Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Мәмлекетимизде жас әўладты қоллап-қуўатлаў, олардың мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстағы белсендилигин арттырыў мақсетинде өзиниң беккем күш-жигери, билим ҳәм потенциалы, талант ҳәм қәбилетин көрсетип, ҳәр қыйлы тараўларда ерискен жетискенликлери менен Жаңа Өзбекстанның раўажланыўына, оның даңқын  дүнья көлеминде және де жоқарылатыўға мүнәсип үлес қосып атырған, ел-халқымызға меҳири ҳәм садықлығы, үлгили минез-қулқы ҳәм әдеби, сондай-ақ, ўатансүйиўшилик пазыйлетлери менен заманласларына ҳәр тәреплеме өрнек болып киятырған төмендеги интакер ҳәм жетекши жасларымыз «Келажак бунёдкори» медалы менен сыйлықлансын:

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

Матмуратов Гуломжон Гафурович – Хожели районындағы «Ғафур-Ғулам шарўа» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң басшысы

Өтешова Гүлайым Бегим қызы – Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң 2-басқыш студенти

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                     Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 29-июнь