Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 28-январьдағы «2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы ҳаққында»ғы ПП-60-санлы Пәрманына муўапық, сондай-ақ, республикада тоқымашылық санатындағы маман кадрларға болған талапты қанаатландырыў мақсетинде:
- Наманган қаласында Наманган тоқымашылық санааты институты (кейинги орынларда – Институт) шөлкемлестирилсин.
Институтта оқыў процеси 2023-2024-оқыў жылынан басланатуғыны ҳәм кредит-модуль системасы тийкарында шөлкемлестирилетуғыны белгиленсин.
- Төмендегилер Институттың тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
тоқымашылық санааты тармақлары ушын мийнет базарында бәсекиге шыдамлы, жоқары маманлыққа ийе жоқары мағлыўматлы ҳәм илимий-педагог кадрлар таярлаў, сондай-ақ, қәнигелерди қайта таярлаў және олардың маманлығын арттырыў;
билимлендириў бағдарламаларын жетекши сырт ел жоқары билимлендириў шөлкемлери менен биргеликте, соның ишинде, қоспа билимлендириў бағдарламалары тийкарында енгизиў ҳәм илимий изертлеўлер алып барыў;
билимлендириў менен өндиристиң интеграциясын күшейтиў, тараў шөлкемлеринде студентлердиң маманлық әмелиятын жолға қойыў, кафедра филиалларын ҳәм профессор-оқытыўшылардың стажировкасын шөлкемлестириў;
оқыў процесин студентлерде еркин билим алыў, системалы таллаў, дөретиўшилик пикирлеў ҳәм әмелий, соның ишинде, исбилерменлик көнликпелерин раўажландырыўға бағдарлаў;
оқыў процесине алдынғы сырт ел тәжирийбесин, соның ишинде, заманагөй билимлендириў технологияларын енгизиў, ашық мәлимлеме-билимлендириў орталығын тәмийинлеў;
илимий-педагогикалық потенциалды арттырып барыў, соның ишинде, профессор-оқытыўшылардың стажировкасын ҳәм маманлық арттырыўын абырайлы жергиликли ҳәм сырт ел жоқары билимлендириў шөлкемлери ҳәм илимий-изертлеў орайларында шөлкемлестириў.
- Институтта билимлендириў процеси абырайлы сырт мәмлекетлердиң жоқары билимлендириў шөлкемлери менен биргеликте, соның ишинде, қоспа билимлендириў бағдарламалары тийкарында шөлкмелестирилетуғыны белгиленсин.
Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги Президент билимлендириў агентлиги, «Өзтоқымашылықсанаат» ассоциациясы ҳәм «Өзбекстан пахта-тоқымашылық кластерлери» ассоциациясы менен биргеликте;
а) 2023-2024-оқыў жылына шекем тоқымашылық санааты раўажланған сырт мәмлекетлердиң жоқары билимлендириў шөлкемлерин шерик сыпатында белгилеп, Институттың билимлендириў процесин заманагөй оқыў бағдарламалары тийкарында шөлкемлестирсин;
б) 2023-2024-оқыў жылынан баслап:
Институттың профессор-оқытыўшылары, докторантлары ҳәм магистрантларын сырт мәмлекетлердиң жетекши жоқары билимлендириў шөлкемлерине илимий стажировка ҳәм маманлық арттырыўға жибериў илажларын көрсин;
Институт студентлериниң танысыў ҳәм маманлық әмелиятын сырт ел ҳәм жергиликли ири тоқымашылық кәрханаларында өтеў системасын енгизсин;
Институт студентлериниң пәнлерди өзлестириў көрсеткишин ҳәм профессор-оқытыўшылардың жумыс нәтийжесин халықаралық стандартлар тийкарында баҳалаў системасын енгизсин;
в) 2024-2025-оқыў жылына шекем Институт жанында тоқымашылық технопаркиниң жумысын жолға қойсын.
Онда, Технопарк:
Наманган ўәлаяты ҳәкимлиги тәрепинен тартылатуғын халықаралық шөлкемлердиң грантлары ҳәм потенциаллы инвесторлардың қаржылары есабынан, соның ишинде, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында шөлкемлестириледи;
Институт шөлкемлестириўшилигинде жуўапкершилиги шекленген жәмийет түринде шөлкемлестириледи ҳәм оған технологиялық өнимлерди ислеп шығарыўды жолға қойыў ҳәм коммерцияластырыў ҳуқықы бериледи;
хожалық жумысынан алынатуғын дәраматлар, грантлар, қәўендерлик қайырқомлықлары, Институттың бюджеттен тысқары қаржылары ҳәм нызамшылық ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан қаржыландырылады;
г) 2026-2027-оқыў жылына шекем Институттың кеминде 2 бакалавриат тәлим бағдары ҳәм 3 магистратура қәнигелигиниң халықаралық тән алынған шөлкемлер аккредитациясынан өткерилиўин тәмийинлесин.
- Институт қурамында төмендегилер юридикалық тәреп статусысыз шөлкемлестирилсин;
Тоқымашылық гезлемелери технологиялары ҳәм оларды изертлеў және Бояў-пардозлаў процесслери технологиялары ҳәм оларды изертлеў лабораторияларынан ибарат тоқымашылық тараўында илимий-изертлеў жумысы менен шуғылланатуғын Алдынғы тоқымашылық қәнигелиги мектеби;
билимлендириў процесинде ҳәм оннан тысқары ўақытларда студентлерге заманагөй липас көринислерин жаратыў имканиятын беретуғын Дизайн студиясы;
илимий-изертлеў жетискенликлерин коммерцияластырыў ҳәм жаңа қолланба ҳәм технологияларды әмелиятқа енгизиў менен шуғылланатуғын Инновациялар ҳәм технологиялар трансфери орайы.
- Институтқа төмендеги ҳуқықлар берилсин:
халықаралық тән алынған шөлкемлердиң әмелдеги рейтингинде жоқары билимлендириў мәкемелери арасында биринши 1000 лыққа кирген сырт ел жоқары билимлендириў мәкемесиниң бағдарламасы тийкарында өз билимлендириў бағдарламаларын қәлиплестириў;
жумыс бериўшилердиң талаплары тийкарында оқыў режелериндеги теориялық билимлендириўдиң үлесин қысқартыў ҳәм әмелий сабақлардың көлемин арттырыў, жоқары курс студентлери ушын ҳәптелик оқыў сабақларын «4+2» тәртибинде шөлкемлестириў;
Институт жумысының бағдарлары бойынша шәртнама тийкарында мәсләҳәт ҳәм эксперт аналитикалық хызметлер көрсетиў ҳәм илимий-изертлеў ҳәм инновациялық хызмет көрсетиўши кәрханаларды шөлкемлестириў;
билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў процесине сырт ел қәнигелерин тартыў және оларға мийнет базарының әмелдеги конъюнктурасын есапқа алған ҳалда, Институттың бюджеттен тысқары қаржылары есабынан айлық мийнет ҳақы ҳәм басқа да төлемлерди белгилеў ҳәм төлеў;
профессор-оқытыўшыларды оқыў-методикалық, илимий-изертлеў жумыслары ҳәм «устаз-шәкирт» системасы бойынша орынлаған жумысларының нәтийжеси бойынша хошаметлеп барыў.
- Төмендегилер:
2023-2026-жылларда Наманган тоқымашылық санааты институтын раўажландырыў ҳәм материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша илажлар бағдарламасы 1-қосымшаға муўапық;
Наманган тоқымашылық санааты институтын 2026-жылға шекем раўажландырыўдың мақсетли көрсеткишлери 2-қосымшаға муўапық;
Наманган тоқымашылық санааты институтында шөлкемлестирилетуғын бакалавриат тәлим бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлериниң дизими 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Институт юридикалық тәреп статусына ийе болған мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемеси есапланатуғыны ҳәм Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги системасында жумыс алып баратуғыны;
Институтқа студентлерди мәмлекетлик грант тийкарында қабыллаў параметрлери ҳәр жылы тастыйықланатуғын жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаўдың мәмлекетлик буйыртпасы шеңберинде анықланатуғыны;
2023-2024-оқыў жылынан баслап Наманган инженерлик-технология институтына тоқымашылық санааты бойынша бакалавриат ҳәм магистратура басқышларында кадрлар таярлаў бойынша ажыратылатуғын мәмлекетлик буйыртпа квотасы Институтқа бағдарланатуғыны;
Наманган инженерлик-технология институтының тоқымашылық санааты тәлим бағдарлары ҳәм қәнигеликлер бойынша билим алып атырған студентлердиң оқыўы Институтқа көширилетуғыны;
Институт жумысы Мәмлекетлик бюджет қаржылары, студентлерди төлемли-контракт тийкарында оқытыўдан түсетуғын қаржылар, хожалық жумысы ҳәм шәртнама тийкарында хызметлер көрсетиўден түсетуғын қаржылар, қәўендерлик қайырқомлықлары ҳәм грантлар және нызамшылық ҳүжжети менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан қаржыландырылатуғыны;
Наманган инженерлик-технология институтының тоқымашылық оқыў лабораториясының үскенелери Институт балансына өткерилетуғыны белгиленсин.
- Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги:
а) 2023-2024-оқыў жылына шекем:
Институтты таңлаў тийкарында өндирис шөлкемлери, жоқары билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў мәкемелеринде үлкен илимий ҳәм (ямаса) әмелий тәжирийбе арттырған қәнигелер, тийкарғы түрде, илимий дәрежеге ийе болған жоқары маман кадрлар менен толықтырыў илажын көрсин;
Сыртқы ислер министрлиги менен биргеликте халықаралық абырайлы жоқары билимлендириў шөлкемлеринде жумыс алып баратуғын сырт елли ҳәм (ямаса) сырт елде жасайтуғын ўатанлас профессор-оқытыўшыларды шәртнама тийкарында оқыў ҳәм Алдынғы тоқымашылық инженерлиги мектебиниң илимий-изертлеў процесслерине тартыў илажларын көрсин;
Экоомикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги менен биргеликте Институт қәнигелескен факультет ҳәм кафедраларының сәйкес бағдарлары бойынша мәмлекетлик үлеске ийе ири тоқымашылық кәрханалары менен бирге ислесиўин жолға қойыў бойынша «жол картасы»н тастыйықласын;
б) Институттың илимий потенциалын арттырыў мақсетинде:
Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги менен биргеликте тийисли магистратура қәнигеликлери бойынша Институт ушын кадрларды мақсетли таярлаў;
Инновациялық раўажланыў министрлиги менен биргеликте белгиленген тәртипте Институт таяныш докторантурасына тийисли қәнигеликлер бойынша қабыллаў квоталарын белгилеў илажларын көрсин.
- Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен бирге тастыйықланған жойбарлаў-смета ҳүжжетлерине тийкарланып Институт ушын жаңа оқыў имаратлары ҳәм студентлердиң турақ жайын қурыў және оларды үскенелеў, Институттың имарат ҳәм объектлериниң реконструкциялаў жойбарлары 2023-жыл ҳәм келеси жылларға мөлшерленген Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў бағдарламаларына белгиленген тәртипте киргизилиўин тәмийинлесин.
- Институтқа Наманган қаласы, «Гүлабад» МПЖ, Қубла айланба жол көшеси, 17-жай мәнзилинде жайласқан Наманган исбилерменликти шөлкемлестириў техникумының имарат ҳәм объектлери тийисли аймағы менен биргеликте оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында бийпул берилсин.
- Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри А.Х.Тошкулов ҳәм Наманган ўәлаяты ҳәкими Ш.Ш.Абдуразаков белгиленсин.
Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи О.Қ.Абдурахмановқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2022-жыл 5-октябрь