Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Халықтың турмыс дәрежеси ҳәм жаңадан қурылып атырған турақ жайлар санының артыўы нәтийжесинде мебель санааты өнимлерине артып атырған талапты қанаатландырыў, республика аймақларындағы мебель ислеп шығарыўшылардың жумысын қоллап-қуўатлаў, халықаралық стандартларға жуўап беретуғын ҳәм ишки және сыртқы базарларда бәсекиге шыдамлы мебель өнимлерин ислеп шығарыўды кеңейтиў мақсетинде:

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимликлери, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлигиниң 1-қосымшаға муўапық аймақларда кластер усылында мебель өнимлерин ислеп шығарыўға қәнигелескен киши санаат зоналарын (кейинги текстлерде – киши санаат зоналары) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.
  2. а) киши санаат зоналарындағы өндирис майданлары мүлк ҳуқықы тийкарында электрон онлайн-аукцион арқалы реализацияланатуғыны;

б) киши санаат зоналарындағы өндирис майданларына ийелик етиўдиң мәжбүрий шәрти сыпатында усы киши санаат зонасының бас режесине тийкарланып мебель ҳәм оның комплектлеўши бөлеклерин ислеп шығарыў және реализациялаў объектлерин жайластырыў белгиленетуғыны;

в) киши санаат зонасындағы аўыл хожалығында пайдаланылған жер майданларын мүлк ҳуқықы тийкарында электрон онлайн-аукцион арқалы реализациялаўдан түскен түсимниң жергиликли бюджетке бағдарланатуғын бөлеги бюджеттиң қосымша дәраматы сыпатында қәлиплестирилетуғыны ҳәм кеминде 30 проценти усы аймаққа жаңа жер майданларын аўыл хожалығына киргизиў ушын жумсалатуғыны;

г) шөлкемлестирилип атырған киши санаат зоналарының сыртқы инженерлик-коммуникация тармақларын қурыў илажлары:

ишимлик суў, ақаба суў тармақларын ҳәм автомобиль жолларын қурыў, реконструкциялаў ҳәм оңлаў жумыслары бойынша – 2021-2023-жыллар ушын Мәмлекетлик бюджетте нәзерде тутылған қаржылар;

электр энергиясы, тәбийғый газ ҳәм байланыс тармақларын қурыў, реконструкциялаў және оңлаў жумыслары бойынша – орнатылған тәртипте тәмийнатшы кәрханалардың қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимликлери:

он күн мүддетте киши санаат зоналарын шөлкемлестириў ушын 1-қосымшада көрсетилген жер майданларын нызамшылықта белгиленген тәртипте ажыратылыўын тәмийинлесин;

бир ай мүддетте Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги (А.Воитов) менен биргеликте белгиленген тәртипте киши санаат зоналары аймақларының шегаралары менен бас режесиниң ислеп шығылыўы ҳәм тастыйықланыўын тәмийинлесин;

еки ҳәпте мүддетте Аўыл хожалығы министрлиги (Ж.Ходжаев) менен биргеликте исбилерменлик субъектлерин тартқан ҳалда жергиликли бюджет қаржылары есабынан аўыл хожалығында пайдаланыўға киргизилетуғын жер майданларының мәнзилли дизимин тастыйықласын. Онда ҳәр бир аймақта жаңадан аўыл хожалығында пайдаланыўға киргизилетуғын жер майданлары усы аймақта шөлкемлестирилип атырған киши санаат зонасы майданынан кеминде еки есе көп болыўы керек.

  1. Киши санаат зоналарын шөлкемлестириў ушын жер майданының ажыратылыўына байланыслы аўыл хожалығы ҳәм тоғай хожалығы өндириси ысырапгершилигиниң орнын қаплаў бойынша төленетуғын компенсация төлемлери, бурынғысынан басқаша тәризде, өндирилмейтуғыны белгиленсин.
  2. Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимликлери және Қаржы министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте шөлкемлестирилип атырған киши санаат зоналарын барлық инженерлик-коммуникация инфраструктуралары менен тәмийинлеў мәнзилли бағдарламасын тастыйықласын
  3. 2021-жыл 15-июньнен баслап сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық төмендеги қәрежетлер Экспортты хошаметлеў агентлиги тәрепинен қапланатуғыны:

2021-2024-жылларда жыллық түсимде таяр мебель өнимлери экспортынан түсим үлеси кеминде 30 процентти қурайтуғын жергиликли кәрханалардың шийки зат (СЭЖ ТН бойынша 4410 ҳәм 4411 кодлары) импорты ушын жумсалған транспорт қәрежетлериниң 50 проценти муғдарында;

2024-жыл 1-январьға шекем мебель өнимлерин ислеп шығарыўға қәнигелескен экспорт етиўши кәрханаларға мебель өнимлерин барлық мәмлекетлерге, соның ишинде, қоңсы мәмлекетлерге экспорт етиўде автомобиль ҳәм темир жол тасыў қәрежетлериниң 50 проценти, бирақ өнимниң экспорт баҳасының (транспорт қәрежетлерисиз) автомобиль транспортында 5 процентинен, темир жол транспортында 7 процентинен көп болмаған муғдарда.

  1. 2023-жыл 1-январьға шекем 2-қосымшаға муўапық мебель ислеп шығарыўда пайдаланылатуғын шийки зат, аўысық бөлеклер, фурнитура ҳәм аксессуарлар импортында бажыхана бажысының нольлик ставкасы қолланылсын.
  2. Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги ҳәм басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте төмендегилерди нәзерде тутатуғын «2021-2024-жылларда Өзбекстанда мебель ҳәм ағашты қайта ислеў санаатын раўажландырыў бағдарламасы» жойбарын тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин:

республика аймақларында қурылып атырған көп квартиралы турақ жайларды халықтың талабынан келип шыққан ҳалда биринши гезекте жергиликли мебель өнимлери менен үскенелеў бойынша тутыныў кредитлериниң жаңа түрлери ҳәм пакетлерин енгизиў;

2021-2024-жылларда республика аймақларындаға мәмлекетлик шөлкемлердиң, соның ишинде, мектепке шекемги билимлендириў, улыўма орта ҳәм орта арнаўлы билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәкемелериниң мебель үскенелерин жаңалаў графигин тастыйықлаў;

мебель санаатының барлық бағдарларында шийки зат сыпатында пайдаланылатуғын теректиң түрлерин республиканың климат шараятын есапқа алған ҳалда жетистириў ҳәм республика мебель санаатында шийки зат сыпатында пайдаланылатуғын дарақ түрлериниң плантацияларын қурыў;

сырт мәмлекетлердеги (Қытай, Түркия ҳәм Европа мәмлекетлери) ири мебель ислеп шығарыўшы компаниялар тәрепинен республикада өндирис қуўатлылықларын иске қосыў;

Инновациялық раўажланыў министрлиги ҳәм «Өзхимиясанаат» АЖ менен биргеликте республика аймақларында МДФ плиталары, HPL панельлер, ҳәм усы қарардың 2-қосымшасында көрсетилген шийки зат, аўысық бөлеклер, фурнитура менен аксессуарлар ислеп шығарыўға қаратылған жойбарларды әмелге асырыў.

  1. «Мебель ҳәм ағашты қайта ислеў санааты» ассоциациясы, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлигиниң 2022-жылдан баслап ҳәр жылы май айында жергиликли ҳәм сырт ел кәрханасы ўәкиллери, потенциаллы инвесторлар, экспертлер ҳәм тармаққа байланыслы басқа да қәнигелерди тартқан ҳалда Мебель халықаралық саўда көргизбесин («Uzbek International Furniture Fair») шөлкемлестириў және өткериў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.

Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги (А.Воитов) «Мебель ҳәм ағашты қайта ислеў санааты» ассоциациясы (А.Нуритдинов) менен биргеликте еки ай мүддетте Мебель халықаралық саўда көргизбесине таярлық көриў ҳәм оны жоқары дәрежеде өткериў бойынша бағдарламасын ислеп шықсын және әмелге асырыўды басласын.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимликлери ҳәм 1-қосымшада көрсетилген районлар (қалалар)дың ҳәкимликлери Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги ҳәм басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте 1-қосымшада көрсетилген районларда (қалаларда) жайласқан кәсип-өнерге оқытыў мәкемелеринде исбилерменлик субъектлерин тартқан ҳалда мебель ислеп шығарыў бойынша қысқа ҳәм орта мүддетли оқыў курсларын шөлкемлестирсин.
  2. Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги еки ай мүддетте «Мебель ҳәм ағашты қайта ислеў санааты» ассоциациясының оқыў курсларын шөлкемлестириўи ушын «Жумысқа мәрҳамат» мономаркасы Алмазар филиалының имаратында 5 хананы бийпул пайдаланыў ҳуқықы тийкарында ажыратсын ҳәм усы оқыў курсларында оқытылатуғын «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»не киргизилген жумыссыз пуқаралардың оқыў қәрежетлери белгиленген тәртипте Бәнтликке жәрдемлесиў мәмлекетлик қорының қаржылары есабынан қаржыландырылыўын тәмийинлесин.
  3. Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялаў агентлиги, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги усы қарардың мазмун-мәниси және онда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы сәўлелендирилип барылыўын тәмийинлесин.
  4. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министриниң биринши орынбасары А.Б.Воитов белгиленсин.

Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Бас министрдиң орынбасары С.У.Умурзаковқа жүкленсин.

Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша ҳәр шеректиң жуўмағы бойынша Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме берилсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

Ташкент қаласы,

2021-жыл 21-июнь