Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Пуқаралық-ҳуқықый қатнасықларды және де жетилистириў, айырым шәртнамаларды дүзиўде орнатылған жасалма шеклеўлерди алып таслаў, сондай-ақ, шәртнамалық қатнасықларда мәлимлеме системаларынан пайдаланыў ушын зәрүр шараятлар жаратыў мақсетинде:

  1. Әдиллик министрлиги, Эконмикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги және Монополияға қарсы гүресиў комитетиниң 2021-жыл 1-декабрьден төмендегилерди бийкарлаў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин:

коммерциялық банклерге жеткерип берилген өним (орынланған жумыслар, көрсетилген хызметлер) ушын төлемлерди үшинши пуқаралар есабынан қабыллаўға қойылған қадаған етиўди;

мәмлекетлик үлеси 50 процент ҳәм оннан жоқары болған хожалық жүргизиўши субъектлердиң өнимлерди жеткерип бериў (жумысларды орынлаў, хызметлерди көрсетиў) ҳаққында дүзилетуғын шәртнамаларында мәжбүрий түрде алдыннан төлемди белгилеўге байланыслы талапты;

аўыл хожалығы ҳәм шарўашылық өнимлерин жетистириўшилер ҳәм таярлаў шөлкемлери арасында дүзилетуғын шәртнамаларда мәжбүрий түрде авансты белгилеўге байланыслы талапты.

усы бәнттиң үшинши ҳәм төртинши абзацларында нәзерде тутылған алдыннан төлеў ҳәм аванс шәртнама тәреплериниң келисимине муўапық белгиленетуғыны атап өтилсин.

  1. Физикалық тәреплерге қарыз шәртнамаларын нотариал тастыйықлаў арқалы сырт ел валютасында өз-ара қарыз бериў ҳәм қайтарып алыўға руқсат берилсин.

Әдиллик министрлиги Қаржы министрлиги менен биргеликте еки ай  мүддетте қаржы шәртнамасын нотариал тастыйықлағаны ушын және қарыз шәртнамасынан келип шығатуғын пул суммасын өндириў бойынша орынлаў хатларын жазып бергени ушын өндирилетуғын мәмлекетлик бажы муғдарын еки есеге азайтыўды нәзерде тутатуғын нызам жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Сондай тәртип орнатсылсын, оған бола, 2022-жыл 1-январьдан:

а) суд ҳүжжетлери ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаўда мүлкти реализациялаў бойынша электрон онлайн аукционда сатыўға қойылған мүлк оны сатыўдан түскен пул қаржылары есабынан аукцион жеңимпазына қарызларсыз ҳәм қадаған етиўлерден шешилген ҳалда тапсырылады. Онда, мүлкти сатыўдан түскен пул қаржылары жетерли болмағанда қарыздарлықты төлеў миннетлемеси оның бурынғы ийеси – қарыздардың мойнында қалады.

Аукцион жеңимпазы тәрепинен мүлкти қабыл етип алмаўдың төмендеги жағдайларында гиреў пулы аукцион жеңимпазы мүрәжат еткен күннен баслап үш жумыс күни ишинде қайтарып берилиўи шәрт:

аукционда сатылған мүлк аукцион объектиниң көрсетилген техникалық сыпатламаларына сәйкес келмесе;

мүлк аукционда сатылғанға шекем үшинши тәреплердиң ийелигине өтип кеткен болса ҳәм бул жағдай аукцион жуўмақланғаннан соң анықланса;

б) шәртнаманың тәрепи екинши тәрептен шәртнама бойынша миннетлемелерди толық ямаса бир бөлегиниң орынланыўын қабыл еткен ямаса шәртнаманның әмел етиўин басқаша тәризде тастыйықлағанда, бул шәртнаманы кейин ала ҳақыйқый емес деп табыўды талап етиўге, егер бундай талап ҳадаллық принципине қарама-қарсы болса, ҳақылы емес.

в)хожалық жүргизиўши субъектлер тәрепинен мәмлекетлик сатып алыўларға байланыслы дүзилетуғын шәртнамаларда мәжбүрий түрде коррупцияға қарсы қосымша шәртлер белгиленеди.

Шәртнаманың тәрепи ҳәм ол тәрепинен тартылған пуқаралар (жәрдемши бөлип алып ислеўши шөлкемлер, агентлер ҳәм тәреплердиң қадағалаўы астында басқа да пуқаралар) тәрепинен коррупцияға қарсы қосымша шәртлерге әмел етпегенде, екинши тәреп шәртнаманы бир тәреплеме тоқтатып турыўға, бийарлаўға ҳәм зыянды қаплап бериўди талап етиўге ҳақылы болады;

г) юридикалық тәреплер ҳәм жеке тәртиптеги исбилерменлер тәрепинен салық ҳәм бажыхана төлемлери бойынша қарыздарлық төленбегенде, салық ямаса бажыхана уйымлары банкке төлеўшиниң есап бетлериндеги қарыздарлық суммасына тең муғдардағы пул қаржыларын музлатып қойыў ҳәм оларды отыз календарь күнинен соң өндириў ҳаққындағы бийликти бул ҳаққында төлеўшини хабардар еткен ҳалда жибереди.

Хабарнама алынған ўақыттан баслап отыз календарь күни ишинде төлеўши тәрепинен бул бийлик үстинен судға шағым етилген жағдайда, қарыйдардың есап бетинен пул қаржыларын шығарыў ямаса шығармаў судтың қарарына муўапық әмелге асырылады;

д) коммуналлық тараў, энергия менен тәмийинлеў, байланыс хызмети, жолаўшы ҳәм жүклерди тасыў ҳәм басқа да усындай үлкен социаллық әҳмийетке ийе болған тараўларда тәбийғый монополия субъектлери тәрепинен ислеп шығылған ғалабалық шәртнамалар монополияға қарсы гүресиў уйымы менен келисилгеннен соң тутыныўшылар менен дүзиледи.

  1. Үлги шәртнамаларды нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлер менен тастыйықлаў әмелияты бийкар етилсин, нызам менен тиккелей тәреплер ушын мәжбүрий болған үлги шәртнамалардың тастыйықланыўы нәзерде тутылған жағдайлар буған кирмейди.
  2. Төмендегилер:

Пуқаралық-ҳуқықый түрдеги шәртнамаларды дүзиў ҳәм миннетлемелерди орынлаўдағы қатнасықларды және де жетилистириў бойынша илажлар режеси 1-қосымшаға муўапық;

Пуқаралық-ҳуқықый түрдеги шәртнамалардың үлгилерин ислеп шығыў бойынша «жол картасы» 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Әдиллик министрлиги, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Орайлық банк ҳәм Саўда-санаат палатасының электрон коммерцияда электрон саўда майданшалары арқалы өнимлердиң алып сатылыўы әмелге асырылып атырғанда ҳәм басқа да тараўларда келисимлер дүзиўде эскроу системасын енгизиў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
  2. Фермер хожалықлары ҳәм таярлаўшы шөлкемлерге контрактация шәртнамаларын мәлимлеме системаларынан пайдаланған ҳалда электрон түрде дүзиў ҳәм дизимнен өткериў усыныс етилсин.

Аўыл хожалығы министрлиги Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте үш ай мүддетте контрактация шәртнамаларын мәлимлеме системаларынан пайдаланған ҳалда электрон тәризде дүзиў ҳәм дизимнен өткериў ушын зәрүр шараятларды жаратсын.

  1. Жоқары суд судлар тәрепинен шәртнамалық-ҳуқықый қатнасықлардан келип шығатуғын келиспеўшиликлерди көрип шығыўда және шәртнамалардың шәртлерин түсиндириўде нызамшылық ҳүжжетлерин қолланыў бойынша суд әмелиятын системалы түрде, бирақ кеминде ярым жылда бир мәрте, талласын ҳәм нәтийжеси бойынша бирден-бир ҳуқықты қолланыў әмелиятын қәлиплестириў ушын судларға тийисли көрсетпелер берип барсын.
  2. Мәмлекетлик басқарыў уйымлары, жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары және коммуналлық тараў ҳәм басқа да усындай тараўларда халыққа товарлар жеткерип бериў ҳәм хызметлер көрсетиўди әмелге асырыўшы мәмлекетлик кәрханалар еки ай мүддетте халық ҳәм исбилерменлик субъектлери менен шәртнамалар дүзиўде мәлимлеме системаларынан кең түрде пайдаланыў илажларын ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.
  3. Қаржы министрлиги мәмлекетлик сатып алыўлар бойынша арнаўлы мәлимлеме порталында сатып алыў тәртип-қағыйдалары үстинен жәмийетлик қадағалаўды және де күшейтиў мақсетинде мәмлекетлик буйыртпашылар тәрепинен дүзилген шәртнамалар реестрине:

дүзилген шәртнамалар ҳәм оларға өзгерис киргизиў ҳаққындағы қосымша келисимлер бойынша барлық ҳүжжетлер ҳәм мәлимлемелер;

шәртнаманың әмел етиў мүддети тамам болғанда, шәртнама орынланғанда ямаса ол бийкарланғанда, мәмлекетлик буйыртпашы тәрепинен шәртнаманың орынланыўы бойынша есабаттың мәжбүрий түрде жайластырып барылыўын тәмийинлесин.

  1. Моноплияға қарсы гүресиў комитети Әдиллик министрлиги менен биргеликте үш ай мүддетте тәбийғый монополия субъектлери тәрепинен ислеп шығылған ғалабалық шәртнамаларды тутыныўшылардың ҳуқықларына әмел еткенлиги, тәреплердиң теңлиги принциплерине муўапықлығы көзқарасынан талласын ҳәм зәрүрликке бола ғалабалық шәртнамаларды қайтадан ислеп шығыў бойынша усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.
  2. Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги Әдиллик министрлиги менен биргеликте Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети менен дүзилетуғын энергетика, кән-металлургия, байланыс тараўындағы инвестициялық шәртнаманың жойбарларын ислеп шығыў ҳәм келисиў басқышында жетекши халықаралық консалтинг ҳәм юридикалық компанияларды тартыў және оларды қаржыландырыў дәреклерин анықлаў бойынша усынысларды бир ай мүддетте Министрлер Кабинетине киргизсин.
  3. Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги 2022-2023-оқыў жылынан баслап Жоқары билимлендириў мәкемелеринде оқытыў бойынша шәртнамалардың мәлимлеме системаларынан пайдаланған халда электрон тәризде дүзилиўи әмелиятын жолға қойсын.
  4. Әдиллик министрлиги:

Орайлық банк пенен биргеликте үш ай мүддетте электрон коммерцияны әмелге асырыўда эскроу системасынан пайдаланыў қағыйдаларын белгилейтуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин;

Саўда-санаат палатасы менен биргеликте мәлимлеме системасы арқалы шәртнамаларға қол қойыў, сақлаў ҳәм жибериў бойынша хызметлерди көрсетиў тараўына исбилерменлик субъектлерин кеңнен тартыў бойынша илажларды әмелге асырсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым пәрманлары 3-қосымшаға муўапық өз күшин жойытқан деп есаплансын.
  2. Әдиллик министрлиги:

а) Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги және Саўда-санаат палатасы менен биргеликте еки ай мүддетте хожалық жүргизиўши субъектлер тәрепинен шәртнамалар дүзиўде қолланыў ушын усыныс характерине ийе болған  коррупцияға қарсы қосымша шәртлерди ислеп шықсын ҳәм жәрияласын;

б) үш ай мүддетте  шәртнамалардың үлгилерин «674x8zma5.7z» арнаўлы мәлимлеме порталына жайластырсын ҳәм оларды нызамшылыққа киргизилетуғын өзгерислерден келип шығып қадағалаў жағдайында жүргизсин;

в) мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте:

еки ай мүддетте үлги шәртнамаларды тастыйықлаў ҳаққындағы нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлерди хатлаўдан өткерип, усы пәрманға муўапық болған нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлерди өзгертиў ямаса бийкарлаў бойынша тийисли усынысларды оларды қабыл еткен уйымға киргизсин;

үш ай мүддетте нызамшылыққа усы пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

  1. Усы пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип әдиллик министри Р.Қ.Давлетов белгиленсин.

Пәрманның орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                               Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 14-сентябрь