Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Кейинги жыллары елимизде мәмлекет ҳәм жәмийеттиң ҳәр қыйлы тараўлары реформаланып, олар шеңберинде мәмлекетлик басқарыў системасын жетилистириў, бизнес орталығын жақсылаў, экономика тармақларын трансформациялаў ҳәм модернизациялаў, аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў, сондай-ақ, сыртқы саўда, салық ҳәм қаржы сиясатын либералластырыў бойынша анық илажлар көрилди.

Соның менен бирге, ҳәзирги күнде дүньядағы тез өзгериўшең сиясий-экономикалық жағдай миллий экономиканың турақлы раўажланыўын тәмийинлеў, жергиликли ислеп шығарыўшылардың сыртқы базарлардағы бәсекиге шыдамлылығын арттырыў, халықтың жасаў шараятларын және де жақсылаў ҳәм инсан капиталын жоқарылатыў бойынша жаңа бағдарларда тәсиршең реформаларды әмелге асырыўды талап етпекте.

2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясын әмелге асырыўды нәтийжели шөлкемлестириў, реформалардың избе-излигин тәмийинлеў арқалы оларды әмелге асырыўда бирден-бир қатнасларды қәлиплестириў ҳәм енгизиў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Стратегиялық раўажланыў агентлиги тийкарында Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық реформалар агентлиги (кейинги орынларда – Агентлик) шөлкемлестирилсин.
  2. Төмендегилер Агентликтиң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

жергиликли ҳәм сырт ел экспертлерин тартқан ҳалда өз алдына тараўлар менен тармақларды реформалаў бойынша усыныслар ислеп шығыў, олардың әмелге асырылыўын шөлкемлестириў ҳәм қадағалаў;

тараўлар менен тармақларда әмелге асырылып атырған реформаларды сын көзқарастан таллаған ҳалда, олардың нәтийжелилигин баҳалаў, рәсмийлик, өзи боладылық ҳәм коррупциялық жағдайларға шараят жаратыўшы системалы машқалаларды анықлаў ҳәм оларды сапластырыў бойынша илажлар көриў;

Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы ҳәм мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўын мониторинг етиў тийкарында олардың толық ҳәм сапалы әмелге асырылыўын муўапықластырыў;

халықаралық финанс институтлары, сырт ел шөлкемлери менен қәнигелерин ҳәм бийғәрез жәрдем қаржыларын тартыў жумысларын системалы шөлкемлестириў, олар бойынша мәлимлеме ҳәм есабатлардың мағлыўматлар базасын жаратыў;

мәмлекет қатнасыўындағы кәрханаларды трансформациялаў, соның ишинде, есабатларды халықаралық стандартлар тийкарында дүзиў, басқарыў уйымларының қурамына еркин ағзаларды киргизиў ҳәм тараўға байланыслы болмаған активлерден нәтийжели пайдаланыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжелилигин мониторинг етиў.

  1. Өзбекстан Республикасы Президенти басшылығында Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық реформалар агентлиги кеңеси (кейинги орынларда – Кеңес) 1-қосымшаға муўапық қурамда шөлкемлестирилсин.

Кеңес Агентлик жумысының тийкарғы бағдарларын, нәтийжелиликтиң тийкарғы көрсеткишлерин, оның жумысы менен байланыслы басқа да қарарларды, сондай-ақ, Агентлик тәрепинен өз алдына қойылған ўазыйпаларды әмелге асырыў бойынша ислеп шығылған усыныслар, «жол карта»лары ҳәм бағдарламаларды тастыйықлайтуғыны;

Кеңес мәжилислери Кеңес баслығы ямаса оның тапсырмасына муўапық баслық орынбасарының басшылығында өткерилетуғыны;

Кеңес мәжилислеринде қабыл етилген қарарлар барлық мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен орынланыўы мәжбүрий болған актлер менен рәсмийлестирилетуғыны белгиленсин.

  1. 2022-жыл 1-октябрьден баслап тараўлар менен тармақларда реформаларды әмелге асырыў, оларды муўапықластырыў және нәтийжелилигин баҳалаў тәртиби енгизилсин ҳәм оған бола Агентлик:

а) өз алдына тараўлар менен тармақларды реформалаў ҳәм муўапықластырыў бойынша:

ҳәр жылы 1-октябрьге шекем кейинги жыл ушын реформаланатуғын тийисли тараўлар менен тармақлар бойынша жумыс режени тастыйықлаў ушын Кеңеске киргизеди;

жергиликли ҳәм сырт ел экспертлери, тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллерин (тийкарғы жумыс орнындағы мийнет ҳақы сақланған ҳалда) тартқан ҳалда Агентлик хызметкери басшылығында жойбарлаў топарларын (офислерин) қәлиплестиреди;

жойбарлаў топарлары (офислери) тәрепинен ҳәзирги жағдайдың терең талланыўы, баҳаланыўы ҳәм усыныслар ислеп шығылыўы бойынша техникалық тапсырманы қәлиплестиреди ҳәм консалтинг шөлкемлерин тартқан ҳалда тийисли тараўлар менен тармақларды реформалаў бойынша «жол карта»ларын ислеп шығады;

«жол карта»ларындағы концептуал мәселелер бойынша қарар қабыл етиў ушын Кеңес мәжилисин өткериў басламасы менен шығады;

тараўлар менен тармақларды реформалаў бойынша «жол карта»лары, соның ишинде, оларда нәзерде тутылған мәселелер бойынша нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди ислеп шығады ямаса оның ислеп шығылыўы ҳәм келисилиўин муўапықластырады;

реформаларға байланыслы қабыл етилген нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң орынланыўын турақлы мониторинг етеди, оларды әмелге асырыўға тосқынлық етиўши факторларды анықлап, сапластырыў илажларын көреди;

б) тийисли министрликлер ҳәм уйымлар тәрепинен реформалардың әмелге асырылыўын баҳалаў бойынша:

ҳәр жылы 1-ноябрьге шекем Агентликтиң тийисли тараўлары менен тармақларында әмелге асырылып атырған реформаларды баҳалаў бойынша жумыс режесин тастыйықлаў ушын Кеңеске киргизеди;

еркин эксперт ҳәм қәнигелерди тартқан ҳалда ҳәр бир тараўлар менен тармақлар бойынша экспертлер топарларын шөлкемлестиреди;

ҳәр шеректе әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелилигин баҳалап барады ҳәм ерисилген нәтийжелер, кемшилик, машқалалар және оларды сапластырыў бойынша усынысларды көрсеткен ҳалда баҳалаў жуўмақлары ҳаққында Кеңеске мәлимлеме киргизеди;

реформаларды әмелге асырыў жағдайы бойынша министрлик ҳәм уйымлар басшыларының есабатын Кеңесте көрип шығыў ушын оның мәжилисин өткериў басламасы менен шығады.

  1. Тараўлар менен тармақларды реформалаў бойынша «жол карта»ларын ислеп шығыў, әмелге асырыў және бул процесслерди баҳалаў ушын консультантлар Агентлик тәрепинен ямаса оның менен келисилген ҳалда тартылатуғыны;

жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар жойбарлаў топарлары (офислери) ҳәм консальтинг шөлкемлери жумыс ислеўи ушын еркин түрде жетерли шараятларды (имарат, хана, техника қураллары ҳәм басқалар) жарататуғыны;

тараўлар менен тармақларды реформалаў бойынша «жол карта»ларын әмелге асырыў тиккелей жуўапкер министрлик ҳәм уйым тәрепинен әмелге асырылатуғыны ҳәм олардың биринши басшылары усы мәселелер бойынша жуўапкер болып есапланатуғыны;

жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар тараўлар менен тармақларды реформалаў және мәмлекет қатнасыўындағы кәрханаларды трансформациялаў бойынша әмелге асырылған жумыслар ҳаққында кейин ала Кеңеске киргизиў ушын Агентликке ҳәр айда мағлыўмат беретуғыны;

Әдиллик министрлиги ҳәр шеректе Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы ҳәм мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўы бойынша улыўмаластырылған аналитикалық мағлыўматты Агентликке киргизип баратуғыны белгиленсин.

  1. 2022-жыл 1-октябрьден баслап төмендеги тәртип енгизилсин:

а) тараўлар менен тармақларды реформалаў процесслерине халықаралық финанс институтлары, сырт ел шөлкемлери ҳәм сырт ел қәнигелерин және бийғәрез жәрдем қаржыларын тартыў Агентлик пенен келисилген ҳалда әмелге асырылады;

б) халықаралық финанс институтлары ҳәм халықаралық шөлкемлер миссиялары тәрепинен реформалардың бағдарламалары, соның ишинде мәмлекетти комплексли баҳалаў Агентлик пенен биргеликте өткериледи;

в) ҳәр бир министрлик ҳәм уйым халықаралық шөлкемлер, финанс институтлары ҳәм экспертлердиң рәсмий жуўмақ ҳәм есабатларын олар усыныс етилген күннен кейин бир ҳәпте мүддетте Агентликке береди. Онда, усы Пәрман қабыл етилгенге шекем таярланған есабат ҳәм жуўмақлар 2022-жыл 1-ноябрьге шекем Агентликке бериледи;

г) ҳәр шеректиң жуўмағына бола Кеңес мәжилиси өткериледи ҳәм онда төмендеги мәселелер додаланады:

мәмлекетти стратегиялық раўажландырыўдың ҳәзирги ҳәм келешектеги режелери ҳәм оларды әмелге асырыў бойынша усыныслар;

реформаларды нәтийжели әмелге асырыўға тосқынлық етиўши жағдайлар ҳәм оларды сапластырыў бойынша анық мәнзилли илажлар;

аймақларда ашық сөйлесиўлер шеңберинде халықтың билдирген пикир-усыныслары тийкарында аймақтағы сиясий, социаллық ҳәм экономикалық жағдай, пуқараларды қыйнап атырған машқалаларды шешиў бойынша илажлар.

  1. мәмлекетти социаллық-экономикалық раўажландырыў және тйиисли тараўларда комплексли реформаларды тереңлестириў ҳәм либералластырыў бағдарындағы стратегиялық мәселелер бойынша ислеп шығылған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларының мақсетке муўапықлығы Кеңес мәжилислеринде көрип шығылатуғыны;

Кеңес тәрепинен мақсетке муўапық деп табылған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарлары Өзбекстан Республикасы Президентине көрип шығыў ушын киргизилетуғыны, онда усы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын басқа уйымлар менен келисиў талап етилмейтуғыны белгиленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық реформалар агентлигиниң структурасы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Агентлик бас директоры ҳәм оның орынбасарлары Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен лаўазымына тайынланатуғыны ҳәм лаўазымынан босатылатуғыны;

Агентлик бас директоры статусы, мийнетке ҳақы төлеў, медициналық ҳәм транспорт хызметин көрсетиў шараятларына бола Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйине теңлестирилетуғыны, бас директордың биринши орынбасары ҳәм орынбасарлары болса тийислисинше Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары ҳәм орынбасарларына теңлестирилетуғыны;

Агентлик хызметкерлери бас директор тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы менен келисилген ҳалда лаўазымына тайынланатуғыны ҳәм лаўазымынан босатылатуғыны;

Агентлик хызметкерлерине  Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының Атқарыўшы аппараты хызметкерлери ушын белгиленген мийнетке ҳақы төлеў разрядлары ҳәм мийнет ҳақы муғдарлары қолланылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Стратегиялық раўажланыў агентлигин қоллап-қуўатлаў қоры Агентликке өткерилсин ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық реформалар агентлигин қоллап-қуўатлаў қоры (кейинги орынларда – Қор) етип қайта аталсын.

Қордың қаржылары Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы менен келисилген ҳалда басқарылатуғыны;

Қордың қаржыларын қәлиплестириў ҳәм олардан пайдаланыў тәртиби Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы тәрепинен белгиленетуғыны белгиленсин.

  1. Мәмлекетлик бюджет қаржылары, Қордың қаржылары, Агентликтиң бюджеттен тысқары қаржылары, ўақтынша бос қаржыларды коммерциялық банклер дипозитлерине жайластырыўдан алынған дәраматлар, сондай-ақ, нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да дәреклер Агентлик жумысын қаржыландырыў дәреклери болып есапланатуғыны белгилеп қойылсын.
  2. Агентлик өз ўазыйпаларын әмелге асырыўда төмендеги ҳуқықлардан пайдаланатуғыны белгиленсинҮ

реформалардың бағдарлары бойынша жойбарлаў топарларын (офислерин) шөлкемлестириў, консалтинг шөлкемлерин тартыў және маман сырт ел қәнигелерин жумысқа қабыллаў ҳәм оларға мийнет ҳақысын миллий ямаса сырт ел валютасында төлеў;

мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, хожалық бирлеспелериниң қәнигелери, пуқаралық жәмийети институтларының ўәкиллери, илимий-изертлеў институтларының хызметкерлери, сондай-ақ, жергиликли ҳәм сырт ел илимпазлары және қәнигелерин шәртнама тийкарында изертлеў ҳәм таллаў алып барыў жумысларына тартыў;

халықаралық финанс институтлары, халықаралық шөлкемлер ҳәм экспертлер менен бирге ислесиў бойынша ҳәм басқа да шәртнамаларды дүзиў;

мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерден зәрүр статистикалық, аналитикалық ҳәм басқа да мағлыўматларды сораў ҳәм алыў;

мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң электрон мәлимлеме системаларынан бийпул пайдаланыў және бул системаларды Агентликтиң электрон системаларына интеграциялаў.

  1. 13. Министрлер Кабинети Ташкент қаласы ҳәкимлиги менен биргеликте бир ай мүддетте Агентликти жайластырыў илажларын көрсин.
  2. 14. Агентлик:

бир ай мүддетте Агентлик ҳаққындағы режени, қәрежетлер сметасын, Агентлик хызметкерлериниң мийнетке ҳақы төлеў шәртлерин, сондай-ақ, Агентлик және ол тәрептен шөлкемлестирилетуғын жойбарлаў офислериниң жумысын қаржыландырыў дәреклерин Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы басшысына тастыйықлаў ушын киргизсин;

еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында усынысларды киргизсин.

  1. 15. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 16-октябрьдеги «Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшы хызметкерлери, қәнигелери ҳәм хызметшилерин материаллық хошаметлеў ҳәм мийнетине ҳақы төлеў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3976-санлы қарарына 3-қосымшаға муўапық өзгерис ҳәм қосымша киргизилсин.
  2. 16. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы С.У.Умурзаковқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                                Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 9-сентябрь