Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Өзбекстан Республикасы ҳәм Россия Федерациясы арасында дослық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын беккемлеў, парламентлераралық байланысларды раўажландырыўды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, Өзбекстан – Россия арасындағы, соның ишинде, регионлараралық өз-ара бирге ислесиў ҳәм еки тәреплеме мәдений-гуманитарлық алмасыў потенциалын және де толық әмелге асырыўға қаратылған көп қырлы биргеликтеги бағдарламалар ҳәм жойбарларды нәтийжели әмелге асырыўға жәрдемлесиўдеги жедел ҳәрекетлери ҳәм жеке үлеси ушын Россия Федерациясы Федераллық Мәжилиси Федерация Кеңесиниң Баслығы Валентина Ивановна Матвиенко «Дўстлик» ордени менен сыйлықлансын.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

Ташкент қаласы,

2021-жыл 27-август