Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Исбилерменлердиң машқалалары ҳәм усынысларын тиккелей үйрениў және исбилерменликти келешекте раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын белгилеп алыў бойынша 2021-жыл 20-август күни өткерилген Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлер менен ашық сөйлесиўи шеңберинде белгиленген мәселелердиң орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, электрон коммерциялық тараўдағы платформалар жумысын қоллап-қуўатлаў және аккредитивлик бойынша есап-санақ системасын енгизиў мақсетинде:

  1. Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги ҳәм Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлигиниң электрон коммерцияның «Ашық санлы экосистемасы» мәлимлеме системаларының комплексин (кейинги орынларда – Санлы экосистема) 2022-жыл 1-июльден баслап толық иске қосыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.

Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги жанындағы Электрон кооперация порталының орайы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги жанындағы Санлы трансформация орайы (кейинги орынларда – Орай) етип қайта шөлкемлестирилсин.

  1. Орайға төмендеги қосымша ўазыйпалар жүкленсин:

Санлы экосистеманы қәлиплестириў ҳәм оның операторы функцияларын орынлаў;

мүлкшилик түринен, уйымлық ҳәм тармаққа тийислилигинен, аймақлық жайласыўына қарамастан, электрон коммерция платформаларына өзиниң қайрыдарлар базасынан тең пайдаланыўы және оларға хызметлер көрсетиўи ушын шараятлар жаратыў;

Санлы экосистеманың «эскроу» системасының функцияларын орынлаўы мүнәсибети менен бир жеке есап беттен есап-санақлар ҳәм төлемлер ҳәм тәреплердиң шәртнама миннетлемелериниң кепилликли (аккредитив принципи бойынша) орынланыўын тәмийинлеў.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған бола:

Санлы экосистемаға интеграцияласқан электрон коммерция платформаларында товарлар ҳәм хызметлерди сатыў ҳаққындағы мағлыўматлар жайластырылыўы шәрт. Онда, баҳасы көрсетилмеген товар ҳәм хызметлерди сатып алыў бойынша келисимлер дүзиўге жол қойылмайды;

2024-жыл 1-январьға шекем Санлы экосистемаға интеграцияласқан электрон коммерция платформаларының операторлары ушын пайда салығының ставкасы 50 процентке азайтылады;

товарлар (хызметлер) электрон саўдасын әмелге асыратуғын салық төлеўшилер ушын, олар Электрон коммерция қатнасыўшыларының миллий реестрине киргизилген ямаса киргизилмегенине қарамастан, Өзбекстан Республикасы Салық кодексиниң 337- ҳәм 467-статьяларына муўапық пайда салығы ҳәм айланыстан алынатуғын салық бойынша азайтылған салық ставкалары қолланылады.

Қаржы министрлиги еки ай мүддетте усы бәнттен келип шығып, Салық кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиўди нәзерде тутатуғын нызам жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Электрон коммерцияның «Ашық санлы экосистемасы»н шөлкемлестириў бойынша «Жол картасы» қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Орай Мәмлекетлик салық комитети менен биргеликте 2022-жыл 1-июльге шекем Санлы экосистема арқалы салық уйымларына реал ўақыт режиминде мағлыўматларды жеткерип бериў имканиятын беретуғын электрон мағлыўматлар базаларының өз-ара интеграциясын тәмийинлесин.
  3. Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги еки ай мүддетте мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  4. Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте усы қарардың мазмун-мәниси, соның ишинде, ғалаба хабар қураллары ҳәм Интернет тармағы арқалы кеңнен түсиндирилиўин тәмийинлесин.
  5. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министриниң биринши орынбасары А.В.Воитов белгиленсин.

Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары С.У.Умурзаковқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                           Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 17-ноябрь