Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Түркий мәмлекетлер шөлкеми менен бирге ислесиў шеңберинде Өзбекстан тәрепинен әмелге асырылған «Уллы зыярат» туризм концепциясы бойынша басламаны жоқары дәрежеде шөлкемлестириў, туризм тараўындағы исбилерменликти қоллап-қуўатлаў арқалы жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың дәраматларын арттырыў, сондай-ақ, Қоқанд қаласы 2022-жылы «Түркий дүньяның туризм пайтахты» деп жәрияланғанлығы мүнәсибети менен қаланың мәдений ҳәм туризм инфраструктурасын раўажландырыў, туристлер ушын қосымша қолайлықлар жаратыў, көрсетилип атырған хызметлер сапасын жетилистириў және тартымлылығын арттырыў мақсетинде:
- Төмендегилерди нәзерде тутатуғын дүнья шеңберинде «Уллы зыярат» туризм концепциясы (кейинги орынларда – Концепция) 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын:
Түркий мәмлекетлер шөлкемине ағза еллер менен туризм тараўындағы байланысларды және де беккемлеў;
зыярат ҳәм мәдений мийрас объектлерине турларды шөлкемлестириў ҳәм жаңа саяхат маршрутларын ислеп шығыў;
зыярат ҳәм мәдений-тарийхый туризм шеңберинде турақлы үгит-нәсиятлаў илажларын шөлкемлестирип барыў;
Ташкент, Самарқанд, Бухара, Хийўа, Шаҳрисабз, Марғилан, Қоқанд, Термиз ҳәм басқа да тарийхый қалаларда уллы илимпазлардың илимий ҳәм мәдений мийрасы ҳаққында семинар, симпозиум, конференция, илимий-әмелий әнжуманлар өткериў және илимий-ғалабалық басылымларда материаллар жәриялаў арқалы туристлерди тартыў;
Түркий мәмлекетлер шөлкемине ағза еллер менен биргеликте илимий-аналитикалық материаллар, көркем, театр ҳәм кино шығармалары, видеороликлер, китаплар, тарқатпа материаллар ҳәм басқа да көринистеги үгит-нәсиятлаў материалларын таярлаў;
Түркий мәмлекетлер шөлкеми шеңберинде өз-ара бирге ислесиў арқалы «Уллы зыярат» брендин жаратыў ҳәм үгит-нәсиятлаў;
Түркий мәмлекетлер шөлкемине ағза ҳәм бақлаўшы мәмлекетлер, сондай-ақ, түркий халықлар диаспоралары кең тарқалған басқа да мәмлекетлерден туристлерди мәмлекетимизге кеңнен тартыў;
шөлкемлестирилетуғын түрли илажлар ҳәм жойбарлар арқалы түркий халықлары жас әўлад ўәкиллериниң өз-ара мәдений жақынласыўына ерисиў, оларда миллий үрп-әдетлер ҳәм ата-бабаларға ҳүрмет сыяқлы жоқары қәдириятларды қәлиплестириў.
- Төмендегилер:
Түркий дүнья шеңберинде «Уллы зыярат» туризм концепциясын әмелге асырыў бойынша илажлар режеси 2-қосымшаға муўапық;
Қоқанд қаласының «Түркий дүньяның туризм пайтахты» статусын алғанлығы мүнәсибети менен 2022-2023-жыллары әмелге асырылатуғын мәдений-ағартыўшылық илажлар бағдарламасы 3-қосымшаға муўапық;
Қоқанд қаласында жайласқан реставрацияланатуғын ҳәм толық оңланатуғын материаллық мәдений мийрас объектлериниң дизими 4-қосымшаға муўапық;
2022-жылы Қоқанд қаласының инфраструктурасын раўажландырыў бойынша әмелий илажлар бағдарламасы 5-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- а) 2023-жылдан баслап, ҳәр еки жылда бир мәрте:
май айының үшинши декадасында Марғилан қаласында «Марғилан жипек гезлемелериниң халықаралық базардағы әҳмийети» темасында көргизбе ҳәм илимий-конференция;
июнь айының биринши декадасында «Лаванда» фестивалы;
июль айында жоқары билимлендириў мәкемелериниң студентлери ҳәм жаслар ушын Халықаралық «Turksoy» шөлкеми менен биргеликте «Түркий тиллес жаслар» халықаралық фестивалы;
август айының үшинши ҳәптесинде түркий мәмлекетлердиң исбилерменлик субъектлери, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, журналист ҳәм блогерлер ушын «Уллы зыярат» халықаралық медиатуры ҳәм оның шеңберинде «В2В» форматында ушырасыўлар щөлкемлестирилетуғыны;
б) Түркий мәмлекетлер шөлкемине ағза еллер тиллеринде Мәмлекетлик буйыртпа тийкарында миллий кино өнимлерин жаратыў бағдарламасы шеңберинде ажыратылатуғын қаржылар есабынан мәдений мийрасымыз, уллы ойшыл ҳәм илимпазларымыздың илимниң раўажланыўына қосқан бийбаҳа мийрасын кеңнен ен жайдырыў ҳәм үгит-нәсиятлаўға қаратылған қысқа метражлы ҳәм ҳүжжетли фильмлер жаратыў системасының жолға қойылатуғыны белгиленсин.
- Төмендегилер:
Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги, Сыртқы ислер министрлиги, Жаслар ислери агентлиги – «Уллы зыярат» халықаралық медиатуры ҳәм оның шеңберинде «В2В» ушырасыўлар ҳәм «Түркий тиллес жаслар» халықаралық фестивалын жоқары дәрежеде шөлкемлестириўге;
Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги, Ферғана ўәлаяты ҳәкимлиги, Саўда-санаат палатасы – «Марғилан жипек гезлемелериниң халықаралық базардағы әҳмийети» темасында көргизбе ҳәм илимий-конференция және «Лаванда» фестивалын жоқары дәрежеде шөлкемлестириўге;
Кинематография агентлиги – қысқа метражлы ҳәм ҳүжжетли фильмлер жаратыўға жуўапкер болып есапланады.
- Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги 2022-жыл 1-октябрьге шекем:
а) Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте Түркий мәмлекетлер шөлкемине ағза еллер тиллеринде жүргизилетуғын «Уллы зыярат» туризм платформасын (кейинги орынларда – Платформа) шөлкемлестириў;
Сыртқы ислер министрлиги менен биргеликте:
Платформаны Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң рәсмий веб-бети менен интеграциялаў;
Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң мәлимлеме ресурсларында Концепция ҳәм оның шеңберинде әмелге асырылатуғын илажларды жайластырыў илажларын көрсин.
- Транспорт-логистика мәселелерин жеделлик пенен көрип шығыў бойынша уйымлараралық комиссия (А.Абдухакимов) бир ай мүддетте Түркий мәмлекетлер шөлкемине ағза ҳәм бақлаўшы мәмлекетлерден турақлы ҳәм чартер авиақатнаўларды жолға қойыў бойынша тийкарландырылған усынысларды Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына киргизсин.
- Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги, Ферғана ўәлаяты ҳәкимлиги және Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң:
Қоқанд университети (кейинги орынларда – Университет) жанында Туризм факультети ҳәм Мийманхана әмелияты орайы, Академиялық хостел, Академиялық туризм орайы, Университет ҳәм халық ушын ашық китапхана ҳәм баспаны шөлкемлестириў және оны туризм мәселелери бойынша заманагөй оқыў әдебиятлары ҳәм китапхана фонды менен тәмийинлеў;
2022-жыл 1-ноябрьге шекем Мәдений мийрас агентлиги жанында мәмлекетлик мәкеме түринде «Қоқанд» арт-резиденциясын шөлкемлестириў;
«Golden Valley Marathon» халықаралық марафонын шөлкемлесириў ҳәм өткериў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.
- Университет жанындағы Туризм факультети ҳәм Мийманхана әмелияты орайы, Акадамиялық хостел және Академиялық туризм орайының имаратларын қурыў – Университет шөлкемлестириўшилериниң қаржылары;
Университет жанындағы ашық китапхана ҳәм баспаны шөлкемлестириў, оны әсбап-үскенелер, техника, шийки зат, комплектлеўши ҳәм аўысық бөлеклер менен тәмийинлеў – Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги жанындағы Жоқары билимлендириў мәкемелерин раўажландырыў қорының қаржылары;
Университетти туризмге байланыслы заманагөй оқыў әдебиятлары ҳәм китапхана фонды менен тәмийинлеў – Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Туризмди қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары ҳәм халықаралық финанс инситутларының грантлары есабынан әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
- Инновациялық раўажланыў министрлиги Ферғана ўәлаяты ҳәкимлиги ҳәм Университет пенен биргеликте Илимди раўажландырыў ҳәм инновацияларды қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары есабынан 2022-жыл 1-сентябрьге шекем жаслар ҳәм студентлер ушын стартап жойбарлар таңлаўын өткериў илажларын көрсин.
- Төмендегилер «Қоқанд» арт-резиденциясын сақлаў қәрежетлери ушын:
Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги 2024-жыл 1-январьға шекем бюджеттен тысқары Туризмди қоллап-қуўатлаў қорынан;
Қаржы министрлиги 2024–жылдан баслап Өзбекстан Республикасында Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде қаржы ажыратылыўын нәзерде тутсын.
- Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети, Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети ҳәм Ферғана ўәлаяты ҳәкимлигиниң «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде Ферғана ўәлаятында ислам дини, региондағы дин ғайраткерлериниң мийрасы ҳәм материаллық мәдений мийрас объектлерин сәўлелендириўши «Түркий дүнья бағы», «Қызықшылар бағы» ҳәм «Шахмат бағы» атлы тематикалық бағларды қурыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
- Ферғана ўәлаяты ҳәкимлиги, Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги және Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги тәрепинен «Түркий дүнья бағы» ҳәм «Шахмат бағы» тематикалық бағларында:
Түркий мәмлекетлер шөлкемине ағза еллерден келген туристлер тәрепинен саяманлы терек ҳәм ағаш нәллерин таңлап алып егиўи ушын арнаўлы интерактив мәлимлемелестирилген электрон портал системасының жаратылатуғыны;
усы порталда туристлер ушын саяманлы терек ҳәм ағаш нәллерин олардың түрлеринен келип шығып таңлаў ҳәм сатып алыў, терек ҳәм ағаш нәллерин отырғызыў орнын белгилеп алыў имканиятының жарытылатуғыны;
егилетуғын терек ҳәм ағаш нәллерине туристлер ҳаққында мағлыўмат бириктирилетуғыны;
б) 2022-жыл 1-сентябрьден баслап:
Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги жанындағы «Туристлерге хызмет көрсетиў орайы» МУКтың туристлик мәлимлеме орайлары Өзбекстан Республикасының халықаралық аэропортлары, шегара өткериў пунктлеринде бийпул жайластырылатуғыны және Концепцияны әмелге асырыў шеңберинде республикамыздың туризм потенциалы үгит-нәсиятлап барылатуғыны;
туристлик мәлимлеме орайлары хызметкерлериниң шегара өткериў пунктлери арқалы кирип-шығыўы туристлик мәлимлеме орайында жумыс алып барыўын тастыйықлаўшы ҳүжжет тийкарында әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
- Ферғана ўәлаяты ҳәкимлиги Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги, Қурылыс министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте тематикалық бағлар шөлкемлестириў ушын жер участкалары таңланыўы ҳәм олардың белгиленген тәртипте ажыратылыўын тәмийинлесин.
- Әзербайжан Республикасының Шемаха қаласы 2023-жылы «Түркий дүньяның туризм пайтахты» етип белгиленгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги, Сыртқы ислер министрлиги ҳәм Ферғана ўәлаяты ҳәкимлигиниң «Түркий дүньяның туризм пайтахты» етип белгиленетуғын қалалар ушын символикалық гилт тапсырыў мәресимин өткериў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
- Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги және Ферғана ўәлаяты ҳәкимлиги:
бир ай мүддетте «Түркий дүньяның туризм пайтахты» етип белгиленетуғын қалалар ушын символикалық гилт ислеп шықсын;
Сыртқы ислер министрлиги менен биргеликте 2022-жыл 1-декабрьге шекем Әзербайжан Республикасының Шемаха қаласына символикалық гилт тапсырыў мәресимин шөлкемлестириў илажларын көрсин.
- Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги Сыртқы ислер министрлиги және Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте Түркий мәмлекетлер шөлкемине ағза ҳәм бақлаўшы мәмлекетлер арасында зыярат туризми тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм «Уллы зыярат» туризм концепциясын жарытыўға байланыслы үгит-нәсиятлаў илажларын әмелге асырсын.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип туризм ҳәм мәдений мийрас министриниң орынбасары Б.Ибрагимов ҳәм Ферғана ўәлаятының ҳәкими Х.Бозоров белгиленсин.
Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А.Абдухакимовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2022-жыл 29-июль