Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Республикамыздың экспорт потенциалын арттырыў, экспортшы кәрханаларды финанслық қоллап-қуўатлаўды буннан былай да күшейтиў, миллий өнимлердиң сыртқы базарлардағы бәсекиге шыдамлылығын беккемлеў ҳәм валюта түсимлерин көбейтиў, сондай-ақ, исбилерменлердиң машқалалары менен  усынысларын тиккелей үйрениў ҳәм исбилерменликти келешекте раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын белгилеп алыў бойынша 2021-жыл 20-август күни өткерилген Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиўи шеңберинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде;

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 21-октябрьдеги «Экспорт жумысын финанслық қоллап-қуўатлаўды буннан былай да кеңейтиў илажлары ҳаққында»ғы ПП-6091-санлы Пәрманы ҳәм 2021-жыл 13-июльдағы «Экспорт жумысын финанслық қоллап-қуўатлаўды буннан былай да күшейтиў ҳаққында»ғы ПҚ-5184-санлы қарарына тийкарланып экспортқа байланыслы саўда операциялары ҳәм экспорталды қаржыландырыў кредитлери ушын Тиклениў ҳәм раўажланыў қорынан Экспортты хошаметлеў агентлиги жанындағы Экспортты қоллап-қуўатлаў қорына 200 миллион АҚШ доллары ажыратылғаны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги ҳәм Қаржы министрлигиниң 2021-жыл 1-октябрьден баслап:

Экспортты хошаметлеў агентлиги тәрепинен жыллық экспорт көлеми 20 миллион АҚШ долларын артқан кәрханаларға экспортқа байланыслы саўда операциялары ҳәм экспорталды қаржыландырыў кредитлери ушын коммерциялық банклер арқалы бир мәртелик финанслық ресурслар 5 миллион АҚШ долларына шекемги  муғдарда ҳәм бир жылға шекемги мүддетке берилди;

соңғы он еки ай даўамында 1 миллион АҚШ долларын аслам таяр тоқымашылық өнимлерин экспорт еткен кәрханаларға тийкарғы ҳәм жәрдемши өндириси ушын аўысық бөлеклер, шийки зат ҳәм материаллар алып кириўде бажыхана төлемлерин төлеў бойынша процент есапланбаған ҳәм олардың төлениўин тәмийинлеў талап етилмеген ҳалда 120 күнге төлемди кешиктириў (бөлип-бөлип төлеў) имканиятын бериў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.

Министрлер Кабинети бир ай мүддетте товарлар (жумыслар, хызметлер)ды импорт етиўде қосымша қун салығын төлеўшилер ушын қосымша қун салығын төлеў мүддетин созыў тәртиби ҳаққындағы режеге тийисли өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизсин.

  1. Сыртқы саўда операциялары бойынша мүддети өткен дебитор қарыздарлық ушын хожалық жүргизиўши субъектлерге жәриймалардың қолланылыўы, сондай-ақ, усы Пәрман күшге киргенге шекем қолланылған жәриймалар өндирилиўи 2021-жыл 31-декабрьге шекем тоқтатылатуғыны;

2021-жыл 1-октябрьден жоқары сапа ҳәм қадағалаў системасына ийе мәмлекетлерден сертификатланған ҳәм декларацияланған әсбап-үскене, аўысық бөлеклер, шийки зат, өлшеў қураллары, химиялық реагентлер, көтериў қурылмалары ҳәм транспорт қуралларының импортында миллий сертификат алыў талабы бийкар етилетуғыны;

Сыртқы саўда, инвестициялар, жергиликли санааты раўажландырыў ҳәм техникалық жақтан тәртипке салыў мәселелери бойынша Ҳүкимет комиссиясына Экспортты хошаметлеў агентлиги тәрепинен кәрханаларға экспортқа байланыслы саўда операциялары ҳәм экспорталды қаржыландырыў кредитлери ушын коммерциялық банклер арқалы бир мәртелик финанслық ресурслар бериў тәртибин тастыйықлаў ҳәм өзгерис киргизиў ҳуқықы берилетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Сыртқы саўда, инвестициялар, жергиликли санаатты раўажландырыў ҳәм техникалық жақтан тәртипке салыў мәселелери бойынша Ҳүкимет комиссиясы (С.У.Умурзоқов) еки ҳәпте мүддетте:

Экспортты хошаметлеў агентлиги тәрепинен коммерциялық банклерге экспортқа байланыслы саўда операциялары ҳәм экспорталды қаржыландырыў кредитлери ушын бир мәртелик финанслық ресурслар бериў  тәртибине тийисли өзгерислер киргизсин;

Европа мәмлекетлерине қосымша қуны жоқары болған өнимлерди экспорт етиўде транспорт қәрежетлериниң 50 процентин компенсациялаў системасын бир жыл мүддетке енгизсин;

сертификатланған ҳәм декларацияланған әсбап-үскене, аўысық бөлеклер, шийки зат, өлшеў қураллары, химиялық реагентлер, көтериў қурылмалары ҳәм транспорт қуралларының импортында миллий сертификат алыў талап етилмейтуғын жоқары сапа ҳәм қадағалаў системасына ийе мәмлекетлердиң дизимин тастыйықласын.

  1. (СЭЖ ТН кодлары 1008 21 000 0, 1008 29 00 0), кептирилген дәнли егинлерден алынған ун ҳәм унтақ ( СЭЖ ТН коды 1106 10 000 0), мийўе ҳәм ғозалардан алынған ун ҳәм унтақ (СЭЖ ТН коды 1106 30 900 0) экспорты ушын Өзбекстан Республикасы Президенти ямаса Министрлер Кабинетиниң рухсаты талап етилмейди.
  2. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым пәрманларына қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
  3. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары С.У.Умурзаковқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

Ташкент қаласы,

2021-жыл 7-сентябрь