Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Кейинги жыллары әмелге асырылған суд-ҳуқық реформалары суд ҳәкимиятының ғәрезсизлигин сондай-ақ, судлар жумысында ашық-айдынлықты тәмийинлеў менен бир қатарда пуқара ҳәм исбилерменлердиң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў кепилликлерин күшейтиў имканиятын берди.

Соның менен бирге «Жаңа Өзбекстан – жаңа суд» принципи шеңберинде халықтың әдил судлаўға ерисиў имканиятларын және де кеңейтиў суд-ҳуқық системасын реформалаўды жеделлестириўди, тараўға алдыңғы халықаралық стандартларды енгизиўди талап етпекте.

2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясында белгиленген ўазыйпаларға муўапық, сондай-ақ, суд ҳәкимиятының ҳақыйқый ғәрезсизлигин тәмийинлеў, судлар жумысының нәтийжелилиги ҳәм әдил судлаўдың сапасын арттырыў мақсетинде:

  1. 2023-2026-жылларға мөлшерленген суд системасын сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыўдың қысқа мүддетли стратегиясы (кейинги орынларда – Стратегия) 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Стратегия шеңберинде төмендегилер әдил судлаўды тәмийинлеўдиң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

«Инсан қәдири ушын» идеясы тийкарында ҳақыйқый әдил суд системасын қәлиплестириў ҳәм оның жумысын халық мәпи ҳәм инсан қәдирин нәтийжели қорғаўға қаратыў;

әдил суд қарарларының қабыл етилиўине ерисиў арқалы халықтың, соның ишинде, исбилерменлердиң суд системасына болған исенимин беккемлеў, ҳәр бир шахс суд ҳәм судьялар тымсалында исенимли қорғаўшысын көриўине ерисиў;

пуқаралар ҳәм исбилерменлерге өз ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин судларда қорғай алыўы ушын барлық имканиятларды жаратыў, суд жумысларын алып барыўда тартысыў ҳәм тәреплердиң теңлиги принциплерин толық жүзеге шығарыў, судлардың әдиллигин әмелде тәмийинлеўге қаратылған нызамшылықты жетилистириў;

судлардың жумысын толық санластырыў, жасалма инттелект технологияларын енгизиў, уйымлар аралық электрон мағлыўмат алмасыўды жақсылаў, суд мәжилислеринде аралықтан турып қатнасыў имканиятларын кеңейтиў;

судьялардың ғәрезсизлиги ҳәм қол қатылмаслығы кепилликлерин күшейтиў, судқа ҳүрметсизлик етиў ҳәм суд жумысына араласыў жағдайларының алдын алыў бойынша нәтийжели механизмлерди ислеп шығыў;

суд қарарларының қатаң орынланыўын тәмийинлеў, бул бағдарда мәмлекетлик уйымлар ҳәм жергиликли ҳәкимликлердиң жуўапкершилигин арттырыў;

судьялар ҳәм суд хызметкерлеринде жоқары қарым-қатнас мәдениятын қәлиплестириў арқалы судқа мүрәжат еткен ҳәр бир пуқара ҳәм исбилерменде судтан, өз гезегинде болса мәмлекеттен разылық сезимин оятыў.

  1. 2023-2026-жылларға мөлшерленген суд системасын сапа жағынан жаңа жаңа басқышқа алып шығыўдың қысқа мүддетли стратегиясын әмелге асырыў бойынша ҳәрекетлер бағдарламасы (кейинги орынларда – Ҳәрекетлер бағдарламасы) 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Жоқары суд (Б.Исламов), Судьялар жоқары кеңеси (Х.Ёдгоров), Бас прокурор (Н.Йўлдошев), сондай-ақ, жуўапкер министрлик ҳәм уйымлардың басшылары Ҳәрекетлер бағдарламасында нәзерде тутылған илажлардың өз ўақтында ҳәм толық орынланыўы ушын жеке жуўапкер етип белгиленсин.

  1. Жоқары суд тәрепинен Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Бас прокуратура, Әдиллик министрлиги менен биргеликте жынаят ислери бойынша суд қарарлары нызамлы, тийкарлы ҳәм әдил қабыл етилгенлигин тексериўдиң пуқараларға қолайлы ҳәм әпиўайыластырылған тәртибин жаратыў мақсетинде төмендегилерди енгизиўди нәзерде тутыўшы нызам жойбарының ислеп шығылғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин:

районлар аралық, районлық, қалалық судлары тәрепинен биринши инстанцияда көрилген жумысларды ўәлаятлық ҳәм оған теңлестирилген судларда апелляция ямаса кассация тәртибинде қайта көрип шығыў;

ўәлаятлық ҳәм оған теңлестирилген судлар тәрепинен апелляция ямаса кассация тәртибинде көрилген жумысларды усы судларда тексериў тәртибинде қайта көрип шығыў;

жоқары инстанция судлары тәрепинен жумысты жаңадан көриў ушын төменги судларға жибериў тәртибин бийкарлаў ҳәм оларға жумыс бойынша жуўмақлаўшы қарар қабыл етиў жуўапкершилигин жүклеў.

Жоқары суд (Б.Исламов) мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте усыныс етилип атырған жаңа тәртипти әмелиятқа өз ўақтында ҳәм толық енгизиў сондай-ақ, оның мазмун-мәнисин халыққа толық түсиндириў бойынша зәрүр шөлкемлестириў илажларын көрсин.

  1. Судьялардың ҳақыйқый ғәрезсизлигин тәмийинлеў мақсетинде олардың жумысына ҳәр қандай араласыўдың қатаң жазаланатуғыны, судьялардың қәўетерсиз ислеўи ушын мәмлекет тәрепинен барлық шараятлар жаратылатуғыны атап өтилсин.

Судтың ғәрезсизлиги ҳәм судьяларға қол қатылмаслығын тәмийинлеўди күшейтиў бойынша төмендеги илажлар белгиленсин:

судқа ҳүрметсизлик етиў жағдайларының алдын алыўдың нәтийжели механизмлерин ислеп шығыў, оның ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик илажларын күшейтиў ҳәм жынайый жуўапкершилик белгилеў;

суд жумысларын шешиўге араласқаны ҳәм суд ҳүжжетин орынламағаны ушын жуўапкершилик илажларын күшейтиў, сондай-ақ, суд ҳүжжетлериниң орынланыўын тәмийинлеўге қаратылған тәсиршең механизмлерди енгизиў;

әдил судлаўды әмелге асырыў жумысына араласқанлығына байланыслы ҳәр бир жынаят исиниң жуўмағы бойынша жәмийетшиликти ғалаба хабар қураллары арқалы мәжбүрий түрде хабардар етиў тәртибин енгизиў;

судьяға байланыслы турақ жайдың қол қатылмаслығына, жазыўлар, телефон арқалы сөйлесиўлер ҳәм басқа да сөйлесиўлер, байланыс тармақлары арқалы жиберилетуғын почта, курьерлик жөнетпелер ҳәм телеграф хабарларының сыр сақланыўына болған ҳуқықларды шеклеўши, сондай-ақ, абонентлер ямаса абонент қурылмалары арасындағы байланыслар ҳаққындағы мәлимлемени алыўдан ибарат оператив-излеў илажларының өткерилиўине тек ғана Бас прокурордың санкциясы тийкарында жол қойылыўын белгилеў;

физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң процессуаллық характерге ийе болмаған, ҳуқықый түсиник бериў бағдарындағы мәселелер бойынша мүрәжатларын әдиллик уйымлары тәрепинен көрип шығыў әмелиятын жолға қойыў.

Жоқары суд (Б.Исламов), Судьялар жоқары кеңеси (Х.Ёдгоров) мәпдар министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте усы бәнтте нәзерде тутылған илажларды әмелге асырыў бойынша нызамшылық ҳүжжетлериниң жойбарларын ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте киргизсин.

  1. Бас прокуратура ҳәм Жоқары судтың барлық басқышлардағы суд жумысларын жүргизиўде тартысыў ҳәм тәреплердиң теңлиги принциплерин толық жүзеге шығарыў, судлардың әдиллигин әмелде тәмийинлеўге қаратылған жаңа механизмди енгизиў бойынша усыныслары мақуллансын, оған бола:

а) төмендегилер әдил судлаўды әмелге асырыўға жәрдемлесиў бойынша қәнигелескен прокурорлар корпусы (кейинги орынларда – Қәнигелескен прокурорлар корпусы) етип белгиленсин:

Бас прокуратураның жынайый, пуқаралық, экономикалық, ҳәкимшилик суд жумысларын алып барыўда прокурор ўәкиллигин тәмийинлеў басқармалары;

Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы прокуратураларының жынайый, пуқаралық, экономикалық, ҳәкимшилик суд жумысларын алып барыўда прокурор ўәкиллигин тәмийинлеў бойынша тийисли бөлим ҳәм тармақлары;

район (қала) прокурорларының усы бағдарлар бойынша тийисли орынбасары ҳәм жәрдемшилери;

б) Бас прокурордың  тараўлық орынбасарына – Бас прокуратура, сондай-ақ, төмен турыўшы прокуратуралар Қәнигелескен прокурорлар корпусының, ўәлаят прокурорының ҳәм оған теңлестирилген прокурорлардың орынбасарларына – Қарақалпақстан Республикасы,  ўәлаятлар, Ташкент қаласы ҳәм оған теңлестирилген прокуратуралар, сондай-ақ, район (қала) прокуратуралары Қәнигелескен прокурорлар корпусының жумысын қадағалап, муўапықластырып барыў жуўапкершилиги жүкленсин.

  1. Төмендегилер Қәнигелескен прокурорлар корпусының тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

«Прокуратура ҳаққында»ғы Нызам ҳәм процессуаллық нызамшылықта белгиленген тәртипте судларда жумысларды көриўде прокурор ўәкиллигин тәмийинлеў;

суд процесиниң басқа қатнасыўшылары менен тең ҳуқықлардан пайдаланған ҳалда әдил судлаў жумысының нәтийжели әмелге асырылыўына жәрдемлесиў, жынаят ислери бойынша судларда мәмлекетлик айыплаўды нызамға тийкарланып, әдилликти сақлаған ҳалда сапалы қоллап-қуўатлаў;

пуқаралар ҳәм юридикалық тәреплердиң ҳуқықлары менен нызамлы мәплериниң суд жолы менен нәтийжели қорғалыўына ерисиў;

суд әмелиятынан келип шыққан ҳалда сорастырыў ҳәм тергеў уйымлары хызметкерлериниң әмелий көнликпелери, сондай-ақ, тәжирийбесин арттырыў жумысларына жәрдемлесиў.

  1. Қәнигелескен прокурорлар корпусының хызметкерлери өз ўәкилликлерин ҳәр қандай уйым ҳәм лаўазымлы шахстан еркин түрде, тек ғана нызамға бойсынып әмелге асыратуғыны ҳәм нызамшылықта нәзерде тутылған жағдайлардан тысқары олардың судта қатнасы менен байланыслы жумысына қандайда бир түрде араласыўына жол қойылмайтуғыны;

ўәлаятлық ҳәм оған теңлестирилген прокуратуралар Қәнигелескен прокурорлар корпусы район (қала)лық прокуратуралардың тийисли бағдарларында, әдетте, кеминде үш жыл, Бас прокуратура Қәнигелескен прокурорлар корпусына болса, қағыйда түринде, кеминде бес жыл жумыс алып барған хызметкерлер тартылатуғыны;

Қәнигелескен прокурорлар корпусының хызметкерлери, әдетте, судларда прокурор ўәкиллигин тәмийинлеў тараўында үзликсиз үш жыл хызмет өтегеннен соң басқа бағдарларға өткерилиўи мүмкин екенлиги;

Қәнигелескен прокурорлар корпусының хызметкерлерин басқа бағдарларға өткериў Бас прокурордың тараўлық орынбасарының келисими тийкарында әмелге асырылатуғыны белгиленсин.

  1. Қәнигелескен прокурорлар корпусы жумысының нәтийжелилигин тәмийинлеў мақсетинде:

Қәнигелескен прокурорлар корпусының хызметкери судларда көрилип атырған жумыслар бойынша айыплаўды (пуқаралық даўа-арзаны) қоллап-қуўатлаў, өзгертиў ямаса оннан ўаз кешиў, соның ишинде, Жынаят кодексиниң нормаларын қолланыў, жаза түри ҳәм өлшемин белгилеў мәселелери бойынша пикирин судқа билдириўде еркин болып, нызам талапларына ҳәм жумыстың барлық жағдайларынан келип шығып, өзиниң исенимине тийкарланатуғыны;

ҳәр бир аймақта Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, Ташкент қалалық прокуратуралары ҳәм тийисли район (қала)лық прокуратуралар Қәнигелескен прокурорлар корпусының хызметкерлери ҳәм басқа бағдарларда узақ жыллар жумыс ислеген тәжирийбели хызметкерлерден ибарат Мәсләҳәт кеңеслери шөлкемлестирилетуғыны;

Мәсләҳәт кеңеслери өз-ара додалаў тийкарында оғада қурамалы категориядағы жумыслардың шешимин табыў, жас кадрларды дурыс бағдарлаў ҳәм олардың әмелий көнликпелерин раўажландырыў жумысларына жәрдемлесетуғыны;

Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, Ташкент қалалық прокурорларының Қәнигелескен прокурорлар корпусының жумысы ушын жуўапкер орынбасарларына тийислисинше ўәлаятлық, район (қала)лық прокуратуралары Қәнигелескен прокурорлар корпусының хызметкерлерин аймақтағы ўәлаят, районлар аралық, район (қала)лық судларындағы жумыс көлемин инабатқа алған ҳалда қәнигелиги бойынша тартыўға руқсат берилетуғыны белгиленсин.

  1. Бас прокурор (Н.Йўлдошев) бир ай мүддетте:

Қәнигелескен прокурорлар корпусын тәжирийбели, белгиленген ўазыйпаларды нәтийжели әмелге асыра алатуғын, прокуратура уйымларында кемшиликсиз абырай-итибарға ийе болған профессионал кадрлар арасынан қәлиплестириў илажларын көрсин;

Қәнигелескен прокурорлар корпусының жумысын нәтийжели жолға қойыўды, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы прокурорларының басқа бағдарлар бойынша орынбасарлары ҳәм хызметкерлери, район (қала)лық прокурорлары сондай-ақ, олардың басқа бағдарларға жуўапкер орынбасарлары ҳәм хызметкерлери тәрепинен Қәнигелескен прокурорлар корпусының жумысында әдилсизликти келтирип шығарыўы мүмкин болған ҳәр қандай тәсир ҳәм аралсыўлардың алдын алыўға қаратылған тәсиршең механизмлерди нәзерде тутыўшы ишки тәртипти ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын;

Жоқары суд ҳәм басқа мәпдар уйымлар менен биргеликте Қәнигелескен прокурорлар корпусы хызметкерлериниң ўәкилликлерин белгилеў ҳәм жумысын шөлкемлестириў илажларын нәзерде тутыўшы нызамшылық жойбарларын ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте киргизсин.

  1. Суд системасы алдында турған әҳмийетли ўазыйпалардың нәтийжели әмелге асырылыўын тәмийинлеў мақсетинде Жоқары суд структурасының штат бирликлери шеңберинде төмендегилерди инабатқа алған ҳалда жетилистирилсин:

а) Суд-ҳуқық тараўындағы нызамшылықты таллаў басқармасы негизинде Әдил судлаў тараўындағы нызамшылықты таллаў департаменти (кейинги орынларда – Департамент) шөлкемлестирилсин ҳәм төмендегилер оның тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

әдил судлаў тараўында ҳуқық дөретиўшилиги жумысын әмелге асырыў;

суд жумысы тараўындағы нызамшылықты ҳәм әдил судлаў машқалаларын системалы таллаў, суд-ҳуқық тараўындағы нызамшылықты, суд әмелияты ҳәм судтың жумыс алып барыўы системасын және де жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығыў;

әдил судлаў нәтийжелилигин алдыңғы сырт ел тәжирийбеси ҳәм заманагөй раўажланыў тенденциялары тийкарында таллаў;

әдил судлаў тараўына байланыслы халықаралық рейтинг ҳәм индекслерде Өзбекстан Республикасының орнын жақсылаў бойынша системалы ҳәм избе-из илажлар көриў;

пуқаралық, жынайый, экономикалық ҳәм ҳәкимшилик нызамшылық. судлардың ғәрезсизлигин тәмийинлеў тараўында халықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған принциплери ҳәм нормаларын үйрениў, оларды миллий нызамшылыққа имплементациялаў бойынша усыныслар ислеп шығыў;

б) Мәлимлеме-коммуникация мониторинги – Жағдайлар орайы шөлкемлестирилсин ҳәм төмендегилер оның тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

республика бойынша барлық судларда жумысларды көриў менен байланыслы жағдайды онлайн таллаў, судларда халықтың мүрәжатлери менен ислесиў сондай-ақ, жумысларды көриўде процессуаллық тәртип ҳәм мүддетлерге әмел етилиўин мониторинг етип барыў;

жумысларды ўәлаят, район (қала), мәҳәлле кесиминде категорияларға ажыратқан ҳалда жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықларды таллаў, халықтың ҳуықый мәдениятын арттырыў, келиспеўшиликлерди сапластырыўға қаратылған мағлыўматларды таярлаў;

суд мәжилислериниң өз ўақтында өткерилиўин, сервер үскенелери ҳәм программалардың ислеў жағдайын турақлы қадағалаў;

в) Жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары менен бирге ислесиў басқармасы негизинде Жәмийетшилик пенен бирге ислесиў орайы (кейинги орынларда – PR Орай) шөлкемлестирилсин ҳәм оның, сондай-ақ, ўәлаят ҳәм оған теңлестирилген судлар баспасөз хызметлериниң тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:

халық арасында суд ҳәкимиятының унамлы имиджин қәлиплестириў ҳәм илгери сүриў;

суд жумысы ҳаққында ғалаба хабар қураллары, социаллық тармақлар, сондай-ақ, басқа да мәлимлеме ресурслары арқалы, соның ишинде, баспасөз әнжуманлары, брифинглер, медиатурлар шөлкемлестириў менен халыққа турақлы, толық ҳәм жедел түрде мәлимлеме берип барыў;

информация кеңлигиниң турақлы мониторингин алып барыў, судлар жумысына байланыслы мәлимлемелер бойынша жәмийетлик пикирди таллаў ҳәм прогнозлаў, сын көзқарастан ҳәм кеңнен додаланып атырған материалларға, мәлимлеме қәўиплерине жедел мүнәсибет билдириў;

судтың рәсмий веб-сайтларында оның жумысына байланыслы текстли, фото-аудио ҳәм видео-материаллардан ибарат мағлыўматлар базасын қәлиплестириў ҳәм жаңалап барыў.

  1. Жоқары суд Конституциялық суд, Судьялар жоқары кеңеси ҳәм Өзбекстан Судьялар Ассоциациясы менен биргеликте еки ай мүддетте 2023-2026-жылларға мөлшерленген суд системасының мәлимлеме сиясаты концепциясын ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.
  2. Өзбекстан Судьялар Ассоциациясына халықтың арасында суд ҳәкимиятының унамлы имиджин қәлиплестириўде белсене қатнасыўын тәмийинлеў мақсетинде төмендегилер усыныс етилсин:

ғалаба хабар қураллары ҳәм социаллық тармақларда судьялар жумысы бойынша нызамға қарсы ҳәм тийкарсыз жәрияланған ҳәр бир жағдайға суд ҳәкимиятының ветеранлары тәрепинен объектив түрде ҳәм жеделлик пенен мүнәсибет билдирип барыў;

судьялар ҳәм суд ҳәкимиятының ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў мәселелери бойынша судларға мүрәжат етиў.

  1. Жоқары суд үш ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында усыныслар киргизсин.
  2. Усы Пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Жоқары суд баслығы Б.Исламов ҳәм Бас прокурор Н.Йўлдошев белгиленсин.

Пәрманның орынланыўын қадағалаў ҳәм орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы С.У.Умурзаковқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,

2023-жыл 16-январь