Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Жаңа Өзбекстан ҳәкимшилик реформалары шеңберинде мәмлекетимизде нәтийжелиликке бағдарланған ықшам ҳәм профессионал мәмлекетлик басқарыў системасын жаратыў бойынша илажлардың өз ўақтында ҳәм нәтийжели әмелге асырылыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, республикалық атқарыў ҳәкимияты уйымларының жумысын жаңаланған талаплар ҳәм принциплер тийкарында шөлкемлестириў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 21-декабрьдеги «Жаңа Өзбекстан ҳәкимшилик реформаларын әмелге асырыў ҳаққында»ғы ПП-269-санлы Пәрманы менен министрлик, комитет, агентлик ҳәм инспекцияларды өз ишине алатуғын республикалық атқарыў ҳәкимият уйымларының бирден-бир системасының белгиленгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Республикалық атқарыў ҳәкимияты уйымлары ҳәм олардың аймақлық бөлимлериниң жуўапкершилигин арттырыў мақсетинде республикалық ҳәм жергиликли дәрежедеги буўынлардың төмендеги функционаллық шегарасы белгиленсин:

а) республикалық атқарыў ҳәкимияты уйымлары:

тийисли тараўда бирден-бир мәмлекетлик сиясатты ислеп шығады ҳәм оның әмелге асырылыўын тәмийинлейди сондай-ақ, бул бағдарда жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының жумысын методикалық жақтан тәмийинлейди;

физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатларын көрип шығады, оларға мәмлекетлик хызметлерди көрсетеди сондай-ақ, аймақлық бөлимлердиң халық пенен ашықтан-ашық сөйлесиўин жолға қойыў бағдарындағы жумысын муўапықластырады ҳәм улыўмаластырады;

өз системасына ҳәм шөлкемлестириў бойсыныўына киретуғын атқарыў ҳәкимияты уйымларының жумысын баҳалаўдың мақсетли көрсеткишлерин белгилейди ҳәм оларға ерисиў жумысларын муўапықластырады;

ҳуқықый тәртипке салыў функциясы шеңберинде уйымлық нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди қабыл етеди (министрлик системасы ҳәм шөлкемлестириў бойсыныўына киретуғын атқарыў ҳәкимияты уйымлары буған кирмейди) сондай-ақ, нызамшылық ҳүжжетлериниң жойбарларын ислеп шығады;

орынлардағы машқалаларды анықлаў ҳәм сапластырыў илажларының әмелге асырылыўын муўапықластырады, өз ўәкиллиги шеңберинде ҳуқықый тәртипке салыў ҳәм қадағалаў функцияларын әмелге асырады;

тийисли структураларды маман кадрлар менен толтырыў, олардың билим ҳәм көнликпелерин үзликсиз арттырыўға қаратылған системалы илажларды ислеп шығады ҳәм әмелге асырады;

мийнет жумысын әмелге асырыў ҳәм мийнетке ҳақы төлеўдиң мүнәсип ҳәм әдил шараятларын жаратады;

б) атқарыў ҳәкимияты уйымларының аймақлық бөлимлери:

тийисли аймақта тараў бойынша бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў ҳәм белгилеп берилген мақсетли көрсеткишлерге ерисиўге қаратылған әмелий ҳәм мәнзилли илажларды әмелге асырады;

орынларда социаллық ҳәм экономикалық жағдайды таллаған ҳалда, халықты қыйнап атырған системалы машқалаларды сапластырыў сондай-ақ, аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша бағдарламаларды ислеп шығыўда ҳәм әмелге асырыўда қатнасады;

орынларда нызамлар, Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарарлары ҳәм басқа да нызамшылық ҳүжжетлериниң өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырылыўын тәмийинлейди;

физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатларын көрип шығады ҳәм оларға мәмлекетлик хызметлерди көрсетеди сондай-ақ, өз ўәкиллиги шеңберинде тийисли аймақта мәмлекетлик қадағалаў илажларын әмелге асырады.

  1. 2023-жыл 1-январьдан баслап:

республикалық атқарыў ҳәкимияты уйымларының басшылары ҳәм олардың орынбасарлары бир ўақыттың өзинде хожалық басқарыў уйымларының басшысы ўазыйпасын атқарыўы қадаған етиледи;

ассоциация ҳәм басқа да хожалық бирлеспелерине мәмлекетлик ҳәкимият ўәкилликлерин бериў ҳәм олардың басшыларын Министрлер Кабинетиниң қарарлары менен лаўазымға тайынлаў әмелияты бийкар етиледи.

  1. Республикалық атқарыў ҳәкимияты уйымлары басшыларының қаржы еркинлигин тәмийинлеў мақсетинде тийисли тараўға байланыслы Мәмлекетлик бюджет параметрлерин қәлиплестириўдиң төмендеги тәртиби орнатылсын:

ҳәр бир республикалық атқарыў ҳәкимияты уйымы тәрепинен тийисли тараўды раўажландырыў бойынша орта мүддетли бағдарлама (концепция, стратегия) (кейинги орынларда – Бағдарлама) ислеп шығылады ҳәм белгиленген тәртипте тастыйықланады;

Экономика ҳәм қаржы министрлиги тәрепинен тийисли министрлик ҳәм уйымларға ажыратылған қаржылардың шекленген муғдары шеңберинде келеси жыллар ушын Бағдарламада белгиленген баслы бағдарлар тийкарында тараўды жыллық қаржыландырыў көлемлери ислеп шығылады;

министрлик ҳәм уйымлар тәрепинен Бағдарламада белгиленген баслы ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын зәрүр болған ҳәм Экономика ҳәм қаржы министрлигине берилген бюджет сораўлары менен қәрежетлердиң шекленген муғдары арасында тең салмақлылық бузылғанда, оған Министрлер Кабинети тәрепинен тийисли министрлик ҳәм уйымлар басшыларының қатнасыўында анықлық киргизиледи;

Министрлер Кабинети министрликлер ҳәм уйымлар кесиминде оларға Мәмлекетлик бюджеттен ажыратылыўы нәзерде тутылып атырған қаржылар шеңберинде Бағдарламада белгиленген мақсетлерге ерисиў көрсеткишлериниң белгилениўин тәмийинлейди.

  1. Экономика ҳәм қаржы министрлиги келеси қаржы жылынан баслап, Мәмлекетлик бюджет параметрлери тастыйықланғаннан соң министрлик ҳәм уйымлардың қәрежетлер сметасын дизимге алыўда қаржыларды қәрежетлер экономикалық классификациясының статьяларына ажыратпастан тек ғана қәрежет топарлары бойынша ажыратылыўын тәмийинлейди;

министрлик ҳәм уйымлар бюджет ҳәм бюджеттен тысқары қаржылары есабынан белгиленген мақсетли көрсеткишлерге ерисилиўи сондай-ақ, қаржылардың жумсалыўы бойынша барлық мағлыўматларды қәрежетлер экономикалық классификациясының статьялары кесиминде өзлериниң рәсмий веб-сайтларында ашық жәриялап барады ҳәм Олий Мажлис палаталары алдында есап береди.

  1. Жаңа Өзбекстан ҳәкимшилик реформалар шеңберинде барлық республикалық атқарыў ҳәкимияты уйымларының дерлик 5 мың функциялары хатлаўдан өткерилип, 500 ге шамалас тәкирарланатуғын, өз әҳмийетин жоғалтқан ҳәм әмелге асырыў механизмлери менен тәмийинленбеген функциялар анықланғанлығын инабатқа алған ҳалда республикалық ҳәм аймақлық атқарыў ҳәкимияты уйымлары функцияларының ашық ресстрин (кейинги орынларда – Функциялар бирден-бир реестри) қәлиплестириў ҳәм оны турақлы жүргизиў әмелияты жолға қойылсын.

Онда:

Функциялар бирден-бир реестрине киргизилген ҳәр бир функция бойынша оларды республика, ўәлаят ҳәм район (қала) кесиминде әмелге асырыў ушын шөлкемлестириў-ҳуқықый механизмлер, қаржы-экономикалық ҳәм кадрлар ресурслары менен тәмийинлениў жағдайы сәўлелендирилсин;

әмелге асырыў механизми болмаған функцияларды зәрүр шөлкемлестириў-ҳуқықый механизмлер, қаржы-экономикалық ҳәм кадрлар ресурслары менен тәмийинлеў, өз әҳмийетин жойтқан функцияларды болса бийкар етиў бойынша усыныслар киргизилсин;

нызамшылық ҳүжжетлери менен атқарыў уйымларына жүкленетуғын функиялар бир ўақыттың өзинде мәжбүрий түрде Функциялар бирден-бир реестрине киргизилип, тәкирарланыўшы функциялар бийкар етилсин;

функцияларды санластырыў ҳәм инсан факторын қысқартқан ҳалда автоматластырыў бойынша усыныслар киргизилсин.

  1. Экономика ҳәм қаржы министрлиги тәрепинен ҳәр жылы республикалық бюджеттен республикалық мәмлекетлик басқарыў уйымларына ажыратылатуғын қаржылардың шекленген муғдарларын белгилеўде Функциялар бирден-бир реестринде нәзерде тутылған функциялар норма сыпатында инабатқа алынады;

Әдиллик министрлиги тәрепинен Функциялар бирден-бир реестрин электрон түрде жүргизиў имканиятын беретуғын «Мәмлекетлик функциялар» автоматластырылған онлайн мәлимлеме системасы жүргизиледи.

Әдиллик министрлиги мәпдар уйымлар менен биргеликте 2023-жыл 1-мартқа шекем Функциялар бирден-бир реестрин қәлиплестириў жумысларын жуўмақласын ҳәм оны жүргизиў тәртиби бойынша қарар жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Мәмлекетлик басқарыўда ашық-айдынлық дәрежесин және де арттырыў, санлы технологияларды енгизиў, санластырылған мәмлекетлик басқарыў моделине өтиў мақсетинде 2023-жыл 1-январьдан баслап, сынаў түринде, Әдиллик министрлигиниң системасында уйымлық буйрық, қарарлар менен бийликлерди «E-qaror» электрон системасы арқалы қабыл етиў ҳәм жәриялаў әмелияты жолға қойылсын.

Әдиллик министрлиги мәпдар уйымлар менен биргеликте 2023-жыл 1-июньға шекем сынаў нәтийжелери бойынша 2023-жыл 1-сентябрьден баслап барлық республикалық атқарыў ҳәкимияты уйымларында буйрық, қарарлар менен бийликлерди «E-qaror» электрон системасы арқалы қабыл етиў ҳәм жәриялаўды нәзерде тутыўшы Ҳүкимет қарарының жойбарын киргизсин.

  1. Мәмлекетлик басқарыў аппаратын сақлаў менен байланыслы қәрежетлерди оптималластырыў, коррупциялық факторларды сапластырыў ҳәм бюджет қәрежетлериниң жумсалыўы үстинен тәсиршең жәмийетлик қадағалаўды орнатыў мақсетинде:

аймақларға хызмет сапарларын қысқартқан ҳалда орынлардағы машқалаларды анықлаў ушын «онлайн қабыллаў», «виртуал сапар» сыяқлы аймақлар менен ислесиўдиң заманагөй технологияларға тийкарланған аралықтан ислеў усылларын қолланыў системасы енгизилсин;

республикалық атқарыў ҳәкимияты уйымларын автотранспорт қураллары менен тәмийинлеўи нормалары басшы кадрлардың саны қысқартылыўын инабатқа алған ҳалда оптималастырылсын;

атқарыў ҳәкимияты уйымлары ушын энергия ҳәм басқа да ресурслардың жумсалыўын басқышпа-басқыш, соның ишинде, үнемлеўши технологияларды енгизиў есабынан азайтыў бойынша мақсетли көрсеткишлерди ҳәр жылы белгилеў ҳәм ажыратылатуғын бюджет қаржыларын оларға қарап қолайластырыў әмелияты енгизилсин;

имарат ҳәм объектлерди қурыў, оңлаў ҳәм үскенелеў (қайта үскенелеў) сондай-ақ, рәсмий илажларды өткериў бойынша максимал баҳаларды ишине алатуғын нормаларды белгилеў, сондай-ақ, бул мақсетлерге жумсалған қаржылар бойынша есабатларды қәрежетлер экономикалық классификациясының статьялары кесиминде жәриялап барыў тәртиби енгизилсин;

қадағалаў илажларын өткериўдиң қолайлы түрлери енгизилиўин ҳәм оларда жәмийетшилик ўәкиллериниң қатнасын тәмийинлейтуғын системаны жолға қойыў арқалы барлық қадағалаў илажлары ҳәм объектлери ҳаққындағы мағлыўматлардың ашық-айдынлығы тәмийинленсин.

  1. Жаңа Өзбекстан ҳәкимшилик реформалары шеңберинде әмелге асырылатуғын биринши гезектеги илажлар бойынша «жол картасы» қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

«Жол картасы»нда белгиленген илажлардың өз ўақтында ҳәм нәтийжели әмелге асырылыўын тәмийинлеў бойынша жуўапкер атқарыўшы болған мәмлекетлик уйымлардың биринши басшыларына жеке жуўапкершилик жүкленсин.

  1. Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги ғалаба хабар қуралларында усы қарардың мақсет ҳәм ўазыйпалары кеңнен сәўлелендирилиўин шөлкемлестирсин.
  2. 1 Әдиллик министрлиги бир ай мүддетте усы қарардан келип шығып, нызамшылық ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша усыныслар киргизсин.
  3. Қарардың орынланыўын қадағалаў, орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы С.У.Умурзаковқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                       Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 21-декабрь