Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Турақ жай шараятын жақсылаўға мүтәж халықты қоллап-қуўатлаў, ипотека кредити механизмлеринен пайдаланыў әмелиятын буннан былай да жетилистириў ҳәм кеңейтиў мақсетинде:

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық 2023-жыл 1-январьдан баслап дәслепки төлемниң ҳәм ипотека кредити бойынша процентлердиң бир бөлегин қаплаў ушын субсидия берилген пуқаралардың турақ жай сатып алыў, қурыў ямаса реконструкциялаў ушын алынған ипотека кредитлериниң және олар бойынша есапланған процентлерди төлеў ушын қаратылған мийнет ҳақы ҳәм басқа да дәраматлары физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығына тартылмайды.
  2. Усы қарардың 1-бәнтинде нәзерде тутылған жеңиллик қарыз алыўшы ҳәм бирге қарыз алыўшылар дәраматларының бир салық дәўиринде мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарының сексен есесинен аспаған бөлегине енгизилетуғыны;

2023-жылдан баслап ипотека кредити есабынан сатып алынған, қурылған ҳәм реконструкцияланған мүлк оған болған ҳуқық мәмлекетлик дизимнен өткерилген сәнеден баслап отыз алты ай ишинде басқа адамның атына өткерилгенде, усы қарардың 1-бәнтинде нәзерде тутылған дәраматлар белгиленген тәртипте салыққа тартылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. 2022-жыл 1-ноябрьден баслап, жеке меншик жумысты бөлип алып ислеўши шөлкемлер тәрепинен таяр ҳалда тапсырыў шәртисиз қурылған жайлардағы квартираларды (бөлмелерге бөлинген ҳәм безеў жумысларына таяр) басланғыш турақ жай базарында сатып алыў ушын ипотека кредитлерин ажыратыўға және олар бойынша дәслепки төлемниң ҳәм ипотека кредити бойынша процентлердиң бир бөлегин қаплаў ушын субсидия төлеўге рухсат берилсин.
  2. 2021-жылы жаңа тәртип тийкарында ипотека кредитлерин ажыратыўдың мақсетли параметрлери шеңберинде берилген субсидия ажыратыў ҳаққындағы хабарнамалардың әмел етиў мүддети 2022-жыл 31-декабрьге шекем создырылсын.
  3. Қаржы министрлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлигиниң халықаралық финанс шөлкемлеринен Мәмлекетлик бюджетти қоллап-қуўатлаў ушын тартылған қаржыларының есабынан «Өзбекстан ипотеканы қайта қаржыландырыў компаниясы» АЖға (кейинги орынларда – Компания) коммерциялық банклер тәрепинен халыққа берилген ипотека кредитлерин қайта қаржыландырыў ушын 3 жыл мүддетке 12 процентлик ставкада ҳәм процент төлемлерин ҳәр 6 айда төлеў шәрти менен 300 милиард сумға шекем бюджет ссудасын ажыратыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.

Онда, Компания ресурсларды коммерциялық банклерге 1 проценттен көп болмаған муғдарда маржа қолланған ҳалда жайластырсын.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимлери жылдың ақырына шекем:

турақ жайларды сатып алыў ҳәм ипотека кредитлерин рәсмийлестириў процесслеринде пуқараларға қосымша қолайлылықлар жаратыў мақсетинде ўәлаятлардың орайларында Ташкент қаласы тәжирийбеси тийкарында ипотека орайларын шөлкемлестириў;

ипотека орайларында аймақта турақ жай қурылысын әмелге асырып атырған қурылыс-жумысты бөлип алып ислеўши (девелопер) шөлкемлердиң сатыў офислерин, коммерциялық банклердиң банк мүйеши ҳәм кассаларын және жеке меншик нотариал уйымларды орналастырыў илажларын көрсин.

  1. Министрлер Кабинети бир ҳәпте мүддетте халыққа турақ жай сатып алыў ямас жеке тәртипте турақ жайларды қурыў ҳәм реконструкциялаў ушын субсидия ажыратыў процесслерин санластырыў, сондай-ақ, ипотека кредитин ажыратыў тәртибин жеңиллетиўди нәзерде тутатуғын қарарды қабыл етсин.
  2. Қаржы министрлиги және Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги мәпдар министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  3. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип қаржы министри Т.А.Ишметов және экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министриниң биринши орынбасары И.И.Норқулов белгиленсин.

Қарардың орынланыўы ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Бас министрдиң орынбасары Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

 Президенти     Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 22-сентябрь