақлық ишки ислер уйымлары  профилактика аға инспекторы лаўазымларына тек ғана жоқары юридкалық мағлыўматқа ийе болған хызметкерлер тайынланады;

профилактика инспекторлары ушын Ишки ислер министрлиги Академиясының сыртқы тәлимине қабыл етилетуғын хызметкерлер улыўма санының  кеминде жигирма бес проценти муғдарында қабыллаў квотасы ажыратылады;

2022-2023-оқыў жылынан баслап, жумысында жоқары нәтийжелерге ерискен Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаяты ишки ислер уйымларынан еки, қалған аймақлық ишки ислер уйымларынан бир профилактика инспекторы Департамент баслығының усыныс хатына тийкарланып Ишки ислер министрлиги Академиясының сыртқы тәлимине имтиханларсыз қабыл етиледи ҳәм бийпул оқытылады.

Ишки ислер министрлиги (Б.Т.Абдуллаев, А.И.Икрамов) еки ай мүддетте профилактика инспекторларының аймақта, атап айтқанда, қала ҳәм аўыл шараятында жумыс алып барыўы бойынша  анық мехнизмлерди нәзерде тутатуғын  моделлерди әмелиятқа енгизиў илажларын көрсин ҳәм олар бойынша оқытыў системасын жолға қойсын.

  1. Пробация инспекторларының жумысы аймақлық профилактика инспекторлары менен күнлик үзликсиз бирге ислесиўде шөлкемлестирилетуғыны;

пробация инспекторларына  профилактикалық есап ҳәм ҳәкимшилик қадағалаўдағылардың шахсын үйрениў ҳәм оларды социаллық бейимлестириў жумысларында профилактика инспекторларына әмелий-методикалық жәрдемлесиў бойынша қосымша ўазыйпалар  жүкленетуғыны белгиленсин.

  1. Бас прокуратура ҳәм Ишки ислер министрлигиниң пробация системасын және де жетилистириў бойынша төмендеги усыныслары мақуллансын:

пробация қадағалаўындағы пуқараларға орнатылатуғын  шеклеўлер шеңберин,  шеклеўлерге әмел етиўди тәмийинлеў ҳәм қадағалаўдың механизмлерин анық белгилеў;

пробация қадағалаўындағы пуқараларға жүргизилетуғын ҳүжжетлерди толық электрон түрде өткериў, оларды хошаметлеў ҳәм интизамий жазалаў илажларын қолланыў тәртиби ҳәм тийкарларын белгилеў;

пробация қадағалаўындағы пуқараларға социаллық-психологиялық жәрдем бериў және кәсип-өнер үйретиў ҳәм жумысқа жайласыўда жәрдемлесиў илажларын, жуўапкер уйымлардың ўазыйпаларын анық белгилеген ҳалда  жеке тәртиптеги социаллық бейимлестириў бағдарламасы тийкарында әмелге асырыў;

пробация қадағалаўындағы пуқаралар социаллық-психологиялық портретиниң бирден-бир формасын, оларды категорияларға ажыратыў  өлшемлерин,  жаңа жынаят ислеўдиң алдын алыў тәртибин белгилеў.

Ишки ислер министрлиги (П.Р.Бобожонов), Бас прокуратура (Н.Т.Йўлдошев) еки ай мүддетте усы пәрманды есапқа алған ҳалда алдынғы сырт ел тәжирийбеси тийкарында «Пробация ҳаққында»ғы нызам жойбарын ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте киргизсин.

  1. Ишки ислер министрлиги (П.Р.Бобожонов), Миллий гвардия (Р.М.Жўраев) еки ай мүддетте ишки ислер уйымлары ҳәм Миллий гвардияның жеке қурам ҳәм оның шаңарақ ағзаларын социаллық қорғаўға  байланыслы барлық нызам ҳәм нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлердиң нормаларын бирден-бир нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетте сәўлелендириўши және социаллық қорғаў илажларын қолланыўдың анық ҳәм толық механизмлерин белгилейтуғын Ҳүкимет қарарларының жойбарларын Министрлер Кабинетине киргизсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине 5-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
  3. Ишки ислер министрлиги (П.Р.Бобожонов) мәпдар уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте:

ишки ислер уйымларының аймақлық патруль-пост хызмети қурамында өз қаржылары есабынан басқышпа-басқыш атлы отрядларды шөлкемлестириўди  нәзерде тутатуғын Ҳүкимет қарарының жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин;

нызамшылыққа усы пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

  1. Усы пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер етип ишки ислер министри П.Р.Бобожонов ҳәм Миллий гвардия сәркардасы Р.М.Жўраев белгиленсин.

Пәрманның орынланыўын додалап барыў, жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Б.Д.Исламовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                             Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 29-ноябрь