Өзбекстан Республикасы Президентиниң қ а р а р ы

Жәмийетимизде саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, халықтың денетәрбия ҳәм спорт пенен турақлы шуғылланыўы ушын заман талапларына сай шараятлар жаратыў, қәбилетли спортшыларды сайлап алыў жумысларын системалы шөлкемлестириў, уллы ата-бабаларымыз Әмир Темур, Бабур Мырза, Жалалиддин Мангубердилерден мийрас болып қалған оқжайдан атыў дәстүрлери ҳәм қәдириятларын келешек әўладларға жеткериў, миллий спорт түрлерин көбейтиў, оқжайдан атыў спорт түри бойынша миллий сайланды командамыздың Олимпиада ҳәм Паралимпиада, Азия ҳәм Паразия ойынларында, жәҳән чемпионатларында ҳәм басқа да ири жарысларда мүнәсип қатнасыўын тәмийинлеў мақсетинде:

  1. Төмендегилер оқжайдан атыў спорт түрин буннан былай да раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:

қәбилетли жасларды  анықлаў, таңлаў ҳәм сайлап алыў (селекция)  және оларды профессионал спортшылар сыпатында таярлаўдың жаңа системасын жолға қойыў;

профессионал  спортшылар, маман тренерлер, төрешилер ҳәм қәнигелерди таярлаў және оларды кәсиплик раўажландырыў, оқыў-шынығыўлар процесине алдынғы илимий-инновациялық технологияларды кеңнен енгизиў ҳәм оқыў-методикалық қолланбалар ислеп шығыў, илимий-изертлеўлерди алып барыў;

усы спорт түри менен шуғылланыў ушын зәрүр  материаллық-техникалық база ҳәм инфраструктураны қәлиплестириў  ҳәм заманагөй спорт қураллары, үскенелери, кийимлери ҳәм экипировкасы менен тәмийинлеў, Өзбекстан оқжайдан атыў федерациясының жумысын қоллап-қуўатлаў;

физикалық имканияты шекленген ҳәм майыплығы болған шахслар тәрепинен параоқжайдан атыў спорт түри  менен шуғылланыў ушын зәрүр шараятлар жаратыў, олардың Паралимпия ҳәм Паразия ойынлары және халықаралық жарыслар, турнирлер ҳәм жәҳән чемпионатларында турақлы ҳәм мүнәсип қатнасыўын тәмийинлеў;

республикалық ҳәм халықаралық жарыслар, турнирлерди  ҳәм жәҳән  чемпионатларын  турақлы түрде шөлкемлестириў ҳәм өткериў, елимиздиң рейтинг көрсеткишлерин жақсылаў;

жәҳән стандартларына жуўап беретуғын миллий ҳәм профессионал сырт ел бренд оқжайлары, оқлар, тосықлар және спорт  қураллары, үскенелери, кийимлери ҳәм экипировкасын ислеп шығарыўды шөлкемлестириў;

оқжайдан атыўды миллий спорт түри  сыпатында кеңнен жарытыў және үгит-нәсиятлаў жумысларын шөлкемлестириў, ғалаба ен жайдырыў, халықтың бул спорт түрине қызығыўшылығын арттырыў.

  1. Туризм ҳәм спорт министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Өзбекстан Миллий олимпиада комитети ҳәм Өзбекстан оқжайдан атыў федерациясының:

ҳәр бир балалар – жас өспиримлер спорт мектебинде (соның ишинде, енди жаңадан шөлкемлестирилетуғын мектеплерде) имканияттан келип шығып,  оқжайдан атыў секция ҳәм бөлимлерин шөлкемлестириў;

ҳәр бир олимпиада резервлери колледжинде (соның ишинде, енди жаңадан шөлкемлестирлетуғын колледжде) оқжайдан атыў бөлимлерин ашыў;

2022/2023 оқыў жылынан  баслап Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университетинде оқжайдан атыў тәлим бағдарын ашыў  ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.

Туризм ҳәм спорт министрлиги (А.Абдухакимов) Өзбекстан оқжайдан атыў федерациясы менен биргеликте:

2021-жыл 1-сентябрьге шекем балалар-жас өспиримлер спорт мектеплери, олимпиада резервлери колледжлерин заманагөй халықаралық талапларға жуўап беретуғын спорт қураллары, үскенелери, кийимлери ҳәм экипировкасы және басқа да зәрүр қураллар менен тәмийинлесин ҳәм бул мақсетлерге  Туризм ҳәм спорт министрлигине және оның системасындағы спорт билимлендириўи мәкемелерине бюджеттен 2021-жыл ушын ажыратылған қаржылардың үнемленген бөлегинен зәрүр қаржыларды қаратсын;

бир ай мүддетте  оқжайдан атыў спорт түри бойынша  тренерлер, төрешилер ҳәм қәнигелерди қайта таярлаў және олардың маманлығын, соның ишинде, сырт еллерде арттырыў режесин тастыйықласын;

балалар – жас өспиримлер спорт мектеплери, олимпиада резервлери колледжлери ҳәм басқа да спорт билимлендириў мәкемелери оқжайдан атыў спорт түри бойынша жетекши сырт ел тренерлери, төрешилер ҳәм басқа да қәнигелерди шәртнама тийкарында  тартсын және тийисли финанслық ҳәм шөлкемлестириў мәселелерин шешсин.

  1. 2021-жыл 1-сентябрьден баслап оқжайдан атыў спорт түри бойынша аймақларда қәбилетли жасларды анықлаў, таңлаў ҳәм сайлап алыў (селекция)дың үш басқышлы системасы енгизилсин. Онда:

 биринши басқышта  – билимлендириў мәкемелери, балалар-жас өспиримлер спорт мектеплери, олимпиада резервлери колледжлери ҳәм басқа да спорт билимлендириў мәкемелеринен сайлап алынған спортшылар арасында район (қала)лық жарыслары (район/қала ҳәкими кубоги);

екинши басқышта – район (қала)лық жарыслардың жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелери арасында аймақлық жарыслар  (Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери кубоги);

үшинши басқышта – аймақлық жарыслардың жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелери арасында республикалық жарыслар өткериледи.

Туризм ҳәм спорт министрлиги (А.Каримов), Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлериниң туризм, спорт, мәденият, мәдений мийрас ҳәм ғалаба коммуникациялар мәселелери бойынша орынбасарлары қәбилетли жасларды анықлаў, таңлаў ҳәм сайлап алыў (селекция)дың үш басқышлы системасын тийисли аймақларда толық енгизиў бойынша жеке жуўапкер етип белгиленсин.

  1. Туризм ҳәм спорт министрлиги және Өзбекстан оқжайдан атыў федерациясының 2021-жыл 1-сентябрьден баслап ҳәр жылы дәстүрий түрде оқжайдан атыў спорт түри бойынша:

Ташкент қаласында «Алпамыс ҳәм Баршынай» халықаралық турнирин шөлкемлестириў;

Самарқанд қаласында ҳаял-қызлар арасында «Тумарис кубоги» халықаралық турнирин өткериў;

елимиздиң туристлик потенциалын және де кеңнен көрсетиў ҳәм бул спорт түриниң ғалабалығын арттырыў мақсетинде Бухара, Қоқанд, Самарқанд ҳәм Хийўа  қалаларында «Туризм ҳәм оқжайдан атыў ҳәптелиги»н шөлкемлестириў ҳәм оның шеңберинде кең туристлер ағымын тартқан ҳалда оқжайдан атыў бойынша спортшылар ҳәм туристлер арасында турнирлер, шеберлик сабақлары ҳәм ушырасыўлар, туристлик потенциал сәўлеленген сейиллер өткериў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.

Бас министрдиң орынбасары – туризм ҳәм спорт министри А.Абдухакимов, Өзбекстан оқжайдан атыў федерациясы, Өзбекстан Миллий олимпиада комитети:

Ташкент қаласы ҳәкимлиги ҳәм Самарқанд ўәлаяты ҳәимлиги менен биргеликте бир ай мүддетте усы бәнтте көрсетилген халықаралық турнирлерге пуқта таярлық көриў ҳәм оларды жоқары дәрежеде өткериў бойынша реже-кестени тастыйықласын;

халықаралық турнирлерде жергиликли оқжай атыўшылар менен биргеликте жоқары рейтингге ийе болған күшли халықаралық оқжайдан атыўшылар, тренерлер ҳәм төрешилердиң қатнасыўын тәмийинлесин.

  1. 2022-2024-жыллары Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында оқжайдан атыў спорт түри бойынша жәҳән стандартларына жуўап беретуғын спорт базаларын (кейинги орынларда – спорт базалары) шөлкемлестириў режеси 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

а) спорт базаларына методикалық жәрдемлесиў Өзбекстан оқжайдан атыў федерациясы  тәрепинен әмелге асырылатуғыны;

б) спорт базалары,  соның ишинде, төмендегилерден ибарат болатуғыны белгилеп қойылсын:

улыўма физикалық таярлық, арнаўлы физикалық таярлық, оқыў шынығыўларын ҳәм жарысларды өткериў ушын ашық түрдеги спорт майданы ҳәм спорт залы;

тамашагөйлер ушын трибуна, тренерлер, медицина хызметкерлери, кийим алмастырыў ханалары, тренажёр залы, спорт әсбап-үскенелери, кийимлери ҳәм экипировкасын сақлаў ушын хана.

Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (И.Норкулов) Туризм ҳәм спорт министрлиги (А.Каримов) менен биргеликте 2022-жыл ҳәм келеси жыллары Инвестициялық бағдарламаны қәлиплестириўде ислеп шығылған жойбарлаў-смета ҳүжжетлерине тийкарланып спорт базаларын қурыў ушын   орайласқан капитал қойылмалар лимитлериниң  ажыратылыўын тәмийинлесин.

Қурылыс министрлиги (К.Туляганов), спорт базаларын инновациялық технологияларға тийкарланған, арзан, энергия үнемлеўши ҳәм тез қурылатуғын жеңил конструкция ҳәм материаллардан қурыў бойынша жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин комплексли экспертизадан өткериўди тәмийинлесин ҳәм қурылыс-монтажлаў жумысларының сапалы орынланыўы үстинен турақлы мәмлекетлик архитектура қурылыс қадағалаўын орнатсын.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлерине төмендеги ўазыйпаларды шешиў жүкленсин:

ҳәр бир аймақтың бир районы (қала)н  оқжайдан атыў спорт түрин тийкарғы спорт түри сыпатында  белгилеў және оны раўажландырыў  ҳәм ғалаба ен жайдырыў бойынша «жол карталары»н ислеп шығыў;

тийисли аймақта оқжайдан атыў спорт түриниң раўажланыўы ушын зәрүр шараятлар жаратылыўын тәмийинлеў, спорт базаларын шөлкемлестириў жумысларына жақыннан жәрдемлесиў;

2022-2024-жыллары аймақларда спорт базаларын шөлкемлестириў жумысларын Инвестициялық бағдарлама шеңберинде әмелге асырыў бойынша усыныслар киргизиў;

орынларда оқжайдан атыў спорт түрин раўажландырыў ҳәм муўапықластырыў, методикалық қоллап-қуўатлаў ҳәм мониторинг етиў мақсетинде Өзбекстан оқжайдан атыў федерациясының аймақлық бөлимлерин шөлкемлестириў;

Өзбекстан оқжайдан атыў федерациясы аймақлық бөлимлериниң финанслық ҳәм материаллық-техникалық базасын беккемлеўге жәрдемлесиў;

орынлардағы басшы кадрлар арасынан талабанларды Өзбекстан оқжайдан атыў  федерациясы аймақлық бөлимлериниң баслығы лаўазымына усыныс етиў;

  1. Оқжайдан атыў спорт түрин және де раўажландырыў ҳәм ғалаба ен жайдырыў бойынша қосымша илажлар бағдарламасы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Туризм ҳәм спорт министрлиги (А.Абдухакимов) Сыртқы ислер министрлиги (А.Камилов) менен биргеликте оқжайдан атыў спорт түрин раўажландырыў ҳәм ғалаба ен жайдырыў мақсетинде:

Жер жүзилик оқжайдан атыў федерациясы және Азия оқжайдан атыў федерациясы менен бирге ислесиўди күшейтсин, бул бойынша мәнзилли илажларды әмелге асырсын. Онда бул шөлкемлерге ағзалық төлемлерин төлеп бериўге байланыслы қәрежетлер 2022-жылдан баслап Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде нәзерде тутылады;

Ислам бирге ислесиў Шөлкемине ағза мәмлекетлер (бәринен бурын Түркия, Иран, Малайзия) ҳәм басқа да мәмлекетлер (Корея Республикасы, Германия, Россия) менен биргеликте оқжайдан атыў спорт түри бойынша қәнигелерди таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў, жарыслар ҳәм турнирлерди өткериў, тәжирийбе алмасыў, басқа да биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў бойынша өз-ара пайдалы бирге ислесиўди орнатсын.

  1. Туризм ҳәм спорт министрлиги (А.Абдухакимов) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлиги, басқа да мәпдар министрликлер ҳәм шөлкемлер менен биргеликте және спорт федерациялары (ассоциациялар)н қамтыған ҳалда 2021-жыл 1-ноябрьге шекем мәмлекетимизде этноспорт түрлерин (белбеўли гүрес, көкпар, ашық ойын, қараптеп (ланка) ойыны, ат шабысы, ылақ ойын, дәрўаз, шүллик ҳәм басқалар) раўажландырыў ҳәм ғалаба ен жайдырыўды, Жер жүзилик этноспорт конференциясы ҳәм басқа халықаралық шөлкемлер менен байланысларды күшейтиўди нәзерде тутыўшы Өзбекстан Республикасы Президенти қарары жойбарын белгиленген тәртипбе Министрлер Кабинетине киргизсин.
  2. #аржы министрлиги (Т.Ишметов) усы қарарға тийкарланып быйылғы жылы нәзерде тутылған илажларды ҳәм келеси жылларда әмелге асырылыўы белгиленген ўазыйпалар ушын зәрүр қаржыларды 2021-жыл Мәмлекет бюджетинен Туризм ҳәм спорт министрлиги ушын нәзерде тутылған қаржылар шеңберинде, 2022-жылдан баслап болса Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде нәзерде тутыўды тәмийинлесин.
  3. Сырқы ислер министрлиги Туризм ҳәм спорт министрлиги және Өзбекстан оқжайдан атыў федерациясының буйыртпасына тийкарланып оқжайдан атыў спорт түри бойынша тартылатуғын сырт ел қәнигелерине консуллық жыйымлары ҳәм ҳуқықый қәрежетлердиң орнын қаплаў есабынан жыйымлар өндирместен кириў визаларының рәсмийлестирилиўин тәмийинлесин.
  4. Ишки ислер министрлиги Туризм ҳәм спорт министрлиги және Өзбекстан оқжайдан атыў федерациясының буйыртпасына тийкарланып оқжайдан атыў спорт түри бойынша тартылатуғын сырт ел қәнигелерине мәмлекетлик бажы өндирместен көп мәртелик кириў визаларының берилиўин ҳәм мүддетиниң созылыўын, сондай-ақ, олардың жасаў орнында ўақтынша дизимнен өткерилиўин белгиленген тәртипте тәмийинлесин.
  5. Туризм ҳәм спорт министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм шөлкемлер менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  6. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жеке жуўапкер етип туризм ҳәм спорт министриниң орынбасары А.Каримов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери белгиленсин.

Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитов ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – туризм ҳәм спорт министри А.А.Абдухакимовқа жүкленсин.

Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша 2022-жыл 1-январьға шекем Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме берилсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                             Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 17-июнь