Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының қарары
Өзбекстан Республикасы Конституциясы 80-статьясының 2- ҳәм 3-бәнтине ҳәм «Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық Нызамы 9-статьясы биринши бөлиминиң 2- ҳәм 3-бәнтине муўапық және «Судлар ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының 79-статьясына муўапық Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты
Қарар етеди:
- Козимджан Фазилович Камилов бес жыл мүддетке Өзбекстан Республикасы Конституциялық судының судьясы етип сайлансын.
- Кароматжон Худайбергеновна Давлетова бес жыл мүддетке Өзбекстан Республикасы Конституциялық судының судьясы лаўазымына сайлансын ҳәм усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Республикасы Жоқары судының судьясы лаўазымынан босатылсын.
- Рахат Аминбаевич Исмайлов бес жыл мүддетке Өзбекстан Республикасы Конституциялық судының судьясы лаўазымына сайлансын ҳәм усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Республикасы Жоқары судының судьясы лаўазымынан босатылсын.
- Төмендегилер:
Жанагул Исмайловна Балкибаева бес жыл мүддетке;
Аскаржан Бойисович Гафуров он жыл мүддетке;
Абдуманноб Кузиевич Рахимов бес жыл мүддетке;
Акмал Эргашевич Рахманов бес жыл мүддетке Өзбекстан Республикасы Конституциялық судының судьясы лаўазымына сайлансын.
- Усы қарар қабыл етилген күннен баслап күшке киреди.
Усы қарардың 2-, 3- ҳәм 4-бәнтлери 2022-жыл 24-августтан баслап әмелге киргизиледи.
Өзбекстан Республикасы
Олий Мажлиси Сенатының
Баслығы Т.Нарбаева
Ташкент қаласы,
2022-жыл 10-август