Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Мийнет ресурслары балансын қәлиплестириў тәртибин жетилистириў, жумыссыз пуқараларды, әсиресе, ҳаял-қызлар ҳәм мийнет базарына дәслепки рет кирип киятырған питкериўшилердиң бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм исбилерменликке кеңнен тартыў, сондай-ақ, рәсмий емес бәнтликти азайтыў бойынша тәсиршең жаңа механизмлерди енгизиў мақсетинде:
- Мәҳәллелерде жумыссызлықты азайтыў ҳәм рәсмий емес бәнтлик үлесин қысқартыў ушын сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:
а) 2022-жыл 1-ноябрьден баслап 1-қосымшада көрсетилген 10 жумыс түри өзин-өзи бәнт еткен шахслар шуғылланыўы мүмкин болған жумыс (жумыслар, хызметлер) түрлери дизимине киргизиледи;
б) 2023-жыл 1-январьдан баслап жеке тәртиптеги исбилерменлер менен мийнет қатнасықларында болған физикалық тәреплер ушын социаллық салық суммасының ең кем муғдары айына базалық есаплаў муғдарының 50 процентинен жылына базалық есаплаў муғдарының бир есесине шекем азайтылады (буған саўда комплекслери ҳәм базарларда жумыс алып барып атырған жеке тәртиптеги исбилерменлер менен мийнет қатнасықларында болған физикалық тәреплер кирмейди);
в) 2023-жыл 1-январьдан баслап өзиниң жеке меншик қыйтақ жер участкасында 2-қосымшада көрсетилген жумыс түрлери менен шуғылланып атырған пуқаралар тәрепинен жылына базалық есаплаў муғдарының кеминде бир есе муғдарында социаллық салық төленген жағдайда, олар рәсмий бәнт болған халық категориясына киргизиледи ҳәм бул дәўир олардың мийнет стажына қосылады. Онда:
2-қосымшада көрсетилген жумыс түрлери менен шуғылланып атырған пуқараларға оларға тийисли қыйтақ жер участкасының майданы ямаса олар тәрепинен тәрбияланып атырған үй ҳайўанлары ҳәм қуслардың санына қарамастан ықтыярлы тәртипте социаллық салықты төлеўге рухсат етиледи;
2-қосымшада көрсетилген жумыс түрлери менен шуғылланып атырған пуқаралардың есабын жүргизиў мәҳәлледе исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша район (қала) ҳәкиминиң жәрдемшилери (кейинги орынларда – ҳәким жәрдемшилери) тәрепинен әмелге асырылады;
г) 2022-жыл 1-ноябрьден баслап қыйтақ жер участкалары ийелерин кооперация ҳәм жумысты үйге алып ислеў тийкарында жумыс пенен бәнт еткен исбилерменлик субъектлерине Бәнтликке жәрдемлесиў мәмлекетлик қоры есабынан:
қус (таўық, бөдене, үйрек, ғаз, түйетаўық), қусты сақлаў ушын кетек, от-жем ҳәм дәри-дәрмақлар;
жүзим нәли ҳәм путағы;
пал ҳәррелери уясы, пал ҳәррелери уясы ушын қуты ҳәм от-жеми;
қоян, қоян кетеги ҳәм от-жем;
балық шабақлары, жасалма ҳәўиз ҳәм от-жемди сатып алыў және кейин ала қыйтақ жер ийелерине бериў ушын субсидия ажыратылады.
Онда, бул субсидия бир қыйтақ жер участкасының ийеси ушын базалық есаплаў муғдарының 20 есесине шекемги муғдарда ҳәким жәрдемшилериниң усынысына тийкарланып ажыратылады.
Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги (Н.Хусанов) Мәмлекетлик салық комитети (Ш.Кудбиев) ҳәм Мәҳәлле кесиминде ислесиў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў агентлиги (М.Убайдуллаев) менен биргеликте үш ай мүддетте Салық кодексине усы бәнттен келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиўге байланыслы нызам жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
- 2023-жыл 1-январьдан баслап төмендегилерге рухсат етилсин:
жеке тәртиптеги исбилерменлерге қыйын болмаған улыўма қурылыс ҳәм қурылыс-оңлаў жумыслары (бетон қуйыў, бояўшылық, сыбаў жумыслары, гербиш ҳәм кафель өриў, перфорация, ағаш устасы, темиршилик ҳәм басқа да улыўма қурылыс жумыслары)н (кейинги орынларда – улыўма қурылыс жумыслары), соның ишинде, юридикалық тәреплер ушын да орынлаўға;
қурылыс-жумысты бөлип алып ислейтуғын топарларға улыўма қурылыс жумысларын орынлаў ушын шәртнама тийкарында жеке тәртиптеги исбилерменлерди тартыўға.
Жеке тәртиптеги исбилерменлерге улыўма қурылыс жумысларын орынлаў ушын бесеўге шекемги хызметкерлерди жаллаўға рухсат етилетуғыны;
улыўма қурылыс жумысларын орынлаў ислери менен шуғылланып атырған ҳәм кеминде үш хызметкерди жаллаған жеке тәртиптеги исбилерменге Бәнтликке жәрдемлесиў мәмлекетлик қорының қаржылары есабынан мийнет қураллары ҳәм әсбап-үскенелерди сатып алыўға субсидия ажыратылатуғыны. Онда, субсидияның муғдары бир хызметкер ушын базалық есаплаў муғдарының 15 есесинен артпаўы керек екенлиги белгилеп қойылсын.
- Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги (Н.Хусанов) ҳәким жәрдемшилери менен биргеликте:
мәҳәллелерде улыўма қурылыс жумыслары менен рәсмий емес шуғылланып атырған физикалық тәреплер, сондай-ақ, сырт мәмлекетлерде қурылыс тараўында жумыс ислеп, Өзбекстан Республикасына қайтқан пуқараларға жеке тәртиптеги исбилермен ямаса өзин-өзи бәнт еткен шахс сыпатында дизимнен өтиў ҳәм нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленген субсидияларды алыўда жәрдемлессин;
2024-жыл 1-мартқа шекем бир мәртелик жумысларды орынлайтуғын шахслар ушын қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде олар көп жыйналатуғын орынларда күнлик мийнет орайларын, соның ишинде, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында шөлкемлестириў ҳәм бул орайларла бәнт болмаған халықты жумысқа жайластырыўға байланыслы болған хызметлерди көрсетиў илажларын көрсин.
- Қурылыс министрлиги (Б.Закиров):
қурылыс-жумысты бөлип алып ислейтуғын шөлкемлер арасында улыўма қурылыс жумысларына жеке тәртиптеги исбилерменлерди кеңнен тартыў бойынша үгит-нәсият жумысларын алып барсын;
жеке тәртиптеги исбилерменлерди Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў, «Абат аўыл», «Абат мәҳәлле» бағдарламалары шеңберинде орынланатуғын улыўма қурылыс жумысларына кеңнен тартсын.
- Төмендегилер:
2022-2024-жылларда рәсмий емес бәнтлик үлесин қысқартыў бойынша «жол картасы» 3-қосымшаға муўапық;
2023-2026-жылларда рәсмий емес бәнтлик үлесин қысқартыў бойынша мақсетли көрсеткишлер 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги (Н.Хусанов) Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (И.Норқулов), Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги (Л.Кудратов), Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) ҳәм Мәмлекетлик салық комитети (Ш.Кудбиев) менен биргеликте:
ҳәр шеректе мәҳәллелерде рәсмий емес бәнт болған пуқаралар арасында сораў өткерип барсын;
сораўлар нәтийжесинде рәсмий емес бәнтликти келтирип шығаратуғын факторларды анықласын ҳәм оларды сапластырыў бойынша зәрүр илажларды көрсин;
ҳәр шеректе аймақлар ҳәм экономикалық жумыс түрлери кесиминде анықланған рәсмий емес бәнтликти сапластырыў бойынша усыныслар ислеп шықсын ҳәм Министрлер Кабинетине киргизсин;
ҳәр жылы кеминде 500 мың рәсмий емес бәнт болған шахслардың жумысын белгиленген тәртипте рәсмийлестириў бойынша зәрүр әмелий илажларды әмелге асырсын.
- 2022-жыл 1-ноябрьден мийнетке жарамлы халықты дизимге алыў ҳәм есабын жүргизиў бойынша сондай тәртип енгизилсин, оған муўапық төмендегилердиң есабы:
юридикалық тәреплерде жумыс алып барып атырған шахсларды – «Бирден-бир миллий мийнет системасы» уйымлараралық программалық-аппарат комплексинде, физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығы есап-санақ ҳәм мәмлекетлик статистика есабатларында;
жеке тәртиптеги исбилерменлер ҳәм олар жаллаған хызметкерлер, сондай-ақ, өзин-өзи бәнт еткен шахслар ҳәм дийқан хожалықларында бәнт болғанлар – Мәмлекетлик салық комитетиниң мәлимлеме базасында;
өнерментлер – «Өнермент» ассоциациясының мәлимлеме базасында;
ҳақы төленетуғын жәмийетлик жумысларда бәнт болғанлар ҳәм кәсип-өнерге оқып атырғанлар – Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигиниң «Бәнтлик хызмети» мәлимлеме системасында;
сырт мәмлекетлерге ўақтынша мийнет етиў ушын кеткен шахслар – Сыртқы мийнет миграциясы агентлигиниң «Labour migration» мәлимлеме системасында ҳәм Ишки ислер министрлигиниң мәлимлеме базасында;
жеке меншик қыйтақ жер участкаларында бәнт болған пуқаралар – Қаржы министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Пенсия қорының мәлимлеме системасында ҳәм Мәҳәлле кесиминде ислесиў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў агентлигиниң мәлимлеме базасында;
өзлерине ажыратылған аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкаларында бәнт болғанлар – Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм Мәмлекетлик салық комитети жанындағы Кадастр агентлигиниң мәлимлеме базасында;
өндирис кооперативлеринде ҳәм жумысты үйге алып ислеў (үй мийнети) менен бәнт болғанлар – Мәҳәлле кесиминде ислесиў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў агентлиги мәлимлеме базасы ҳәм Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигиниң «Бәнтлик хызмети» мәлимлеме системасында;
үй шараятында пилле жетистириў, жипек гезлеме, қолда жипек гилем тоқыў менен шуғылланатуғын ҳәм жеке меншик қыйтақ жер участкасында тут мийўеси ҳәм нәл жетистиретуғын шахслар – «Өзбекпиллесанаат» ассоциациясының мәлимлеме базасында;
бир мәртелик ҳәм мәўсимлик жумысларды орынлаўшылар, исбилерменлик субъектлерине жәрдем беретуғын шаңарақ ағзалары ҳәм шаңарақлық кәрханаларда бәнт болғанлар – Мәҳәлле кесиминде ислесиў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў агентлиги мәлимлеме базасы, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигиниң «Mening ishim» буйыртпалар биржасы онлайн-майданы ҳәм Мәмлекетлик салық комитетиниң мәлимлеме базасында;
район (қала)лық халықтың бәнтлигине жәрдемлесиў орайлары тәрепинен дизимге алынған жумыссыз пуқаралар – Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигиниң «Бәнтлик хызмети» мәлимлеме системасында жүргизиледи.
- Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги үш ай мүддетте:
Мәмлекетлик салық комитети, Мәмлекетлик статистика комитети ҳәм тийисли министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте «Бирден-бир миллий мийнет системасы» уйымлараралық программалық-аппарат комплексиниң усы қарардың 7-бәнтинде көрсетилген мәлимлеме дәреклери менен интеграцияланыўын;
«Бирден-бир миллий мийнет системасы» уйымлараралық программалық-аппарат комплексинде топланған мағлыўматлар тийкарында Өзбекстан Республикасы мийнет ресурслары балансын қала ҳәм районлар кесиминде ислеп шығылыўын тәмийинлесин.
- Жаслар ислери агентлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәм Халық билимлендириў министрлигиниң «Жаслар дәптери» платформасында «Питкериўшилердиң бәнтлиги» функционалын енгизиў ҳәм бул арқалы улыўма орта, профессионал ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелери питкериўшилериниң үш жыл даўамындағы бәнтлик жағдайын мониторинг етиў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Жаслар ислери агентлиги менен биргеликте бир ай мүддетте «Жаслар дәптери» платформасының тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың мәлимлеме системалары ҳәм ресурслары менен интеграцияланыўын тәмийинлесин.
- «Өз келешегиме өзим инвестор» жойбары шеңберинде 2023-2024-жылларда мийнет уйымлары тәрепинен сырт елден қайтып келген мийнет мигрантларына көрсетилетуғын хызметлердиң прогноз көрсеткишлери 5-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги (Н.Хусанов), Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (И.Норқулов) ҳәм Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) мийнет миграциясынан қайтып шахслардың бәнтлигин тәмийинлеў, соның ишинде, оларды турақлы ҳәм ўақтынша жумысларға жайластырыў, исбилерменликке тартыў, кәсип-өнерге оқытыў ҳәм нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленген субсидияларды ажыратыў бойынша зәрүр илажларды көрсин.
- Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги ҳәм Мәмлекетлик салық комитети Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы менен биргеликте:
рәсмий емес мийнеттиң инсан өмири ҳәм денсаўлығы, социаллық қәўипсизлиги, жумыс қәбилетиниң сақланыўына унамсыз тәсири, оларда мәмлекетлик пенсия тәмийнатына болған ҳуқықты беретуғын жумыс стажының қәлиплеспеўи бойынша;
«Өз келешегиме өзим инвестор» жойбары шеңберинде сырт елден қайтып келген ҳәм өз бизнесин жолға қойып, нәтийжели мийнет етип атырған исбилерменлердиң жумысы ҳаққында видеороликлердиң ислеп шығылыўы ҳәм ғалаба хабар қуралларында, рәсмий веб-сайтларда, социаллық тармақларда көрсетип барылыўын шөлкемлестирсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарларына 6-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
- Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министри Н.Б.Хусанов белгиленсин.
Қарардың орынланыўын қадағалаў, орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2022-жыл 30-август