Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Халық арасында гимнастика спорт түрлери (спорт гимнастикасы, көркем гимнастика, трамполин, акробатика) ғалабалық ен жайдырылыўын арттырыў, жаслар арасынан қәбилетли спортшыларды сайлап алыў системасын жетилистириў, халықаралық талап ҳәм стандартлар тийкарында профессионал спортшыларды таярлаў арқалы миллий сайланды командаларымыздың абырайлы жарысларда жоқары нәтийжелерге ерисиўин тәмийинлеў мақсетинде:

  1. Төмендегилер гимнастика спорт түрлерин раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:

халық арасында гимнастика спорт түрлериниң ғалабалығын арттырыў, қәбилетли спортшыларды анықлаў, таңлаў ҳәм сайлаў (селекция) сондай-ақ, оларды профессионал спортшылар сыпатында таярлаўдың жаңа системасын жолға қойыў;

мектепке шекемги жастағы балалардың гимнастика спорт түрлери менен шуғылланыўы ушын кең имканиятларды жаратыў ҳәм оларда бул спорт түрлери бойынша басланғыш көнликпелерди қәлиплестириў;

улыўма орта билимлендириў мектеплериниң денетәрбия сабақларында гимнастика спорт түрлери бойынша шынығыўларды басқышпа-басқыш көбейтиў ҳәм шынығыў менен дөгереклер жумысын системалы жолға қойыў;

гимнастика спорт түрлери бойынша профессионал тренерлер, маман төрешилер менен қәнигелерди таярлаў, оқыў-методикалық қолланбалар ҳәм видеоматериаллар ислеп шығыў;

спорт-билимлендириў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, республикада гимнастика спорт түрлери ушын зәрүр болған спорт үскенелери ҳәм инвентарларын ислеп шығарыўды жолға қойыў;

қызлар арасында ерте жастан гимнастика спорт түрлерин ғалаба ен жайдырыў, бул бағдарда узақ жылларға мөлшерленген перспективалы режелерди ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў;

Олимпиада ҳәм Азия ойынлары, жәҳән ҳәм Азия чемпионатларына гимнастика спорт түрлери бойынша миллий сайланды команда спортшыларын таярлаў бағдарламаларын және де жетилистириў;

ғалаба хабар  қуралларында саламат турмыс тәризиниң әҳмийетли структуралық бөлими сыпатында гимнастика спорт түрлерин үгит-нәсиятлаў ҳәм бул процессте жоқары дәрежели информатизациялаўды ҳәм мультимедиа өнимлеринен пайдаланыўды тәмийинлеў.

  1. 2023-2024-оқыў жылынан баслап:

мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде «Гимнастикаға биринши қәдем» бағдарламасы;

улыўма орта билимлендириў мектеплеринде баслаўыш класс оқыўшыларына мөлшерленген, гимнастика спорт түрлери бойынша спорт мектебиниң басланғыш таярлық топарлары ушын ислеп шығылған бағдарлама тийкарында «Балалар ушын гимнастика» бағдарламасы енгизилсин.

а) «Гимнастикаға биринши қәдем» бағдарламасы шеңберинде:

мектепке шекемги шөлкемлерде гимнастиканы ғалабалық ен жайдырыў ҳәм кеңнен үгит-нәсиятлаў арқалы тәрбияланыўшыларды усы спорт түри менен турақлы шуғылланыўға тартатуғыны;

тәрбияланыўшылардың организмин физиологиялық  раўажландырыў бойынша қәниге-шыпакерлер тәрепинен усыныс етилген спорт көнликпелерине таярлайтуғыны;

балаларда гимнастика менен шуғылланыўға күшли ҳәм тәсиршең мотивацияны қәлиплестириўге үлкен итибар қаратылатуғыны;

б) «Балалар ушын гимнастика» бағдарламасы шеңберинде:

гимнастика менен шуғылланыў тилеги жоқары болған оқыўшыларға ийе ҳәм спорт заллары бар улыўма орта билимлендириў мектеплери белгилеп алынатуғыны;

таңлап алынған улыўма орта билимлендириў мектеплеринде гимнастика спорт түрлери бойынша сабақтан тысқары айрықша спорт секцияларында шынығыўлар мектеп жайласқан аймақтағы спорт мектебинен тартылған тренерлер тәрепинен алып барылатуғыны;

улыўма орта билимлендириў мектеплеринде гимнастика залларын шөлкемлестириў, ҳәзирги гимнастика инфраструктурасын кеңейтиў ҳәм үскенелеў ушын инвестиция ҳәм грантлар тартылатуғыны;

жаслар арасында гимнастика спорт түрлерин кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм ғалаба ен жайдырыў, оларда усы спорт түрине қызығыўшылықты арттырыў, гимнастика бойынша жарысларды өткериўге жәрдемлесиў бойынша илажлар әмелге асырылатуғыны белгиленсин.

  1. Халық билимлендириў министрлиги (Б.Саидов) 2023-2024-оқыў жылынан баслап:

Спортты раўажландырыў министрлиги, Өзбекстан гимнастика федерациясы менен биргеликте гимнастика спорт түрлерин оқыўшылар арасында ғалаба ен жайдырыў бойынша таңланған мектеплерди видеосабақлықлар, гимнастика гилемлери, үскенелер ҳәм басқа да зәрүр әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў ушын Халық билимлендириў тараўында реформаларға жәрдемлесиў қорының қаржылары есабынан ҳәр жылы зәрүр қаржыларды қаратсын;

баслаўыш класс оқыўшылары ушын денетәрбия илиминиң әмелдеги оқыў бағдарламасын қайта көрип шығып, оның тийкарғы бөлимин гимнастиканың саламатландырыўшы элементлери менен байытсын.

  1. Мектепке шекем билимлендириў министрлиги (А.Шин) Өзбекстан гимнастика федерациясы менен биргеликте 2023-жыл 1-июльге шекем мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде тәрбияланыўшыларды гимнастикаға тийкарланған турақлы физикалық шынығыўларға қызықтырыў ҳәм шуғылландырыў бойынша дөгереклер жумысын системалы жолға қойсын.
  2. Спортты раўажландырыў министрлиги системасында биринши басқышта Нөкис, Самарқанд ҳәм Ферғана қалаларында заманагөй мәтериаллық-техникалық ҳәм оқыў-шынығыў базасына ийе болған аймақлық Гимнастика спорт түрлерине таярлаў орайлары (кейинги орынларда – Гимнастика орайлары) шөлкемлестирилсин.
  3. Гимнастика орайлары усы аймақлардағы гимнастика спорт түрлерине қәнигелестирилген спорт мектеплери тийкарында шөлкемлестирилетуғыны;

Гимнастика орайлары юридикалық тәреп статусына ийе болған қәнигелестирилген мәмлекетлик спорт-билимлендириў мәкемеси болып есапланатуғыны;

Гимнастика орайлары өз жумысын 2024-2025-оқыў жылынан баслайтуғыны;

Гимнастика орайлары оқыўшыларының улыўмалық контингенти жәми 132 ни қурап, олар 1-11-класс оқыўшыларынан ибарат болатуғыны;

Гимнастика орайларының оқыўшыларын улыўма билимлендириў бағдарламалары бойынша оқытыў оларға ең жақын жайласқан улыўма орта билимлендириў мектеплеринде әмелге асырылатуғыны;

Гимнастика орайларының оқыў бағдарламасын өзлестирген ҳәм жуўмақлаўшы мәмлекетлик аттестациядан өткен 11-класс питкериўшилерине нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте мәмлекетлик үлгидеги диплом берилетуғыны;

Гимнастика орайларын питкергени ҳаққындағы диплом берилген қәнигелик (тренер, тренер-селекционер) бойынша мийнет жумысын әмелге асырыў ямаса билимлендириўдиң кейинги басқышларында оқыўды даўам еттириў ҳуқықын беретуғыны;

Гимнастика орайлары оқыўшыларын аўқатландырыў қәрежетлери Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны;

Гимнастика орайларының директорлары, олардың спорт ислери бойынша орынбасарлары, тренерлери, методистлерине Олимпиада ҳәм паралимпиада спорт түрлерине таярлаў орайлары ушын белгиленген мийнетке ҳақы төлеў ҳәм материаллық хошаметлеў шәртлериниң қолланылатуғыны;

Гимнастика орайлары директорларының руўхый-ағартыўшылық ислер бойынша орынбасары ҳәм тәрбияшылары мийнетке ҳақы төлеў ҳәм хошаметлеў Министрлер Кабинетиниң 2005-жыл 21-декабрьдеги «Халық билимлендириў хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеўдиң жетилистирилген системаны тастыйықлаў ҳаққында»ғы 275-санлы қарарына муўапық әмелге асырылатуғыны;

Гимнастика орайлары медицина хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеў Министрлер Кабинетиниң 2005-жыл 21-декабрьдеги «Медицина хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеўдиң жетилистирилген системасын тастыйықлаў ҳаққында»ғы 276-санлы қарарына муўапық әмелге асырылатуғыны, сондай-ақ, оларды материаллық хошаметлеўде Олимпиада ҳәм паралимпиада спорт түрлерине таярлаў орайлары ушын белгиленген материаллық хошаметлеў шәртлериниң қолланылатуғыны белгиленсин.

  1. Төмендегилер Гимнастика орайларын қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин:

Мәмлекетлик бюджет қаржылары;

жумыс қәнигелиги бойынша товарларды (жумысларды, хызметлерди) реализациялаўдан ҳәм Гимнастика орайларының уставындағы ўазыйпаларға муўапық болған басқа да жумыс түрлеринен алынған дәраматлар;

физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң қәўендерлик қайырқомлықлары;

нызамшылық ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

  1. а) Гимнастика орайларын заманагөй ҳәм халықаралық талапларға муўапық шөлкемлестириў (имаратлар қурыў, ҳәзиргилерин реконструкциялаў ҳәм оңлаў) «Өзавтосанаат» АЖның қайырқомлық қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны;

б) Гимнастика орайларын халықаралық стандартларға муўапық, заманагөй үскене ҳәм инвентарлар менен тәмийинлеў ушын Спортты раўажландырыў министрлигине Мәмлекетлик бюджеттен зәрүр қаржы ажыратылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Қаржы министрлиги бул мақсетлер ушын ҳәм Гимнастика орайларының жумысын сақлаў менен байланыслы зәрүр қаржыларды 2024-жылдан баслап Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде нәзерде тутсын.

Қурылыс министрлиги (Б.Закиров) Гимнастика орайларының жойбарлаў ҳүжжетлерин ислеп шығыўда ең қолайлы нормативлик ҳәм техникалық шешимлер қолланылыўын, оларды инновациялық технологияларға тийкарланған, энергия үнемлеўши ҳәм тез қурылатуғын жеңил конструкция ҳәм материллардан қурыў, ықшамлық ҳәм экологиялық қәўипсизлик талапларына муўапықлық бойынша жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин комплексли экспертизадан өткериўди тәмийинлесин ҳәм қурылыс-монтажлаў жумысларының сапалы орынланыўы үстинен турақлы мәмлекетлик архитектура-қурылыс қадағалаўын орнатсын.

Спортты раўажландырыў министрине Спортты қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары есабынан гимнастика спорт түрлери бойынша маман сырт ел тренерлери, менеджерлер, экспертлер ҳәм басқа да қәнигелерди тартыў ҳуқықы берилсин.

  1. Министрлер Кабинети усы қарардың талапларынан келип шығып, үш ай мүддетте Гимнастика орайларының жумысын шөлкемлестириў бойынша Ҳүкимет қарарын қабыл етсин.
  2. Гимнастика спорт түрлериниң ғалабалық ен жайдырылғанын арттырыў ҳәм спортшыларды ең төменги буўыннан баслап таярлаў ҳәм селекциялаў бойынша төмендеги система енгизилсин:

мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде – 3 жастан 7 жасқа шекемги балаларды денетәрбия, әсиресе, гимнастикаға тийкарланған турақлы физикалық шынығыўларға қызықтырыў ҳәм шуғылландырыў арқалы оларда ерк-ықрар ҳәм исенимлилик, сондай-ақ, өзин тутыў сыяқлы әдеп-икрамлылық ҳәм физикалық пазыйлетлер қәлиплестириледи;

улыўма орта билимлендириў мектеплеринде-7 жастан 10 жасқа шекемги оқыўшылар ушын денетәрбия оқыў-шынығыўларында гимнастика спортының саламатландырыўшы элементлеринен пайдаланған ҳалда балаларда денениң раўажланыўы, булшық етлер ийилиўшеңлиги, шаққанлық, шыдамлылық ҳәм баланс сезими ҳәм ҳәрекетлерди муўапықластырыў көнликпеси сыяқлы физикалық сапалар қәлиплестириледи;

спорт мектеплеринде – «Бес баслама олимпиадасы» шеңберинде өткерилген ғалабалық спорт жарыслары, сондай-ақ, мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери ҳәм улыўмалық орта билимлендириў мектеплеринен гимнастика спорт түрлери бойынша сайлап алынған балалар дәслеп спорт мектебиниң спорт-саламатландырыў топарларында ҳәрекетлерин қәбилетин күшейтиў ҳәм ҳәрекет белсендилигиниң жетиспеўшилигин толтырыў бойынша шуғылландырылады.

Онда, спорт-саламатландырыў топарында шуғылланған жаслар халықтың физикалық таярлық дәрежесин баҳалаў системасы бойынша сынақлардан табыслы өткен жағдайда, олар спорт мектебиниң гезектеги топарларына басқышпа-басқыш өткерип барылады;

Гимнастика орайларында – билимлендириў мәкемелеринде ең жақсы нәтийже көрсеткен, спорт сынақларынан табыслы өткен ҳәм жоқары қәбилетке ийе болған жаслар таңлаў тийкарында қабыл етилип, гимнастиканың қәнигелестирилген түрлери бойынша профессионал түрде шуғылландырылады ҳәм олар есабынан аймақлық сайланды командаларға тийкарғы талабанлар резерви қәлиплестириледи;

Гимнастика бойынша қәнигелестирилген республикалық балалар-жас өспиримлер олимпиада резерви мектебинде (кейинги орынларда – Гимнастика бойынша олимпиада резервлери мектеби) – Гимнастика орайлары, сондай-ақ, басқа да билимлендириў мәкемелеринен спорт гимнастикасы, көркем гимнастика ҳәм трамполин менен шуғылланыўшы спортшыларды ерискен нәтийжелери тийкарында таңлап алыў арқалы олар ең жаңа илимий-методикалық усыныс ҳәм жетискенликлер тийкарында миллий сайланды командалар ушын спорт резерви ҳәм жоқары дәрежели спортшылар сыпатында таярданады.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

Гимнастика бойынша олимпиада резервлери мектеби – миллий сайланды командаларға гимнастика спорт түрлери бойынша резерв спортшыларды жеткерип бериўши базалық мәмлекетлик спорт-билимлендириў мәкемеси болып есапланады;

Гимнастика бойынша олимпиада резервлери мектебинде 7 жастан 18 жасқа шекемги билим алыўшы оқыўшы-спортшылардың улыўма контингенти 132 ни қураған ҳалда, оқыў мүддети 11 жыл болып, ҳәр жылы 12, қәбилетли оқыўшы-спортшы қабыл етиледи;

Гимнастика бойынша олимпиада резервлери мектебин толық тамамлаған оқыўшы-спортшыларға нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте мәмлекетлик үлгидеги диплом бериледи;

Гимнастика бойынша олимпиада резервлери мектебин питкергени ҳаққындағы диплом берилген қәнигелик (тренер, тренер-селекционер) бойынша мийнет жумысын әмелге асырыў ямаса билимлендириўдиң кейинги басқышында оқыўды даўам еттириў ҳуқықын береди.

  1. Спортты раўажландырыў министрлиги ҳәм Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги 2023-2024-оқыў жылынан баслап Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университети ҳәм оның филиалларында гимнастика бойынша әмелдеги оқыўға қабыллаўдың мәмлекетлик буйыртпасы параметрлерин еки есеге арттырыў илажларын көрсин.
  2. Төмендегилер:

2023-2025-жыллары гимнастика спорт түрлерин және де раўажландырыў бойынша «жол картасы» 1-қосымшаға муўапық;

2023-2025-жыллары гимнастика спорт түрлерин раўажландырыўдың мақсетли көрсеткишлери 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. 2023-жыл 1-январьдан баслап дәстүрий түрде гимнастика спорт түрлери бойынша Өзбекстан Республикасында төмендеги жарыслар өткерилетуғыны белгилеп қойылсын:

гимнастрада спорт түри бойынша ҳаял-қызлар арасында Өзбекстан Республикасы Президенти кубоги;

көркем гимнастика бойынша жаслар арасында «Жарық жулдызша» ҳәм үлкенлер арасында «Grand Prix Uzbekistan» халықаралық турнири;

көркем гимнастика бойынша «Мақпал жол» халықаралық турнири;

трамполин бойынша «Аспаннан бийик» халықаралық турнири;

халықаралық гимнастика күнине бағышлап өткерилетуғын «Gymnastics Day» пүткил Өзбекстан ғалабалық форумы;

улыўма орта билимлендириў мектеплериниң оқыўшылары арасында «Халың билимлендириў министри кубоги»;

гимнастика спорт түрлери бойынша Халықаралық гимнастика федерациясының тастыйықланған норма ҳәм қағыйдаларында белгиленген жас категориялары бойынша үш басқышлы (районлық/қалалық, аймақлық ҳәм республикалық) чемпионатлар ҳәм кубоклар.

Спортты раўажландырыў министрлиги (Ш.Маҳмудов) Халық билимлендириў министрлиги, Өзбекстан Миллий олимпиада комитети ҳәм Өзбекстан гимнастика федерациясы менен биргеликте:

еки ай мүддетте усы бәнтте көрсетилген жарысларға пуқта таярлық көриў ҳәм оларды жоқары дәрежеде өткериў бойынша илажлар режесин тастыйықласын;

республикамызда өткерилетуғын халықаралық турнирлерде жергиликли гимнастикашылары менен биргеликте жоқары рейтингке ийе болған халықаралық гимнастикашылар, тренерлер ҳәм төрешилердиң қатнасыўын тәмийинлесин;

жоқарыдағы жарыслар менен турнирлерди өткериў процесин жергиликли ҳәм сырт ел ғалаба хабар қуралларында сондай-ақ, басқа да коммуникация дәреклеринде кеңнен сәўлелендирсин.

Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги (Б.Иброҳимов) усы жарыслар менен турнирлерди туристлик маршрутлар объектлери дизимине киргизсин, оларға сырт ел ҳәм жергиликли туристлерди тартыў илажларын көрсин.

  1. Спортты раўажландырыў министрлиги (А.Икромов):

Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәмлекетлик комитети, Жаслар ислери агентлиги менен биргеликте гимнастика спорт түрлери ғалабалық ен жайдырылыўын арттырыў мақсетинде 2023-жылдан баслап «Бес баслама олимпиадасы» шеңберинде өткерилетуғын ғалабалық спорт жарыслары бағдарламасына гимнастрада жарысларын киргизсин;

Қаржы министрлиги менен биргеликте 2023-2024-жыллары басқышпа-басқыш аймақлардағы гимнастика спорт түрлерине қәнигелестирилген спорт мектеплериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, ҳәзирги спорт имаратларын шынығыўлар ушын қәўипсиз ҳәм санитариялық нормалар тийкарында реконструкциялаў, оларды заманагөй талапларға жуўап беретуғын үскене ҳәм инвентарлар менен тәмийинлеў илажларын көрсин.

  1. Министрлер Кабинети Спортты раўажландырыў министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Өзбекстан гимнастика федерациясы менен биргеликте еки ай мүддетте гимнастика спорт түрлери бойынша мәмлекетлик спорт-билимлендириў мәкемелеринде шуғылланыўшы оқыўшы-спортшылар ушын әмелдеги суткалық азық-аўқат нормалары, үскене ҳәм инвентарлар нормаларын сын көзқарастан қайта көрип шығып, жаңа редакциядағы Ҳүкимет қарарын қабыл етсин.
  2. Спортты раўажландырыў министрлиги (А.Икромов), Өзбекстан гимнастика федерациясы бир ай мүддетте гимнастика спорт түрлери бойынша миллий сайланды командалар спортшыларын 2024-жыл Париж қаласында (Франция) болып өтетуғын XXXIII жазғы Олимпиада ойынларына пуқта таярлаў бойынша илажларды ислеп шығып, Министрлер Кабинетине киргизсин. Онда, қәбилетли спортшыларды спорт кийимлери ҳәм экипировкалары менен тәмийинлеў нәзерде тутылсын.
  3. Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (А.Бобоев) Қаржы министрлиги (Ж.Абруев), Спортты раўажландырыў министрлиги (М.Исмоилов), Ташкент қаласы ҳәкимлиги ҳәм Өзбекстан гимнастика федерациясы менен биргеликте 2024-2025-жылларға мөлшерленген Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде Ташкент қаласы, Юнусабад районы, Корхожи ата көшеси, 2а-үй мәнзилинде жайласқан Гимнастика бойынша олимпиада резервлери мектебиниң қарамағындағы имаратлар менен объектлерди халықаралық талапларға муўапық реконструкциялаў ҳәм капитал оңлаў, сондай-ақ, усы объекттиң тийисли бос жер майданында 36х30 өлшемли спорт гимнастикасы залын қурыў ҳәм заманагөй спорт үскенелери менен толық тәмийинленген оқыў-шынығыў базасына айландырыў илажларын көрсин.
  4. Өзбекстан гимнастика федерациясы (Ш.Умурзоқов) ҳәм Миллий олимпиада комитети (О.Қосимов):

заманагөй илим жетискенликлери ҳәм инновациялық технологиялардан пайдаланған ҳалда гимнастика спорт түрлери бойынша тренерлер, селекционерлер, төрешилер ҳәм басқа да қәнигелердиң кәсиплик шеберлигин арттырып барыў мақсетинде жергиликли ҳәм сырт ел қәнигелериниң қатнасыўында семинар, тренинг ҳәм шеберлик сабақларын өткериўди системалы түрде жолға қойсын;

үш ай мүддетте мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде «Гимнастикаға биринши қәдем» ҳәм улыўма орта билимлендириў шөлкемлеринде «Балалар ушын гимнастика» бағдарламаларын әмелге асырыў ҳәм орынлардағы тренерлердиң жумысына жәрдемлесиў мақсетинде бул бағдарламаларды әмелге асырыў концепциясы ҳәм гимнастика спорт түрлери бойынша видеосабақлықлар топламын жаратсын;

жумысы даўамында үлги көрсеткен жоқары тәжирийбеге ийе тренер ҳәм қәнигелердиң маманлығын және де арттырыў, заманагөй билим ҳәм көнликпелерге ийе болыўын тәмийинлеў ушын миллий сайланды командалардың сырт елде өткерилетуғын оқыў-жыйын шынығыўлары ҳәм халықаралық жарыслар процесине тартыў илажларын көрсин.

  1. Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы усы қарардың мазмун-мәниси ҳәм әмелий әҳмийетин жарытыўға байланыслы мақалалар, брифинглер, тематикалық телекөрсетиўлер шөлкемлестирсин.
  2. Спортты раўажландырыў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  3. Бул қарардың орынланаўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер етип спортты раўажландырыў министри А.И.Икромов, Өзбекстан миллий олимпиада комитети бас хаткери О.А.Қосимов ҳәм Өзбекстан гимнастика федерациясы баслығы Ш.Б.Умурзоқов белгиленсин.

Қарардың орынланаўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи О.Қ.Абдураҳмоновқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                     Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 23-декабрь