Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 14-февральдағы «Өзбекстан спортшыларының гезектеги жазғы ҳәм қысқы Олимпия ҳәм Паралимпия ойынларында табыслы қатнасыўы ушын таярлық жумысларын жеделлестириў ҳаққында»ғы ПҚ-127-санлы қарарына муўапық, сондай-ақ, спорт гүреслерин олимпия спорт түрлери сыпатында ғалаба ен жайдырыў, жаслар арасынан спортшыларды таңлап алыў системасын жақсылаў, миллий сайланды командаларымыздың абырайлы спорт жарысларында жоқары нәтийжелерге ерисиўин тәмийинлеў мақсетинде:
- Төмендегилер 2022-2024-жылларда спорт гүреслериниң олимпия түрлерин (еркин гүрес ҳәм грек-рим гүреси) (кейинги орынларда – спорт гүреслери) раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:
спорт гүреслерин халықтын арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў, қәбилетли спортшыларды, соның ишинде, спортшы ҳаял-қызларды анықлаў, таңлап алыў (селекция) ҳәм оларды профессионал спортшылар сыпатында таярлаўдың жаңа системасын жолға қойыў;
ҳаял-қызлардың спорт гүреслери менен шуғылланыўы ҳәм профессионал спортшы болыўы ушын оларды тартыў бойынша кеңнен шөлкемлестириўшилик-әмелий ҳәм үгит-нәсиятлаў жумысларын әмелге асырыў;
спортшыларды заманагөй илимий-методикалық усыныслар тийкарында таярлаў арқалы оқыў-шынығыў процесин шөлкемлестириў, олардың теориялық таярлық ҳәм техникалық-тактикалық көнликпелерин жетилистириў, профессионал шеберлигин қәлиплестириў, бул бағдарда жоқары нәтийжелерге ерискен сырт ел тренерлери, төрешилер ҳәм қәнигелерди мирәт етиў;
Бирлескен гүрес дүньясы тренерлери ҳәм төрешилериниң оқытыў бағдарламаларынан пайдаланыў арқалы профессионал тренерлер ҳәм төрешилерди таярлаў және олардың маманлығын системалы түрде арттырып барыў;
спорт гүреслери бойынша жергиликли ҳәм халықаралық жарысларды системалы түрде шөлкемлестириў, халықаралық жарысларда қатнасыў, соның ишинде, Олимпия ҳәм Азия ойынларында қатнасыў ҳуқықын беретуғын лицензияларды қолға киргизиў ҳәм ҳәр Олимпия ҳәм Азия ойынлары циклинде олардың санын көбейтип барыў;
спортшылардың профессионал шеберлигин ҳәм тренерлердиң кәсиплик маманлығын арттырыў ушын спорт гүреслери бойынша сырт елли мектеплер менен бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм тәжирийбе алмасыў, спорт гүреслерин раўажланған мәмлекетлер менен бәсекилесе алатуғын дәрежеге жеткериў.
- Спорт гүреслериниң олимпия түрлерин 2022-2024-жылларда кеңирек раўажландырыў бағдарламасы 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Төмендегилер бағдарламаны қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин:
спорт ҳәм ғалабалық денетәрбия илажларының календарь режесинде нәзерде тутылатуғын қаржылар;
Қарақалпақстан Республикасының республикалық бюджети, ўәлаятлардың ўәлаятлық бюджетлери ҳәм Ташкент қаласының қалалық бюджет қаржылары;
спорт федерация (ассоциация)лары, қорлар, клублар, сондай-ақ, денетәрбия ҳәм спорт жәмийетлериниң қаржылары;
физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң қәўендерлик қайырқомлықлары;
нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер.
- 2023-жылдан баслап ҳәр жылы дәстүрий тәризде спорт гүреслери бойынша ер адамлар ҳәм ҳаял-қызлар командалары арасында гезекпе-гезек республиканың барлық аймақларында (олимпия ҳәм халықаралық салмақ категориялары бойынша):
жаслар арасында Өзбекстан Республикасы Президенти сыйлығы ушын халықаралық спорт жарыслары;
жас өспиримлер арасында «Uzbekistan-Grand Prix» халықаралық спорт жарыслары;
жасы үлкенлер арасында «New Uzbekistan» халықаралық спорт жарыслары;
Қорғаныў министрлиги, Ишки ислер министрлиги ҳәм Айрықша жағдайлар министрлиги системасында «Министр кубоги», Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети системасында «Баслық кубоги», Миллий гвардия системасында «Сәракәрда кубоги», жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары системасында «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы кубоги», «Ўәлаят ҳәкими кубоги» ҳәм «Ташкент қаласы ҳәкими кубоги» жарыслары өткерилетуғыны белгилеп қойылсын.
Спортты раўажландырыў министрлиги (Ш.Махмудов) Өзбекстан Миллий олимпия комитети (О.Қосимов), Өзбекстан спорт гүреслери ассоциациясы (С.Абдувалиев), тийисли жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте:
үш ай мүддетте усы бәнтте көрсетилген жарысларға пуқта таярлық көриў ҳәм оларды жоқары дәрежеде өткериў бойынша илажлар режесин тастыйықласын;
халықаралық спорт жарыслары 2023-жыл 1-январьдан баслап спорт ҳәм ғалабалық денетәрбия илажларының республикалық календарь режесине киргизилиўин тәмийинлесин;
халықаралық спорт жарысларында жергиликли гүресиўшилер менен биргеликте жоқары рейтингке ийе болған сырт елли күшли гүресиўшилер, халықаралық дәрежедеги тренерлер ҳәм төрешилердиң қатнасыўын тәмийинлесин;
жоқарыдағы жарысларды өткериў процесин жергиликли ҳәм сырт ел ғалаба хабар қуралларында ҳәм басқа да коммуникация дәреклеринде кеңнен сәўлелендирсин.
Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги (Б.Ибрагимов) жоқарыдағы жарысларды туристлик маршрутлар объектлери дизимине киргизсин, оларға сырт ел ҳәм жергиликли туристлерди тартыў илажларын көрсин.
- Қорғаныў министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Айрықша жағдайлар министрлиги, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Миллий гвардия, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери:
өз системаларында жумыс алып барып атырған хызметкерлер арасында үш басқышлы (район/қала, ўәлаят ҳәм республика) Министр кубоги», «Баслық кубоги», «Сәракәрда кубоги», «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы кубоги», «Ўәлаят ҳәкими кубоги» ҳәм «Ташкент қаласы ҳәкими кубоги» спорт жарысларының өткерилиўин тәмийинлесин, сондай-ақ, жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелерин мүнәсип хошаметлеў илажларын көрсин;
усы қарарға муўапық Өзбекстанда өткерилетуғын халықаралық спорт жарысларының жоқары дәрежеде шөлкемлестирилиўинде Спортты раўажландырыў министрлиги ҳәм Өзбекстан спорт гүреслери ассоциациясына ҳәр тәреплеме жақыннан жәрдем көрсетсин.
- Спортты раўажландырыў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Өзбекстан Миллий олимпия комитети ҳәм Өзбекстан спорт гүреслери ассоциациясының:
орта арнаўлы, профессионал ҳәм жоқары билимлендириў шөлкемлериниң оқыўшы ҳәм студентлери арасында шөлкемлестирилетуғын «Бәркамал әўлад» ҳәм «Универсиада» спорт жарысларының бағдарламаларына спорт гүреслерин киргизиў;
2023-2024-оқыў жылынан баслап Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университетинде спорт гүреслери бойынша оқыўға қабыллаўдың әмелдеги мәмлекетлик буйыртпасы параметрлерин басқышпа-басқыш арттырып барыў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
- Спортты раўажландырыў министрлиги (Ш.Махмудов) Өзбекстан Миллий олимпия комитети (О.Қосимов), Өзбекстан спорт гүреслери ассоциациясы (С.Абдувалиев) менен биргеликте:
а) 2023-жылдан баслап:
спорт мектеплери, олимпия ҳәм паралимпия спорт түрлерине таярлаў орайларында спорт гүреслериниң кеминде бир түри бойынша, сондай-ақ, қәнигелестирилген спорт мектеплеринде спорт гүреслериниң еки түри бойынша секция ҳәм бөлимлер шөлкемлестирсин. Онда усы секция ҳәм бөлимлерди шөлкемлестириўге бурынғы балалар-жас өспиримлер спорт мектеплери ҳәм олардың филиалларын оптималластырыў ҳәм олардың хызметкерлерин қысқартыў нәтийжесинде босап қалған бюджет қаржылары қаратылады;
спорт гүреслери бойынша Өзбекстан чемпионатлары ҳәм кубоклери жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелериниң (1-3-орынлар), қағыйда тәризинде, биринши гезекте халықаралық спорт жарыслары ҳәм оқыў-шынығыў жыйынларында қатнасыўын тәмийинлесин;
спорт гүреслери бойынша Өзбекстан миллий сайланды командалары ҳәм олардың резерв қурамларының жергиликли спортшылардан қәлиплестирилиўине айрықша итибар қаратсын;
спорт гүреслери бойынша Өзбекстан чемпионатлары ҳәм кубоклеринде қатнасатуғын спортшылардың нәтийжелери сырт елли маман төрешилер тәрепинен баҳаланыўын жолға қойсын;
б) спорт гүреслери бойынша миллий сайланды командалардың бас тренерлери қатнасыўында аймақларда жыл даўамында қәбилетли жасларды анықлаў, таңлап алыў (селекция) ҳәм оларды профессионал спортшылар сыпатында таярлаў сапасын жаңа басқышқа көтериўге қаратылған оқыў-шынығыў жыйынларын шөлкемлестирсин;
в) заманагөй илимий жетискенликлер ҳәм инновациялық технологиялардан пайдаланған ҳалда тренер, төрешилер ҳәм басқа да қәнигелердиң кәсиплик шеберлигин турақлы арттырып барыў мақсетинде жергиликли ҳәм сырт ел қәнигелериниң қатнасыўында семинарлар, шеберлик сабақлықлары, оқыў шынығыўларын шөлкемлестирсин.
- 2022-2024-жылларда спорт гүреслериниң олимпия түрлерин раўажландырыўдың мақсетли көрсеткишлери 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Өзбекстан спорт гүреслери ассоциациясы ҳәм Спортты раўажландырыў министрлиги менен биргеликте:
Өзбекстан спорт гүреслери ассоциациясының аймақлық бөлимлери толық түрде жумыс алып барыўы ушын зәрүр илажларды көрсин, соның ишинде, олардың финанслық ҳәм материаллық-техникалық базасын беккемлеўге жәрдемлессин;
халықтың арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў ҳәм спорт гүреслерин ғалаба ен жайдырыў мақсетинде район (қала) ҳәм ўәлаят көлеминде ҳәўескерлер арасында спорт гүреслери бойынша жарысларды турақлы шөлкемлестирсин ҳәм бул мақсетлер ушын тийисли жергиликли бюджетлердиң қосымша дәраматлары есабынан қаржы қаратсын;
2022-2023-жылларда ҳәр бир район (қала)да спорт гүреслери бойынша ҳәўескер ҳәм профессионал спортшылардан ибарат болған клубларды шөлкемлестирсин;
жергиликли ҳәм жас тренерлер менен перспективалы спортшылардың спорт гүреслери бойынша сырт мәмлекетлерде шөлкемлестирилетуғын оқыў-шынығыў жыйынлары ҳәм спорт жарысларында қатнасыўына байланыслы процесслерди тийисли жергиликли бюджетлердиң дәраматлар режесинен арттырып орынланған бөлеги есабынан қаржыландырылсын.
- Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы (А.Хаджаев), Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги (А.Кўчимов):
спорт гүреслери бойынша өткерилетуғын жәҳән, континент чемпионатлары, халықаралық жарысларды, соның ишинде, Өзбекстанда өткерилетуғын ҳәм республика бириншиликлери ҳәм халықаралық спорт жарысларын турақлы түрде сәўлелендириў илажларын көрсин;
усы қарардың мазмун-мәниси ҳәм әмелий әҳмийетин сәўлелендириўге байланыслы теле- ҳәм радио бағдарламалар, спортшылардың профессионал жумысы ҳаққынд арнаўлы көрсетиўлер ҳәм мақалалар таярласын, өткерилетуғын брифинг ҳәм пресс-коференцияларды сәўлелендирип барсын.
- Миллий антидопинг агентлиги (А.Садиков) бир ай мүддетте спорт гүреслери бойынша төмендегилерди нәзерде тутатуғын бағдарламаны тастыйықласын ҳәм әмелиятқа енгизсин:
спортшылар ҳәм тренерлерди «ашық спорт»қа үгит-нәсиятлаў;
спортта фармакологиялық тәсирге ийе дәри-дәрмақ препаратлары ҳәм басқа да қураллардан дурыс пайдаланыў бағдарында спортшылар, тренерлердиң мәденияты ҳәм билимин арттырыў илажларын өткериў;
спортшыларды антидопинг темаларына байланыслы тийисли оқыў-мәлимлеме материаллары ҳәм ҳәр қыйлы көргизбели мағлыўматлар менен тәмийинлеў;
спортшылар тәрепинен антидопинг қағыйдаларына қатаң әмел етилиўи үстинен нәтийжели антидопинг қадағалаўын әмелге асырыў.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип спортты раўажландырыў министри А.И.Икрамов, спортты раўажландырыў министриниң орынбасары Ш.Ш.Махмудов ҳәм Өзбекстан спорт гүреслери ассоциациясының баслығы С.К.Абдувалиев белгиленсин және оларға төмендеги ўазыйпалар жүкленсин:
қәбилетли жасларды таңлап алыў (селекция) ҳәм оларды профессионал спорт гүресиўшилери сыпатында таярлаў жумысларын нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм муўапықластырыў;
аймақларда спорт гүреслери инфраструктурасын жаратыў ҳәм кеңейтиў бойынша инвестиция ҳәм грант қаржыларын тартыў, басқа да зәрүр илажларды белгилеў;
спорт гүреслерин билимлендириў мәкемелери, жаслар арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў арқалы ғалаба ен жайдырыў, халықтың бул спорт түрине қызығыўшылығын арттырыў;
спорт гүреслери бойынша жарысларды өткериў, бул бағдарда халықаралық ҳәм сырт ел шөлкемлери, физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң қәўендерлик қайырқомлықларын тартыў;
2022-2024-жылларда спорт гүреслериниң олимпия түрлерин раўажландырыўдың мақсетли көрсеткишлерине толық түрде ерисиў;
усы қарарда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын ҳәр ярым жылда кеминде бир мәрте сын көзқарастан додалаў, зәрүр илажларды белгилеў.
- Усы қарардың орынланыўын додалап барыў, жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2022-жыл 29-июль