Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Аймақларда денсаўлықты сақлаў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм ресурс имканиятларын кеңейтиў, оларды заманагөй медициналық үскенелер менен тәмийинлеў, сондай-ақ, медицина хызметкерлериниң маманлығын арттырыў тәжирийбесин жетилистириў мақсетинде:

  1. Мәмлекеттиң район (қала)лық ҳәм ўәлаятлық медицина мәкемелери ушын заманагөй медициналық үскенелер сатып алыў және олардағы қәнигелердиң жетекши сырт ел медициналық мәкемелеринде маманлығын арттырыў ушын Тиклениў ҳәм раўажланыў қорының есабынан Қаржы министрлигине оның талапнамаларына тийкарланып 2021-2022-жыллары 100 миллион АҚШ долларына шекемги эквиваленттеги миллий валютада жыллық 2 процент ставкада кредит қаржылары ажыратылсын. Онда, бул қаржылар Қаржы министрлигиниң талапнамалары берилген сәнеден баслап 3 жыл мүддетке шекем бериледи.
  2. Қаржы министрлиги усы қарардың 1-бәнтине муўапық ажыратылып атырған қаржыларды Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлериниң тийкарланған талапамаларына және белгиленген ставкаға бола қайтарыў шәрти менен 3 жылдан көп болмаған мүддетке оларға бюджет ссудасы сыпатында ажыратсын. Онда, Қаржы министрлиги кредит қаржыларын республикалық қәнигелестирилген илимий-әмелий медициналық орайларды заманагөй медициналық үскенелер менен тәмийинлеўге ҳәм жетекши сырт ел медициналық мәкемелеринде олардың қәнигелериниң маманлығын арттырыўға да бағдарлаўы мүмкин.
  3. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери тийисли аймақлық денсаўлықты сақлаў басқармалары менен биргеликте хатлаўдан өткериў тийкарында ҳәр бир аймақ ҳәм мәкеме кесиминде медициналық үскенелерге болған талапты анықлайтуғыны ҳәм ссуда қаржылары есабынан сатып алынатуғын үскенелер дизимин Денсаўлықты сақлаў министрлигине келисиў ушын киргизетуғыны;

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери келисилген дизимге тийкарланып медициналық үскенелерди сатып алатуғыны. Онда, бул процесске «O‘zmedimpeks» жуўапкершилиги шекленген жәмийети агент сыпатында тартылыўы мүмкин екенлиги;

медициналық үскенелерди сатып алыў бойынша техникалық тапсырмалар ҳәм тендер ҳүжжетлери «Жойбарлар ҳәм импорт контрактлерин комплексли экспертизалаў орайы» мәмлекетлик унитар кәрханасында (кейинги орынларда – Орай) комплексли экспертизадан өткерилетуғыны;

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери ажыратылып атырған ссуда қаржыларының нәтийжели ҳәм мақсетли қолланылыўы және өз ўақтында қайтарылыўына жеке жуўапкер болып есапланатуғыны;

сырт елде тәжирийбе арттыратуғын медицина хызметкерлериниң дизими Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери тәрепинен таңлаў (конкурс) тийкарында қәлиплестирилетуғыны ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 5-майдағы ПП-6221-санлы Пәрманы менен шөлкемлестирилген Қәбилетли ҳәм тәжирийбели қәнигелерди қоллап-қуўатлаў және медицина мәкемелерине тартыў бойынша жумысшы топары тәрепинен белгиленген тәртипте тастыйықланатуғыны;

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлерине аймақлардағы медицина мәкемелери қәнигелериниң жетекши сырт ел медициналық мәкемелеринде маманлығын арттырыў мақсетинде Орайда комплексли экспертизадан өткериў шәрти менен тиккелей шәртнамалар дүзиўге руқсат берилетуғыны белгиленсин.

  1. Мәмлекеттиң район (қала)лық ҳәм ўәлаятлық медицина мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм кадрлар потенциалын арттырыў бойынша «Жол картасы» қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Есап палатасы (Б.Турабов) бул қарар шеңбериндеги медициналық үскенелерди сатып алыў процеси ҳәм олардан нәтийжели пайдаланыў үстинен турақлы қадағалаў орнатсын және ҳәр шеректе Өзбекстан Республикаы Президенти Администрациясына мағлыўмат киргизип барсын.
  3. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери, денсаўлықты сақлаў министри Б.А.Мусаев ҳәм қаржы министри Т.А.Ишметов белгиленсин.

Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша 2022-жыл 1-июньге шекем Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме берилсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                     Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 11-ноябрь