Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Салық ҳәкимшилигин және де жетилистириў ҳәм салық нызамшылығын бузғаны ушын жуўапкершиликти либералластырыў арқалы исбилерменлик орталығын жақсылаў, сондай-ақ, исбилерменлердиң машқалалары менен усынысларын тиккелей үйрениў және исбилерменликти келешекте раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын белгилеп алыў бойынша 2021-жыл 20-август күни өткерилген Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлер менен ашық-айдын сөйлесиўи шеңберинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:

  1. 2022-жыл 1-январьдан баслап:

камерал салық тексериўи нәтийжелери бойынша анықланған ҳуқықбузарлықлар ушын финанслық санкциялар қолланылмайтуғыны;

исбилерменлик субъектлери тәрепинен салық есабатын белгиленген мүддетлерде бермегени ушын финанслық санкциялар бийкар етилетуғыны белгиленсин.

  1. Мәмлекетлик салық комитетиниң 2022-жыл январь-июль айларында эксперимент тәризинде Хорезм ўәлаяты мәмлекетлик салық басқармасында есапта турған салық төлеўшилердиң қосымша қун салығы, акциз салығы, айланыстан алынатуғын салық ҳәм юридикалық тәреплерден алынатуғын жер салығы бойынша салық есабатларының салық уйымлары тәрепинен есаплап шығарылыўы ҳәм қәлиплестирилип берилиўи ҳаққындағы усынысы қоллап-қуўатлансын.
  2. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық, эксперимент шеңберинде:

а) салық уйымлары:

юридикалық тәреплерден алынатуғын жер салығын – Кадастр агентлиги уйымларының мағлыўматлары тийкарында;

қосымша қун салығы, акциз салығы ҳәм айланыстан алынатуғын салықты – электрон есап бет-фактура ҳәм онлайн қадағалаў-касса техникасы мағлыўматлары және салық уйымларында болған басқа да мағлыўматлар тийкарында есаплап шығарады ҳәм салық есабатын қәлиплестиреди;

б) салық уйымлары тәрепинен қәлиплестирилген салық есабаты салық төлеўшилер ушын белгиленген тийисли салық есабатын бериў мүддетинен кеминде 10 күн алдын салық төлеўшиниң жеке кабинети арқалы жибериледи;

в) салық төлеўши салық уйымлары тәрепинен қәлиплестирилген салық есабатын алған күннен баслап 5 күн ишинде оны тастыйықлайды ямаса, егер наразылықлар бар болса, оннан бас тартқан ҳалда, салық есабатын қайта ислейди ҳәм орнатылған тәртипте салық уйымларына береди.

  1. Мәмлекетлик салық комитети мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте:

а) 2022-жыл 1-январьға шекем салық төлеўшилерге қосымша қун салығы, акциз салығы ҳәм айланыстан алынатуғын салықты есаплаў ушын зәрүр болған салық салыўға байланыслы басқа да объектлерди электрон есап бет-фактураларда сәўлелендириў имканиятларын жаратсын;

б) төмендегилерди Министрлер Кабинетине киргизсин:

2021-жыл 1-ноябрьге шекем Нызамшылық ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында, сондай-ақ, салық салыў объекти ҳәм (ямаса) салық салыўға байланыслы басқа да объектлер бойынша мағлыўмат бериў талапларын бузғаны ушын жуўапкершилик илажларын күшейтиў бойынша усынысларды;

2022-жыл 1-августқа шекем эксперимент нәтийжелерин терең  таллаған ҳалда оны республикамыздың барлық аймақларындағы салық төлеўшилерге қолланыў және салық уйымлары тәрепинен салық есабаты қәлиплестирилетуғын салықлар дизимин кеңейтиў бойынша усынысларды.

  1. Усы Пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Мәмлекетлик салық комитетиниң баслығы Ш.Д.Кудбиев белгиленсин.

Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.

Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша 2022-жыл 1-августқа шекем Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме берилсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                                    Ш.МИРЗИЁЕВ

2021-жыл 7-сентябрь