USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Жума, 19 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң отыз бир жыллығы мүнәсибети менен илим, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, спорт, әдебият, мәденият, көркем-өнер тараўлары ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлеринен бир топарын сыйлықлаў ҳаққында

 Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Халқымыздың илимий-интеллектуаллық потенциалы менен руўхый дүньясын байытыў, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, мәденият, әдебият, көркем өнер, денетәрбия ҳәм спорт тараўлары және ғалаба хабар қуралларын раўажландырыў бағдарында ерисип атырған нәтийжелери, Ўатанымыз ғәрезсизлигин беккемлеў, жәмийетте тынышлық ҳәм татыўлық, социаллық-руўхый турақлылықты тәмийинлеў, жас әўладты жоқары идеялар руўҳында саламат ҳәм бәркамал етип тәрбиялаўға қосқан үлкен үлеси және жәмийетлик жумысларға көп жыллық нәтийжели қатнасқаны ушын төмендегилер сыйлықлансын:

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

«Дўстлик» ордени менен

Аңсатбаев Нажиматдин   – Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалының режиссёрлық ҳәм актёрлық шеберлиги кафедрасының профессоры

Бердимуратова Алима Қарлыбаевна  – Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң социаллық пәнлер кафедрасының баслығы

Нуратдинова Замира Қалбаевна – Қарақалпақстан Республикасы лепрозорийиниң бас шыпакери

Прекешова Анаргүл Усеновна – Мойнақ районындағы 7-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң тәрбияшысы


Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

Ташкент қаласы,

2022-жыл 29-август