Өзбекстан Республикасы Президентиниң б и й л и г и

Ҳәкимшилик реформаларды избе-из даўам еттириў жолында өз шешимин күтип атырған мәселелерди шешиў, Жаңа Өзбекстан шараятында мәмлекетлик басқарыў ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият системасының нәтийжелилигин арттырыў, олардың жумысын нәтийжелиликке бағдарлаў арқалы халықтың абаданлығын тәмийинлеў ҳәм «мобиль басқарыў аппараты»н жаратыў, Өзбекстан Республикасы Президентиниң сайлаўалды бағдарламасы ҳәм де Өзбекстан Республикасы Президентиниң лаўазымына кирисиў мәресимине бағышланған Олий Мажлис палаталарының қоспа мәжилисиндеги баянаты шеңберинде алға қойылған басламалар ҳәм усынысларды реализациялаў мақсетинде:

  1. Төмендегилер:

2022-2023-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстан ҳәкимшилик реформалар бағдарламасын ислеп шығыўды муўапықластырыўшы республикалық комиссиясы (кейинги орынларда – Комиссия) 1-қосымшаға муўапық;

Мәмлекетлик басқарыў уйымларының статусын белгилеў, структураларын жетилистириў ҳәм штат бирликлерин оптималластырыў бойынша усынысларды ислеп шығыў бойынша жумысшы топар 2-қосымшаға муўапық;

Мәмлекетлик басқарыў уйымларының жумысында санлы технологиялар, ашық-айдынлық ҳәм мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти раўажландырыў бойынша усынысларды ислеп шығыў бойынша жумысшы топар 3-қосымшаға муўапық;

Мәмлекетлик басқарыў уйымларының материаллық-техникалық тәмийинлениўин жетилистириў бағдарында усынысларды ислеп шығыў бойынша жумысшы топар 4-қосымшаға муўапық;

Мәмлекетлик басқарыў уйымларының кадрлар потенциалын жетилистириў бойынша усынысларды ислеп шығыў бойынша жумысшы топар 5-қосымшаға муўапық;

Мәмлекетлик басқарыў уйымларында коррупцияның алдын алыў бойынша усынысларды ислеп шығыў бойынша жумысшы топар 6-қосымшаға муўапық;

Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының жумысын түпкиликли жетилистириў бойынша усынысларды ислеп шығыў бойынша жумысшы топар 7-қосымшаға муўапық шөлкемлестирилсин.

  1. Комиссияның тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:

ҳәкимшилик реформаларды әмелге асырыўда мәмлекетлик басқарыў уйымларының жумысы өз-ара келисилген ҳалда, нәтийжели алып барылыўын, қалақлықлар ҳәм жуўапкершиликсизликке жол қоймаўын тәмийинлеў, сондай-ақ, белгиленген илажлар менен бир қатарда олардың қосымша ўазыйпалар ҳәм функцияларды белгилеў;

министрликлер, мәмлекетли комитетлер, комитетлер, агентликлер, инспекциялар, орайлар ҳәм басқа да мәмлекетлик басқарыў уйымлары (кейинги орынларда – министрликлер ҳәм уйымлар)ның мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў, қадағалаў функцияларын атқарыў, физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў тараўындағы функцияларын бөлиў;

министрликлер ҳәм уйымлардың жумысында анық көрсеткишлер ҳәм мақсетли индикаторларға ерисиў системасын енгизиў;

мәмлекетлик басқарыў тийкарлары ҳаққындағы нызамшылық ҳүжжетлериниң заман талапларына сай түрде пуқта ислеп шығылыўы және киргизилиўин тәмийинлеў.

  1. Жумысшы топарлардың басшылары Р.Қ.Давлетов, Ш.Х.Шерматов, Т.А.Ишметов, О.А.Хасанов, Н.Т.Йўлдошев, Д.А.Кучкаров 2022-2023-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның ҳәкимшилик реформалары бағдарламасының жойбарына усыныслар 8-қосымшада белгиленген тийкарғы әҳмийетли бағдарларды есапқа алған ҳалда ислеп шығылыўын тәмийинлесин.
  2. 2022-2023-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның ҳәкимшилик реформалары бағдарламасының жойбарын ислеп шығыў схемасы 9-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  3. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

усы бийликтиң 2-7-қосымшаларына муўапық шөлкемлестирилип атырған жумысшы топарлары тәрепинен таярланған усыныслар жумысшы топар басшысының қол қойыўы менен Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына киргизиледи;

усыныслар презентация көринисинде усынылады және оларға аналитикалық мағлыўматнама ҳәм кестелер, раўажланған еллердиң тәжирийбесин үйрениў бойынша мағлыўматнама ҳәм басқа да материаллар, сондай-ақ, зәрүр жағдайларда, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарлары қосымша етиледи (кейинги орынларда – презентация материаллары);

Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Министрлер Кабинети ҳәм жумысшы топарлары менен биргеликте усыныс етилген презентация материалларын көрип шығады және Комиссияға киргизеди;

Комиссияның мәжилисинде презентация материалларын жеке жумысшы топарларының басшылары таныстырылады.

  1. Жумысшы топар ағзалары тийкарғы жумыс орнындағы ўазыйпалардан толық азат етилетуғыны және тийисли дәўир даўамында олар ушын нызамшылықта белгиленген барлық шараятлар сақлап қалынатуғыны белгиленсин.

Министрликлер ҳәм уйымлардың басышлары еки күн мүддетте жумысшы топарлар қурамына киргизилген ағзалар белгиленген тәртипте өз ишинде толық жумыс жүргизиўин тәмийинлесин.

Жумысшы топарлардың басшылары еки күн мүддетте жумысшы топарлар қурамына киргизилген ағзалар белгиленген тәртипте өз жумысында толық жумыс жүргизиўин тәмийинлесин.

  1. Жумысшы топарлардың басшылары Р.Қ.Давлетов, Ш.Х.Шерматов, Т.А.Ишметов, О.А.Хасанов, Н.Т.Йўлдошев, Д.А.Кучкаров:

үш күн мүддетте шөлкемлестириў мәжилислерин өткерип, тийисли бағдар шеңберинде белгиленген ўазыйпалар сапалы ҳәм өз ўақтында әмелге асырылыўын тәмийинлеў бойынша сораўнама, тармақ графиги ҳәм презентация материалларының үлгилерин тастыйықласын және жумысшы топар ағзаларының ўазыйпалар бөлистирилиўин белгилесин;

жумысшы топарлардың жумысын нәтийжели шөлкемлестириў ушын барлық зәрүрли илажларды әмелге асырсын;

ҳәр күни тийисли жумысшы топарлар тәрепинен таярланып атырған усынысларды додалаўды шөлкемлестирип барсын, зәрүр жағдайларда, бул жумысларды басқа жумысшы топарлар менен биргеликте әмелге асырсын;

усынысларды таярлаў процесинде жумысшы топарлар арасында нәтийжели ҳәм турақлы коммуникация менен бирге ислесиўди жолға қойсын;

2022-жыл 20-январьға шекем жумысшы топарлар тәрепинен ҳәр тәреплеме тийкарланған усыныслар ислеп шығылыўын ҳәм олардың мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар, соның ишинде, жергиликли ҳәкимликлер менен келисилиўин және Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына киргизилиўин тәмийинлесин.

  1. Жумысшы топарлардың басшыларына:

белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыўда министрликлер ҳәм уйымлар, илимий ҳәм билимлендириў мәкемелери, халықаралық шөлкемлердиң қәнигелери, сондай-ақ, жергиликли және сырт ел экспертлери  ҳәм мәсләҳәтшилерин тартыў;

журналист ҳәм блогерлерди тартыў және таярланып атырған усынысларды ғалаба хабар қураллары ҳәм социаллық тармақларда сәўлелендириў, белгиленген ўазыйпалар бойынша сораўлар шөлкемлестириў ҳуқықы берилсин.

  1. Сыртқы ислер министрлиги (А.Х.Камилов):

жумысшы топарлардың сораўларына тийкарланып Өзбекстан Республикасының сырт еллердеги дипломатиялық ўәкилханаларын тартқан ҳалда тийисли мәселелер бойынша раўажланған мәмлекетлердиң тәжирийбесин терең үйренип, олар бойынша мағлыўматлардың оператив берилиўин тәмийинлесин;

бул мағлыўматларды таярлаўда сырт еллердиң абырайлы экспертлери, илимпазлары ҳәм қәнигелери менен ушырасыўлар ҳәм додалаўлар өткериў (соның ишинде, видеоконференцбайланыс түринде), олардағы тийкарғы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетледи аўдармалаў илажларын көрсин;

Инвестициялар ҳәмм сыртқы саўда министрлиги менен биргеликте халықаралық шөлкемлер ҳәм халықаралық финанс институтларынан ҳәкимшилик реформалар бойынша таярланған аналитикалық мәлимлемелер ҳәм есабатлар, сондай-ақ, пикир-усынысларын сорап алсын ҳәм жумысшы топарларға усынсын, зәрүр жағдайларда, олардың тәжирийбели экспертлерин жумысшы топарларының жумысына тартыўға жәрдемлессин;

Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги, «Эл-юрт умиди» қоры менен биргеликте зәрүр жағдайларда жумысшы топарларының ағзаларын раўажланған сырт мәмлекетлерге қысқа мүддетли хызмет сапарына жибериўди шөлкемлестирсин.

Онда, жумысшы топарлардың ағзаларын сырт елге жибериў менен байланыслы қәрежетлер (транспорт, мийманхана, күнлик ҳәм басқалар) Мәмлекетлик хызметти раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары есабынан қапланады.

  1. Комиссия (А.Н.Арипов, З.Ш.Низомиддинов):

2022-жыл 10-февральға шекем презентация материалларын көрип шықсын;

2022-жыл 20-февральға шекем ҳәр бир бағдар бойынша Өзбекстан Республикасы Президентин таныстырсын;

2022-жыл 1-мартқа шекем 2022-2023-жыллары Жаңа Өзбекстанның ҳәкимшилик реформаларын әмелге асырыў бойынша «Жол картасы»н тастыйықлаўды нәзерде тутатуғын Өзбекстан Республикасы Президенти Пәрманының жойбарын киргизсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                                   Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 22-ноябрь