Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Кейинги жылларда елимизде «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында «Сақаўат» ҳәм «Мүриўбет» интернат үйлерине қәўендерликке алынған адамларды қоллап-қуўатлаў системасын буннан былай да жетилистириў, олардың жәмийеттеги орнын беккемлеў бойынша зәрүр илажлар әмелге асырылып келинбекте.

«Сақаўат» ҳәм «Мүриўбет» интернат үйлери және Урыс ҳәм мийнет ветеранлары ушын республикалық пансионатта жасап атырған балалар, кекселер ҳәм майыплығы болған шахсларға медициналық-социаллық ҳәм турмыслық хызметлер көрсетиўдиң жаңаланған системасын енгизиў арқалы оларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў илажларын күшейтиў мақсетинде:

  1. Министрлер Кабинети, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Мәмлекетлик бажыхана комитети ҳәм Медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў агентлигиниң «Сақаўат» ҳәм «Мүриўбет» интернат үйлери және Урыс ҳәм мийнет ветеранлары ушын республикалық пансионатты (кейинги орынларда – медициналық-социаллық мәкемелер) Мәмлекетлик бажыхана комитетине бириктириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
  2. Мәмлекетлик Бажыхана комитети:

медициналық-социаллық мәкемелердиң материаллық-техникалық  базасын беккемлеў ҳәм олардың инфраструктурасын жақсылаўға;

медициналық-социаллық мәкемелерде қәўендерликке алынған кекселер ҳәм майыплығы болған шахсларға медициналық-социаллық хызмет көрсетиўдиң нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған заманагөй усыл ҳәм социаллық технологияларды енгизиўге;

медициналық-социаллық мәкемелерде қәўендерликке алынған кекселер ҳәм майыплығы болған адамлар ушын қолайлы шараятлар жаратыў, оларды протез-ортопедия буйымлары және реабилитациялаўдың техникалық ҳәм гигиеналық қураллары менен тәмийинлеўге;

медициналық-социаллық мәкемелерде қәўендерликке алынған майыплығы болған адамларды социаллық бейимлестириў ҳәм оларға өзиниң қызығыўшылықларынан келип шығып кәсип-өнер үйретиў бойынша зәрүр шараятларды жаратыўға;

медициналық-социаллық мәкемелерде қәўендерликке алынған кекселер ҳәм майыплығы болған адамлардың бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў және интеллектуаллық, физикалық ҳәм дөретиўшилик қәбилетин раўажландырыўға;

медициналық-социаллық мәкемелерде қәўендерликке алынған адамлар ушын руўхый-ағартыўшылық ҳәм мәдений илажларды, соның ишинде, концерт бағдарламаларын шөлкемлестириў арқалы олардың мәдений турмысқа белсене қатнасыўын тәмийинлеўде Медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў агентлигине турақлы түрде жәрдемлесетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Мәмлекетлик бажыхана комитетине (А.Мавлонов) усы қарарда белгиленген илажлар ҳәм жүкленген ўазйыпаларды әмелге асырыў ушын комитеттиң арнаўлы қорының қаржыларын қаратыў ҳуқықы берилсин.
  2. Медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў агентлиги (А.Инаков):

а) 2023-2024-жылларда Мәмлекетлик бажыхана комитети (А.Мавлонов) менен биргеликте «Сақаўат» ҳәм «Мүриўбет» интернат үйлериниң аймағында видеобақлаў буйымларының орнатылыўын тәмийинлесин;

б) 2022-жыл 1-октябрьден баслап Халық билимлендириў министрлиги (Б.Саидов), Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Б.Мусаев) және мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер менен биргеликте тастыйықланған реже-график тийкарында «Сақаўат» ҳәм «Мүриўбет» интернат үйлериндеги тәрбияшыларды ҳәр жылы кеминде бир мәрте қәнигелигин арттырыў курсларында оқытыў тәртибин енгизсин;

в) 2023-жыл 1-июньге шекем Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Б.Мусаев) менен биргеликте руўхый ҳәм физикалық раўажланыўында кемшилиги болған адамлардың заманагөй абилитация ҳәм реабилитация  процедураларынан өтиўи ушын «Сақаўат» ҳәм «Мүриўбет» интернат үйлери тийкарында зәрүр технологиялық шараятларды жаратсын.

Онда, амбулатория шараятында емленип атырғанлар ушын жаңа педагогикалық ҳәм инновациялық технологияларға тийкарланған бағдарламалар енгизиледи және ата-ана ямаса қәўендерлерге мәсләҳәт жәрдемлери көрсетиледи;

г) 2022-жылдың ақырына шекем ҳәм келеси ҳәр жылы кеминде бир мәрте Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Б.Мусаев) менен биргеликте «Сақаўат» ҳәм «Мүриўбет» интернат үйлерине қәўендерликке алынған адамларды нәўбетсиз диспансеризациядан өткериўди шөлкемлестирсин және нәтийжесине қарай оларға мәнзилли медициналық-профилактикалық илажлар белгиленсин;

д) Спортты раўажландырыў министрлиги (А.Икрамов) менен биргеликте:

медициналық-социаллық мәкемелерди кекселер ҳәм майыплығы болған адамлардың спорт түрлери менен шуғылланыўы ушын зәрүр болатуғын спорт әспаб-үскенелери, мебель ҳәм  инвентарьлар менен тәмийинлесин;

ҳәр жылы 1-июнь «Халықаралық балаларды қорғаў күни»не бағышлап «Мүриўбет» балалар үйлериниң тәрбияланыўшылары арасында республикалық көлемде спорт жарысларын шөлкемлестирсин.

Спорт әсбап-үскенелери, мебельлер ҳәм инвеньтарларды сатып алыў Спортты раўажландырыў министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Спорты қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны  белгилеп қойылсын;

е) Мәҳәлле ҳәм нуранийларды қоллап-қуўатлаў министрлиги (С.Турдиев) менен биргеликте ҳәр шеректе медициналық-социаллық мәкемелерге қәўендерликке алынған кекселердиң театр, концерт ҳәм музейлерге барыўы және белгили жазыўшы ҳәм шайырлар менен мәдений-ағартыўшылық илажлар өткерилиўин шөлкемлестирсин.

Онда, мәдений ҳәм ағартыўшылық илажлар Өзбекстан ветеранларының социаллық жумысын қоллап-қуўатлаў «Нураний» қорының қаржылары есабынан қаплап барылыўы усыныс етилсин.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық 2022-жыл 1-сентябрьден баслап Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң баслығына бажыхана уйымлары тәрепинен анықланып, мәмлекет дәраматларына өткерилген товар материаллық байлықларды Медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў агентлигиниң тийкарландырылған сораўларына сүйенип медициналық-социаллық мәкемелерге бийғәрез тапсырыў ҳуқықы берилсин.
  2. Медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў агентлиги ҳәм Наманган ўәлаяты ҳәкимлигиниң 2022-жылы Наманган ўәлаятының «Сақаўат» интернат үйи аймағында нуранийлардың бос ўақытын нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде күндизги төлемли хызмет көрсетиўши «Кекселер бағы»н шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.

Онда, Наманган ўәлаяты «Сақаўат» интернат үйиниң жумысшы хызметкерлери тәрепинен турақлы жасаўшылары болмаған кекселерге күндизги медициналық-социаллық ҳәм турмыслық хызметлер көрсетиледи.

  1. Медициналық-социаллық мәкемелерде кекселер ҳәм майыплығы болған адамларды социаллық бейимлестириў және оларға өз қызығыўшылықларынан келип шығып кәсип-өнерге үйретиў ушын оқыў устаханалары шөлкемлестирилетуғыны белгиленсин.

Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги (Н.Хусанов) «Сақаўат» интернат үйлеринде, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (А.Тошқулов) «Мүриўбет» интернат үйлеринде ҳәр жылы кеминде еки рет қәўендерликке алынған кекселер ҳәм майыплығы болған адамлар ушын  аспазлық, кондитерлик, шаштарез, тигиўшилик ҳәм олардың қызығыўшылықларынан келип шыққан ҳалда басқа да сәйкес бағдарлар бойынша қысқа мүддетли бийпул курсларды шөлкемлестирсин.

  1. Саўда-санаат палатасының «Социаллық өним» электрон сатыў платформасын ислеп шығыў ҳәм 2023-жылдан баслап Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардың орайлары ҳәм Ташкент қаласында «Сақаўат» ҳәм «Мүриўбет» интернат үйлеринде жасап атырған адамлар тәрепинен қол мийнети менен таярланған өнимлердиң көргизбе саўдаларын турақлы түрде шөлкемлестириў әмелиятын енгизиў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
  2. 2022-2025-жылларда «Сақаўат» ҳәм «Мүриўбет» интернат үйлери және Урыс ҳәм мийнет ветеранлары ушын республикалық пансионаттың материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша «жол картасы» қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  3. Медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў агентлиги, Жиззақ ўәлаяты ҳәкимлиги ҳәм Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң Жиззақ ўәлаяты, Шараф Рашидов районында шөлкемлестирилип атырған 300 орынға ийе «Мүриўбет» майыплығы болған балалар ушын интернат үйин ажыратылған қаржы шеңберинде ҳаял-қызлар интернат үйине бейимлестириў бойынша усынысына келисим берилсин.

Жиззақ ўәлаяты ҳәкимлиги 2022-жыл 1-октябрьге шекем:

Медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў агентлиги менен биргеликте Жиззақ ўәлаяты, Шараф Рашидов районында шөлкемлестирилип атырған «Мүриўбет» ҳаял-қызлар интернат үйин қурыў жумысларын жуўмақласын ҳәм толық пайдаланыўға тапсырылыўын тәмийинлесин;

Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен биргеликте Жиззақ ўәлаяты, Шараф Рашидов районында шөлкемлестирилип атырған «Мүриўбет» ҳаял-қызлар интернат үйин маман медициналық ҳәм социаллық хызметкерлер менен толықтырыў илажларын көрсин.

  1. Министрлер Кабинети (А.Раматов) Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги ҳәм Қурылыс министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте ағымдағы қурылыс ҳәм реконструкциялаў жумыслары өткерилетуғын «Сақаўат» ҳәм «Мүриўбет» интернат үйлериниң дизимин тастыйықласын. Онда, пайдаланыўдан шығарылған «Меҳрибанлық» үйлериниң имаратлары ҳәм объектлеринде қәўендерликке алынған шахсларға нәтийжели медициналық-социаллық хызметлерди көрсетиў тәмийинленсин.
  2. Мәмлекетлик бажыхана комитети (А.Мавлонов) усы қарарда нәзерде тутылған илажлардың орынланыўын муўапықластырыў, оның нәтийжели шөлкемлестирилиўин тәмийинлеў мақсетинде Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң орайлық аппараты структурасында бажыхана уйымларының улыўма шекленген штат бирликлери шеңберинде 3 штат бирлигинен ибарат медициналық-социаллық мәкемелер менен ислесиў бөлимин шөлкемлестирсин.

Онда, хызметкерлердиң мийнет ҳақысын төлеўге байланыслы қосымша қәрежетлер Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан әмелге асырылады.

  1. Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы Мәмлекетлик бажыхана комитети ҳәм Медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў агентлиги менен биргеликте кекселер ҳәм майыплығы болған шахсларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын буннан былай да жетилистириў бойынша усы қарардың мазмун-мәниси баспа ҳәм электрон ғалаба хабар қуралларында, соның ишинде, Интернет жәҳән мәлимлеме тармағы арқалы халықтың арасында турақлы, системалы ҳәм кең көлемде сәўлелендирип барылыўын тәмийинлесин.
  2. Медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў агентлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  3. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер етип Медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў агентлигиниң директоры А.К.Инаков ҳәм Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң баслығы А.Ю.Мавлонов белгиленсин.

Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти     Ш.МИРЗИЁЕВ

 

Ташкент қаласы,

2022-жыл 30-август